Жыйған тергенлерин тойға гизнеген,
Нан дуз берип жақсы досты излеген,
Периштедей ҳақ жолынан безбеген,
Жақсы нийет ойлары бар халқымның.
Мерекеси мәслаҳатсиз болмаған,
Дайы-жийенлерге пәтек жоллаған,
Сәтин бер деп тилек-тилеп Алладан,
Жақсы нийет тойлары бар халқымның.
Айтылған «Той десе қуўбас жумалар»,
Қәйин-күйеў мерекеде сыналар,
Бәршеси жәм болып бий ҳәм ағалар,
Татыўлықта тойы өтген халқымның.
Қонақ келсе қушақ ашып қол берген,
Қуда-қудағайға қонық жай берген,
Кеўли кешпей сойыслыққа қой берген,
Сақый-сақаўаты толы елимниң.
Майсөк берип нан дәстүрхан аштырған,
Орталыққа той палаўын астырған,
Палўан тутып жолларға ат шаптырған,
Шады-қуррам тойлары бар елимниң.
Келиншек бас ийип атлаған есик,
Бийпатпа пирлери яр болғай десип,
Төринде тербелсин бөкели бесик,
Ҳақ нийетли тилеги бар халқымның.
Бет ашарға сөз шеберин таңлаған,
Таўар ушын мийўе ағашға байлаған,
Мурындық атасын сынап сайлаған,
Қуп, ажайып дәстүри бар халқымның.
Жаслар тойы гүмбирлеген саз бенен,
Қызлары салланып ойнар наз бенен,
Бақсы қосық айтар хош ҳаўаз бенен,
Кеўилге йош берген тойы халқымның.
Ел-қәде той шәршемби күн сәнеси,
Күйеў келсе қалта қараў бәнеси,
Кемпир өлди, шабдырма, көпир қәдеси,
Әжеп-әжеп салты бар-аў халқымның.
Күйеўди Пайғамбар сыйлаған десер,
Сулыў қурақ көрпеше астына төсер,
Сатып алдым десе алыпта кетер,
Жарасықлы дәстүри бар журтымның.
Той Алланың ғәзийнеси шараплы,
Ул-қызының тойын көрсин талаплы,
Сүннет той, шашыў той, орны санақлы,
Нийети жолдасы болсын халқымның.
Зуўаласы Туран жери торпағы,
Сак, Массагет қәўиминиң урпағы,
Өзбеги, қазағы, қарақалпағы,
Мәңги дослық жүрегинде халқымның.
Аўылым аралас қойым қоралас,
Тилине түсинер дилмаш сорамас,
Тойларын өткерген заманына мас,
Тилеги бир, нийети пәк халқымның.
Бабамлардың ақ түйеси шөккен жер,
Ата ақлықына тумар таққан жер,
Алла тилегине мол-көл суўын бер,
Суўы болса алтын өнген жеримниң.
Салт-дәстүрин қәстерлеген елатым,
Ана топырағым тирек саўлатым,
Тилегиңде сен деп жасар әўладың,
Теберик жер ҳүждан ары халқымның.
Қарақалпақ жасар Арал бойында,
Намалар жаңласын шадлы тойында,
Бир қосық арнадым ҳамал айында,
Жүргим келер тойларында халқымның.
Еркинликтиң шарапаты қарасқан,
Тыныш елге той-мереке жарасған,
Табыслары-табысларға уласған,
Шадлықлары бақый болғай халқымның.
Базарбай Нажимов,
Шымбай районы.
