ТАБЫСЛАР АЛҒА ЖЕТЕЛЕЙДИ

“Мектепти өзгертпестен турып, инсанды, жәмийетти өзгертип болмайды, билим ҳәм тәрбияның тийкары, тырнағы бул – мектеп, мектепти-мектеп қылатуғын күш болса – оқытыўшы болып табылады” дегениндей келешегимиз болған жас әўладтың камалы жолында устазлардың пидайылық хызметлери айырықша орын тутатуғынлығын жақсы билемиз.
Соның ушында Президентимиз мектеп билимлендириў тараўын раўажландырыўға, оқытыўшылардың қәдир-қымбатын асырыўға, жас әўлад тәрбиясында заманагөй шараятларды жаратып бериўге үлкен итибар қаратып атырғанының гүўасы болып отырмыз.
Мен билим берип атырған Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мектепте оқыўшылардың билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Итибар ҳәм имканият бар жердеги табысларға көз жуўыртсақ, бизиң мектебимиз билим көрсеткиши бойынша район көлеминде бириншиликте турғаны сыр емес. Әлбетте, бунда мектебимиздиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшылары өзлериниң салмақлы үлесин қосып келмекте.
Заманагөй технология ҳәм қураллар жүдә кең тарқалған бүгинги күнде оқыўшыларды китап оқыўға қызықтырыў, оларды усы қайырлы иске тартыў ең әҳмийетли мәселе болып қалмақта. Бул ўазыйпаны орынлаўда ең дәслеп әдебият пәни оқытыўшысы китапқумар болып оқыўшылары қәлбинде китапқумарлық қәбилетин оята алыў керек деп ойлайман.
Сондай-ақ, буннан басқада билимлендириў тараўында қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар себепли дизимде көплеп өзгерислер көзге тасланбақта. Солардың бири Пән олимпиадаларындағы өзгерислер муғаллим ҳәм оқыўшыларды ҳәр тәреплеме рухландырып жиберди.
Мен ушын 2019–2022-жыллар әўметли жыл болып, оқыўшым Айзада Тилеўова 2019-жыл 8-11-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өткен пән олимпиадасының IV басқышында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен сыйлы I орынды ийелеп, Жоқары оқыў орнына имтихансыз студент болыў бахтына миясар болды.Ҳәзирги ўақытта ҚМУдың қарақалпақ тили ҳәм журналистика факультетиниң 3-курс студенти.
Олимпиаданың III басқышы жеңимпазларын ақшалай сыйлықлаў, төрешилер ҳәм педагог тренер оқытыўшылар ушын ис ҳақы берилиўи жолға қойылды. Сондай-ақ тийкарғы Пән олимпиадасының IV (республикалық) басқышында жеңимпаз болған оқыўшылардың муғаллимлери 1-орын ең кем ис ҳақының 50 барабары, 2-орын ушын ең кем ис ҳақының 35 барабары, 3-орын ең кем ис ҳақының 30 барабары муғдарындағы бир мәртелик ақшалай сыйлықлар алыўы нәзерде тутылған.
Усындай бахытқа ылайық болғанлардың ишинде өзим ҳәм оқыўшымның барлығы үлкен қуўаныш болды. Атап айтқанда, III басқыш Пәнлер олимпиадасында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен 9-класс оқыўшым Жақсылықова Марина Жеңис қызы сыйлы II орынды ийелеп, ең кем ис ҳақының 4 барабары муғдарында ақшалай сыйлықланған болса, 11-класс оқыўшым Куанышбаева Улбосын Аймурза қызы сыйлы I орынды ийелеп, ең кем ис ҳақының 6 барабары муғдарында ақшалай сыйлықланып, IV басқышқа жоллама алды ҳәм Өзбекстан Республикасының Наўайы қаласында өткерилген IV басқыш Пәнлер олимпиадасында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен сыйлы I орынды ийелеп, 3 млн 600 мың сум ақшалай сыйлық ҳәм қәнигелик пәни тийкарында Жоқары оқыў орнына кириў имтиханларында максимал балл алыў ҳуқықын бериўши сертификат пенен сыйлықланды.
Мен тәжирийбем даўамында ҳәр бир оқыўшыны қәбилетине қарап ис тутаман, сабақ берип атырған ҳәрқандай муғаллим өз тараўын жақсы билиўи, ҳәрдайым излениўде болып, өз үстинде көбирек ислеп жаңалыққа умтылып жасаўы керек. Мектебимизде метод бирлеспе баслығы сыпатында жас оқытыўшыларға жол-жоба ҳәм көрсетпелер берип, сабақ процессин гүзетип бараман.
ХХI әсир – ғалаба информациялық технологиялар әсири, мектебимизде сынаў нәтийжесинде өткерилетуғын ПИСА, ПИРЛС Халықаралық баҳалаў дәстүрин енгизиўге таярлық, Өзбекстан Республикасының 2022-жылда Халықаралық баҳалаў дәстүрлеринде қатнасыўы бизге және де күшли жуўапкершилик жүклемекте. ПИСА бойынша түсиндириў көлеминде оқыўшылардың ашық сораўларына берген жуўапларын кодластырыў бойынша 2021-жылы 14–19-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өткен тренингте қатнасып сертификатқа ийе болдым.
Табысымның түп-тийкары мектебимнен басланып, шәкиртлеримниң жетискенликлеринен рухланып, ўатанымның раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғанымнан бахтиярман.

Райхан Сагидуллаева,
Қараөзек районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими, Өзбекстан халық билимлендириў ағласы.