Соңғы ўақытлары қалалылар өзлериниң кишкене қыйтақ жеринен-ақ исбилерменлик пенен шуғылланып, үлкен дәрамат дерегин таўып атырған шаңарақлар көпшиликти қурайды. Нөкис қаласындағы 23-санлы Қумаўыл мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Гүлнара Маңғытбаева усы елаттағы белгили исбилерменлердиң бири.
Алдынлары үйбийкеси болып, перзентлериниң тәрбиясында отырды. Бир жас шаңарақтың басынан қандай қыйыншылықлар өтетуғын болса, олар да сол жолларды басып өтти. Имарат көтерип, жайына кирди.
Әсте-ақырын әтирапын да абаданластырды. Хожалықтың кемис-қутығын тәмийинлеўге өзиниң үлесин қосып барды. Ҳүкиметлик жумыста болмағаны менен үй қапталы қыйтақ жерине егин егип, таўық сақлады. Бийталап отырыў оның тәбиятына жат нәрсе.
– Өз исбилерменлигимди 2016-жылы “Ҳәр бир шаңарақ исбилермен” дәстүри тийкарында Асака банкинен 33 миллион кредит алып басладым. Саўын сыйыр алып сақладым. Соң сүт бериўши ешкилер әкелдик. Мийнетинен қашпасаң, рәҳәтине ерисесең. Күтимин берип, бағып әстен-ақырын пайдасын көре басладық.
2022-жылдан баслап таўық алып сақлап атырман. Базарда турақлы қарыйдарларым бар. Шаңарақлық исбилерменликтиң перзентлеримиздиң тәрбиясына да жақсы тәсири бар екен. Олар да оқыўдан бос ўақытлары маған көмеклеседи. Бағшылық пенен де шуғылланамыз. Өмирлик жолдасым Полат Қалжанов пенен жер алып жүз түп ҳәр қыйлы мийўе тереклер ектик.
Барлығы да дәрамат дереги. Келин түсирип, қыз узаттық. Ақлықларымыз бар. Қоңсы-қобаларым да ҳүрмет етеди. Көшемиз ҳаял-қызларына басшылық етемен,–дейди Гүлнара Маңғытбаева. Базарларымыздың толы болып, арзанластырылған азықаўқат ярмаркаларымыз да усындай исбилерменлердиң үлкен үлеси бар.
Шаңарақлық исбилерменлердиң мал бағыў ҳәм таўық сақлаў ушын кең жазық далалары болмаса да, әжайып мийнет үлгисин көрсетип көпке үлги болып киятырғанлығы мақтаўға арзыйды. Олар мәмлекетимиз тәрепинен билдирилген исенимге ылайықлы ислери менен абадан турмысымыз жаратыўшылары.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА, өз хабаршымыз.
