Усы жыл 31- август күни қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президентимиз пәрманында атап өтилген қосымша жеңилликлер ҳәм республикамызды раўажландырыў бойынша атап өтилген ўазыйпалар, мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақста
нда жасаўшы ҳәр бир инсанға көрсетилип атырған үлкен итибары, ғамқорлығы ҳәм беккем исеними деп қабыл етиўимиз керек.
Пәрманда атап өтилгениндей, исбилерменлик субъектлерине қолай шәраятлар жаратыў, усы арқалы халық турмыс абаданлығын жақсылаў мәқсетинде Қарақалпақстан Республикасында пайда салығы ставкасы 15 проценттен 7,5 процентке кемейтилиўи, айланба салық ставкасы Нөкис қаласында 4 проценттен 2 процентке, районларда 2 проценттен 1 процентке, алыс аймақларда болса 1 проценттен 0,5 процентке, мал-мүлк ҳәм жер салығы ставкалары 2 есеге кемейтилиўи сыяқлы берилип атырған жеңилликлер, халық абаданлығы жолында ҳәрекет етип атырған исбилерменлер ҳәм пуқараларымыз ушын оғада әҳмийетли жеңиллик.
Пәрман менен қыс мәўсимин қосымша шығынсыз өткериў ушын ҳәр бир кем тәмийинленген шаңараққа базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пулларының берилиўи, өз нәўбетинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы мудамы мәмлекет итибарында екенлигиниң бир көриниси есапланады.
Жаслар мәселеси олардың жақсы оқып, билим-илим ийелеўи мудамы мәмлекетимиз басшысының дыққат орайында болып келмекте.
2022-2023-оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем 6500 жаслардың ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилетуғынлығы, республикамыз жаслары ушын үлкен имканият есиклерин ашатуғынлығы анық.
2022-жыл 15-сентябрь сәнесинен баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылыўы, шексиз ҳүрмет ҳәм жоқары инсаныйлықтың әмелдеги көриниси есапланады.
Халқымыз әзелден жер менен тиллесип, өз ырысқы-несийбесин жерден өндириўди әдет қылған.
Демек биз сөз етип атырған пәрманда фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылатуғын, елатлы пунктке жақын ҳәм суў тәмийнаты жақсы болған аймақлардан резервке қайтарылған жер майданлары дийқан хожалығын шөлкемлестирген ҳалда овощ, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў ушын пуқараларға, бурынғысынан өзгеше тәризде, 2 гектарға шекемги өлшемлерде ашық электрон таңлаў арқалы 30 жылға ижараға берилиўи белгилениўи, жердиң баўрын ийдирип, ел дәстүрханын толтырыўды нийет еткен, маман дийқанларымыз ушын және бир имканият.
Сондай-ақ, мийўе, палыз егинлери, көк шөплер ҳәм дәрилик өсимликлер, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў ушын өним баҳасының 50 процентине шекем, бирақ гектарына 7 миллион сумнан артпаған муғдарда жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада, 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке кредитлер ажыратылыўы, жоқарыда сөз етилген жер майданларында өз дийқаншылығын жаңадан баслап атырған, ҳәр бир шаңарақ ушын үлкен жәрдем.
Жоллар еллер менен еллерди байланыстырып, мәмлекет экономикасының жоқарылаўында тийкарғы таяныш хызметин өтейди.
Пәрманда атап өтилгениндей А-380 «Ғузар –Бухара – Нөкис – Бейнеў» халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолының Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан өткен бөлегин реконструкциялаўға халықаралық финанс институтларынан 160 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар тартылады.
Бул өз гезегинде автомашина басқарыўшы пуқараларымыз, әсиресе жүк тасыўшы автомашина басқарыўшыларына үлкен қолайлық болса, елимиз раўажланыўына әҳмийетли негиз.
Тарийхта кәрўан сарайлар қурған халқымыз, жол бойынан өтиўши кәрўанлар ушын, түрли қолайлықлар жаратыўға, кәрўан ийелериниң мүшкилин жеңиллестириўге ҳәрекет еткен.
Бул бүгингидей раўажланған заманда жаңаша түсте әмелге асырылмақта.
А-380 «Ғузар –Бухара – Нөкис – Бейнеў» халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасы аймағынан өткен бир бөлеги бойлап жол бойы инфраструктурасы раўажландырылып, соның ишинде, саўда ҳәм сервис объектлери жайластырылыўы, барлық жол хызметинен пайдаланыўшылар ушын үлкен қолайлықлар жарататуғынлығы анық.
Халқымызда «Ис қуралың саз болса – машақатың аз болар» деген сөз бийкарға айтылмаған.
2023-жылдың ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасындағы фермер хожалықлары тәрепинен кеминде 200 жаңа жоқары өнимли комбинациялық техникаларды сатып алыў ушын субсидиялар ажыратылыўы, аўыл-хожалық жумысларында фермер-дийқанларымыздың жумыс өниминиң артыўына хызмет етеди.
Суў жердиң қаны ҳәм жаны, суў тиришилик негизи.
Әсиресе Қарақалпақстанда бүгин суўдың қәдири оғада бәлент.
Усыларды есапқа алып, пәрманда Қарақалпақстандағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер майданларын суўғарыў ушын тереңлиги 5 метрден артық болған ҳәр бир вертикал суўғарыў қудығын бурғылаў ҳәм иске қосыўға байланыслы қәрежетлерин қаплаўға қудықтың ҳәр бир метр тереңлиги ушын 100 мың сумнан, базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен аспаған муғдарда субсидиялар ажыратылыўы мәселесине итибар қаратылғанлығы, жерден утымлы пайдаланыўды мақсет еткен ҳәр бир шаңарақ ушын оғада әҳмийетли жеңилликлердиң бири.
Улыўмаластырып айтқанда мәмлекетимиз басшысының биз сөз еткен бул Пәрманы Қарақалпақстанда жасаўшы халықтың абаданлығын арттырыўдың және бир ҳуқықый негизи болып хызмет етеди.
Раўаж Отарбаев,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты.
