Президент пәрманының мазмуны және әҳмийети түсиндирилди

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасының социаллық, экономикалық, соның ишинде, өндирис ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик жумысын раўажландырыў. Сондай-ақ жоқары қосымша қунға ийе бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақтың экономикалық және социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди.

Бүгин, 6-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы Пәрманның мазмуны, әҳмийети ҳәм оннан келип шығып әмелге асырылатуғын ўазыйпаларға бағышланған илаж болып өтти.
Илажға профессор-оқытыўшылар, факультет деканларының орынбасарлары, тьюторлар ҳәм профилактикалық инспекторлар қатнасты.
Оған институт ректоры Байрамбай Өтемуратов қатнасып, Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектен тыс отыз төртинши сессиясында республикамызда исбилерменлик, аграр тараў, санаат өндириси ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қорғаў, билимлендириўди раўажландырыў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслардың әмелге асырылатуғынлығын белгилеп берип, усы тийкарда Пәрман қабыл етилгенлигин атап өтти.
Илажда институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қуўандық Қодиров усы Пәрманның мазмуны ҳәм әҳмийетин кең түрде түсиндириў мақсетинде презентация иследи.
– Қарақалпақстан Республикасының экономикалық тармақларында инновациялық процесслердиң жеделлесиўине ерисиў, ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақты жедел пәтлерде раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў ҳәм қолайлы агробизнес орталығын жаратыў, билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталының раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў, сондай-ақ, социаллық қорғаў бағдарламаларының қамтып алыўын кеңейтиў белгиленген, – деп атап өтти проректор.

Өткерилген илажда студент-жасларды турақ жай менен тәмийинлеў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мәселелери бойынша басланып атырған оқыў жылында әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды.
Усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде барлық тьюторлар ҳәм профилактикалық инспекторларға заманагөй планшетлер тапсырылды.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген сүўрети.