Аспан түнерип енди қабағымди ашпайман дейтуғындай, тәбият өз кәраматын көрсетип, жаўын бирден қуйып жаўды.
Бизлер де базардан енди қайтажақ едик.
Саат та түски 12:30 шамасы еди. «Енди үлгере алмаймиз», – деди ол гәп арасында. «Менде дурыс дедим» оны мақуллап.
Бизлердиң «Балалар емлеўханасында» әмелий сабағымыз бар. Яқшы онда бирге түслик қылып туўры оқыўға бара берейик, – дедим.
Екеўимиз базар ишиндеги асханаға кирдик. Адамлар көп.
Орын таўып отырдық. Жаўын жаўыўына қарамай сырттағы пирожки писирип турған ҳаял өз жумысын даўам еттирип атыр. Адамлар ашқа шыдамағандай мениң буйыртпам қәне?… меники қәне? – деп қолларын көтерип бақырысады.
Бизлердики де келди. Алдымызға әкелинген сомсаны жеп отырып, бизлерден бир метрдей узақлықта отырған бир қызға көзим түсти. Менимше 1-класс шамасы – деп, қойдым ишимнен.
— «Бол… не бунша тигилип қарадың?», танысың ба? – деди достым. – Ҳе, яғаў танысым емес. Ишимнен тап балалығымдағы өзиме уқсаған екен-деп қойдым.
Ол қыздың қасында әкеси де бар еди. «Қарның тойдыма, қызым»,-деди-күлип қарап. Бағанадан бери мен тигилип қарап отырғансын ба, қыздың көзи менде еди.
Қолындағы сомсаны 1-2 рет тислеп, «аўа» дегендей басын ийзеди.
— Яғаў, дурыслап жемей атырсаң, мынаны да жеп ал деп, өз тарелкасындағы сомсаны қызының тарелкасына салды.
Қыз меннен уялдыма ҳеш нәрсе демеди. Усы ўақыт мениң де балалықтағы әкемниң изинен қалмай базарға ерип барыўым, асханада әкем алдыма балықтың тикенин тазалап, ал же қызым, – деп қойған балық кеспеси елеследи.
Мен үйдиң генжетайы болған соң, әкем яки анамның изинен ол қаяққа барса сол жаққа ерип барғым келе беретуғын еди. Әкем жүдә меҳрибан, мениң еркелигимди, қыңыр ислеримди кеширип, кеўлимди қалдырмаўға тырысатуғын еди.
Арадан жыллар өтти. Мектепти питкерип, буннан еки жыл бурын медицина институтына ҳүжжет тапсырдым. Онда әкемниң «балам жолыңды алла ашсын» деп пәтия бергени көз алдыма келди. Бирақ, оның мениң оқыўға кириўиме гүманы бардай сезилген еди. Бирақ, тийкарында оқыўға киргенимди көрип, әкем қуўаныштан мени қушақлап, көзинен жас шығып кетти. Бул оның қуўаныш жаслары еди. Мине еки жылдан берли оқыўларым жаман емес, үлгерип атырман. Ҳәзир кишкене қызды көрип, әкемди жүдә сағынғанымды сезиндим.
Көзиме ериксиз жас келди… Бул сағыныш жаслары еди.
— «Болды турайық, жүр сабаққа кеш қаламыз», – деген достымның даўысы, ойларымды ериксиз бөлип жиберди. Сабақтан шыққанда әкеме қоңыраў етемен, – дедим ишимнен.
Ҳүрлиман Бердимуратова,
Қарақалпақстан медицина институты 2-курс студенти.
