Түн тыныш.., елеслейди өткен күн,
Өзи менен алып кетти қыяллар.
Тым тырыс.., сыбырлайды көктен жыр,
Жүрегимде бала сезим уялар.
Балалығым аппақ қардай пәк екен,
Онда дүнья, ертеклерде жүз берген.
Онда өмир гиршиксиз жәҳән екен,
Бүгин болса бәри, бәри өзгерген.
Ҳәтте, суӯығандай дослық ҳәӯири,
Ески татыӯлықты кеўил излейди…
Жетти жаңа өмир, жаслық дәўири
Сондадағы балалыққа жетпейди!!!
