Оқытыўшы-устазларға айрықша ҳүрмет

Журтбасшымыз жәмийетимиздиң раўажланыўында барлық тараў қәнигелерине айрықша дыққат көрсетип келмекте. Әсиресе, оқытыўшы-устазларға болған итибарын айрықша атап өтсек болады. θзиниң пүткил саналы өмирин жас әўладқа тәлим-тәрбия бериўге, оларды миллий ҳәм улыўма инсаный қәдириятлар тийкарында камалга келтириўге бағышлаған машақатлы кәсип ийелериниң мийнетине қанша миннетдаршылық билдирсек те аз.
Оқытыўшы-устазларды социаллық, ҳуқықый ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға зәрүр шараятлар жаратыў бойынша нызамшылықта көплеген жеңилликлер берилген.
1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.
Оқыўшылары Жоқары оқыў орынларына көп кирген мектеплер жетекшилери хошаметленеди.
Оқытыўшы болып ислеп атырған халықаралық олимпиадалар жеңимпазларына ҳәр ай белгиленген пайызларда үстеме төленеди.
Пенсия жасындағы оқытыўшылар нәўбеттеги аттестацияға киритилмейди
Инклюзив билимлендириў класслары оқытыўшыларына қосымша үстеме төленеди.
Аўыллық мектеплерде физикалық тәрбия оқытыўшысы болып ислеп атырған ҳаял-қызларға үстеме төленеди
PhD ҳәм оған теңлестирилген басқа илимий дәрежеге ийе қәнигелерге үстеме төленеди
Билим сыпаты төмен мектеплерде басқа аймақлардан келип сабақ берип атырған оқытыўшыларға арнаўлы үстемелер белгиленген.
Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республика олимпиада жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға пуллық сыйлықлар бериледи.
Спортшы-тренерлерге жеңилликлер бериледи.
Халық билимлендириў системасы педагог хызметкерлерге тутыныў кредитлери ҳәм автотранспорт сатып алыў ушын жеңиллетилген кредитлер бериледи
Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагноз жумысларын алып барғанлығы ушын қосымша ҳақы төленеди
Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәни оқытыўшыларына айлық үстемелер бериледи.
А. Алланиязов,
Тахтакөпир районы юридикалық хызмет көрсетиў орайы баслығы.