АЖЫРАСЫЎҒА АСЫҚПАҢ

Жәмийеттиң раўажланыўы биринши гезекте шаңарақтың беккем ҳәм бирлигине байланыслы болып, ондағы тынышлық ҳәм аўызбиршилик мәмлекетимиз келешегиниң тийкары.
Және де үш жыл ишинде институционаллық машқалаларды шешиўге қаратылған кѳплеген ҳүжжетлер қабыл етилди, бирақ ажырасыўлар дәрежеси ѳсиўди даўам етпекте, деди Журтбасшымыз.
Шаңарақлық ажырасыўлар мәселеси бүгин ямаса кешениң гәпи емес. Бул бағдарда жазылмаған гәп, оны басып шығармаған газета, тема жаратылмаған кѳрсетиў қалмады, десек қәтелеспеймиз. Айырым қәнигелерден сорасаңыз, «жойбарлар әмелге асырылып атыр, жарастырыў комиссиялары ислеп тур»дан арыға ѳтпейди. Лекин, бийгүнә нәрестениң тири жетим болыўы заманагѳй жәмийетте әдетий жағдайға айланып баратыр.
Психологлар тәрепинен «Шаңарақлық ажырасыўларға тийкарғы себеп не деп ойлайсыз?» сораўы менен ѳткерилген сораўнамаға дыққат қарататуғын болсақ, оған үрп-әдетлер, қәйин енениң келинге салық салыўы, күйеўдиң болса келин тәрепинен мүлк талап етиўи, келинлердиң тѳркинине «гәп тасыўы», телефон ҳәм социаллық тармақлар, жаслардың я пикирлеў, я пул табыў бойынша еркин емеслиги, жигитлердиң ѳз сѳзин ѳткериўге ҳәрекет етиўи, қызлардың болса «яқшы»дан жырақлығы, ѳз-ара ҳүрмет түсинигиниң жоқлығы, сабырсызлық, айыбын тән алмаслық сыяқлылар киреди.
Шаңарақлық ажырасыўларды талқылап кѳргенимизде шаңарақлардың жүзеге келип атырғанлығы менен болмақта. Шаңарақ аталмыш қорғанның беккемлиги ушын 3 сезим, яғный, меҳир, исеним ҳәм шыдамлылық суў менен ҳаўадай зәрүр.
Жаслар шаңарақ аталмыш муқаддес дәргай босағасына қәдем қояр екен, «Мен шаңарақ қурыўға таярман ба?» Шаңарағым беккем болыўы ушын нелер ислеўим керек?» сыяқлы сораўларға жуўап табыўы, еркин турмысқа бийпәрўа қарамаўы керек. Сонда ғана шаңарақта пайда болатуғын айырым унамсыз жағдайлардың алды алынады. Бахыт сарайының ирге тасы шыдам ҳәм мийнеттен тикленетуғынлығын жасларымыз жүректен сезиниўи керек. Ѳз үйинде бахытлы болған инсан ғана ҳақыйқый бахтияр инсанға айланады, үйде бахытты жаратыў болса аңсат емес. Бул сыяқлы түсиндириўлер тийкарында тәжирийбели аналарымыз шаңарақ психологиясы сабақларында жасларға сабақ бермекте.
Ҳәзирги ўақытта ПХАЖ уйымлары қасында «Шаңарақ» оқыў орайы шѳлкемлестирилип, оларда некелениўши жаслар ушын 1 айлық оқыў курслары ѳткерилмекте. Усы жерде бир сораў күнделең туўылады. 18-20 жыл даўамында шаңарақта сиңдирилмеген кѳнликпени 1 ай ишинде түсиндириўдиң имкани барма екен? Ҳәр бир кѳнликпени 1 ай ишинде түсиндириўдиң имкани барма екен? Ҳәр бир шаңарақта орталық, экономикалық ҳәм руўхый жағдай ҳәр қыйлы екенлигин дыққатан шетте қалдырыў керек емес.
Ҳүрметли ҳаяллар, ажырым ҳәм алимент пенен күйеўиңизди қорқытып, шаңарағыңызды ҳеш қашан беккемлей алмайсыз. Алимент пулы менен балаңызды баға алмайсыз, тәрбиялайсыз. Сиз ушын ең саўаплы ис-ҳәр қандай шараятта да шаңарағыңызды сақлап қалыў, тыныш-татыў жасаў. Ҳеш қашан балаңызды ѳзгениң қолына таслап, пул табыў ушын шаңарағыңыздан шығып кетпең. Келешекте балаңыз да пул табыў ушын сизди таслап, шаңарағыңыздан шығып кетиўи мүмкин. Ажырасқан күйеўиңиздиң 500 мың сум алимент пулынан гѳре, оның ҳәр күни үйиңизде тѳриңиздиң жарасығы болып отырғанында берекет бар.
Дилназ
БЕРДИМУРАТОВА,
Беруний районы, ПХАЖ бѳлиминиң 2-дәрежели инспекторы.