Ҳәммениң хабары бар Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл, 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрман қабыл етилген еди.
Усы Пәрманға түсиник бериўди ҳәм қалай орынланыўы керек екенлиги жѳнинде қысқаша мағлыўмат бериўин сорап, бизиң хабаршымыз Нѳкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығының биринши орынбасары Азатбай Қушекеевке мүрәжәт еткен еди:
– Пәрманның 2-а-бәнтинде Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында ҳәм сол аймақта ҳәрекет етип атырған исбилерменлик субъектлери ушын 2023-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекемги дәўирде:
– пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мал-мүлк салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң жер салығы бойынша салық ставкалары 50 процентке кемейтирилди;
– социаллық салық кемейтирилип, 1 процент муғдарындағы салық ставкасында белгиленди;
– жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен тѳленип атырған социаллық салық қалалар аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 12 есеге, районлар аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 6 есеге кемейтирилип, жылына базалық есаплаў муғдарының бири есеси муғдарында белгиленди.
Бунда, ири салық тѳлеўшилер, турақлы шѳлкемлер, бюджет шѳлкемлери ҳәм мәмлекетлик кәрханалар, устав қорында мәмлекет үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық тәреплерге усы салық жеңилликлери қолланылмаўы белгиленген.
Берилип атырған салық жеңилликлери нәтийжесинде Республика бойынша 19 534 исбилерменлик субъектлеринде 286,9 млрд. Сум қаржылар кәрхана ықтиярында қалыўы күтилмекте.
Атап айтқанда, пайда салығы ставкасын 15 проценттен 7,5 процентке пәсейтиў нәтийжесинде 2 719 исбилерменлик субъектлеринде жыллық 77,8 млрд. Сум қаржылар кәрхана иқтиярында қалыўы күтилмекте.
Мысалы, «Atiyaj Gu`lzar» ЖШЖниң бир жыл даўамында әмелге асырған реализациясы 40 млрд. сум, товар шийки ѳними ушын қәрежет 31 млрд. сум, ис ҳақы фонды ушын 5 млрд. сум, социаллық салық 0,6 млрд сум болып, жәми товардың ѳзине түсер баҳасы 36,3 млрд сумды қурайды. Пайда салығы базасы 3,4 млрд сумды (40-36,6 млрд) қурап, әмелдеги ставка бойынша (3,45-15 процент) 510 млн. сум пайда салығы есапланған болса, берилген жеңиллик нәтийжесинде (3,45-7,5 процент) 250 млн сум жәмийет ықтыярында қалмақта.
Нѳкис қаласы аймағында айланбадан алынатуғын салық ставкасын 4 пайыздан 2 пайызға түсирилиўи нәтийжесинде 2132 исбилерменлик субъектлеринде 12,1 млр сум қаржылар;
Басқа район аймақларында жайласқан исбилерменлик субъектлери ушын айланбадан алынатуғын салық ставкасын 2 пайыздан 1 пайызға түсирилиўи нәтийжесинде 7 034 исбилерменлик субъектлеринде 20,5 млрд сум қаржылар;
Сондай-ақ, алыс аймақларда (Қанлыкѳл, Мойнақ, Шоманай) искерлик жүритиўши исбилерменлик субъектлери ушын Айланбадан алынатуғын салық ставкасын 1 процент 0,5 процентке түсириў нәтийжесинде 839 исбилерменлик субъектлеринде 2,0 млрд сум қаржылар кәрхана ықтыярында қалыўы күтилмекте;
Мал-мүлк салығы ставкасын еки есеге кемейтиў нәтийжесинде 2 960 исбилерменлик субъектлеринде 24,0 млрд сум қаржылар кәрхана ықтиярында қалыўы күтилмекте.
Мысалы, «Atiyaj Gu`lzar» ЖШЖниң Нѳкис қаласында ийелигиндеги қалдық қуны 900 млн сумлық мал-мүлки бойынша 1,5 пайыз белгиленген ставкада (900 млн сум-1,5 процент) 13,5 млн сум салық есапланған болса, буннан былай (900 млн сум 0,75 процент) 6,7 млн сум салық тѳлейди.
Жер салығы ставкасын еки есеге кемейтиў нәтийжесинде 3 047 исбилерменлик субъектлеринде 64,9 млрд сум қаржылар кәрхана ықтыярында қалыўы күтилмекте.
Мысалы, «Atiyaj Gu`lzar» ЖШЖниң Нѳкис қаласында ийелигиндеги 1 га жер майданы бойынша 30,8 млн сум белгиленген ставкада (1 га-30,8 млн сум) 30,8 млн сум салық еапланған болса, буннан былай (1 га-15,4 млн сум) 15,4 млн сум тѳлеўи күтилмекте. Жәмийет ықтыярында 15,4 млн сум пул қаржылары қалаўы күтилмекте.
Соицаллық салық ставкасы 12 проценттен, 1 процентке кемейиўи нәтийжесинде 19 534 исбилерменлик субъектлеринде 85,7 млрд сум қаржылар ықтыярында қалыўы күтилмекте.
Мысалы, «Atiyaj Gu`lzar» ЖШЖ да жылына орташа 52 ислеўши хызметкерлерге 1 310,4 млн сум ис ҳақы фонды есапланып, әмелдеги ставка бойынша (1 310,4 млн сум-12 процент) 157,2 млн сум социаллық салық есапланған болса, буннан былай (1310,4 млн сум-1 процент) 13,1 млн сум салық тѳлейди. Жәмийет ықтыярында 144,1 млн сум қаржылар қалыўы күтилмекте.
Жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен тѳленип атырған социаллық салық қалалар аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 12 есеге, районлар аймағында ҳәрекет етип атырғанлар ушын 6 есеге кемейтирилип, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгилениўи нәтийжесинде 18 215 исбилерменлик субъектлеринде 27,0 млрд сум қаржылар исбилерменниң ықтыярында қалады.
Пәрманның 2-г-бәнтинде Мойнақ районындағы исбилерменлик субъектлери ушын нызамшылықтағы салық жеңилликлери кеңейтирилген дизими қолланылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл қылыныўы белгилеп қойлыған.
Яғный, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябрь күнги «Арал бойы аймағында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы менен белгиленген жеңилликлер сақлап қалынады.
Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет кѳрсетиў тараўындағы исбилерменлик субъектлери ушын пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, социаллық салық, жеке пуқаралардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша орнатылған салық ставкалары 1 пайыз етип белгиленген.
Пәрманның 6-бәнтинде Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм орта арнаўлы мектеп хызметкерлериниң, соның ишинде тәрбияшы ҳәм оқытыўшылардың, ис ҳақы ҳәм оларға есапланған социаллық салық тѳлемлери Ѳзбекстан Республикасы бюджетинен әмелге асырыў тәртиби сақлап қалыныўы белгилеп қойылды.
Пәрманның 7-бәнтинде тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасында халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў ҳәм республикадағы социаллық машқалаларды шешиў ҳәм де аўыр шараятлы аймақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2022-жыл 3-шеректен баслап 2024-жыл жуўмағына дейин ҳәр шерек жуўмағы менен қосылған күн салығы бойынша дәраматлар прогнозының асырып орынланған бѳлеги, толық Қарақалпақстан Республикасы ықтыярында қалдырылмақта.
Нәтийжеде жылына 50,0 млрд сумнан артық қаржылар Қарақалпақстан Республикасы бюджетинде қалыўы күтилмекте.
Мине, булардың бәри бизиң республикамыз ушын әдеўир муғдарда жеңилликлер туўдырып береди. Енди усы имканиятлардан нызам шеңберинде пайдаланыўды кәрхана, мәкемелердиң жуўапкерли хызметкерлеринен талапқа сай пайдаланыўды усыныс етемиз.
Жазып алған:
Ш.СИЙПАТДИНОВ.
