Халықтың жан басына есаплағанда тийкарғы көрсеткишлер қандай?

Республикамызда барлық тармақларда экономикалық реформалар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Мәмлекетлик бағдарламлардың орынланыўына, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға, халықты социаллық қорғаўға, аўылларды ҳәм елатлы пунктлерди абаданластырыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Республикамызда социаллық-экономикалық раўажланыўдың белгиленген прогнозлық көрсеткишлерине ерисиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
– 2022-жылдың 9 айы даўамында республикамыздың жалпы ишки өниминиң көлеми 21 триллион 167,8 миллиард сумды, өсим пәти 103,7 процентти қураған, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң бөлим баслығы Ф.Таджимуратов. – Санаат өнимлерин ислеп шығарыў 12 триллион 986,3 миллиард сумды қураған.
Халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, жан басына туўра келетуғын әҳмийетли өним ҳәм хызметлердиң төменлеўиниң алдын алыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, биринши ярым жыллықта халықтың жан басына есаплағанда, жалпы ишки өним 10802,7, санаат өнимлери 6627,2, халық тутыныў товарлары 1153,2, аўыл хожалығы өнимлери 4250,8, инвестициялар 3602,5, қурылыс жумыслары 1973,1, усақлап сатыў 3678,9, хызметлер 3796,4 мың сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда сезилерли дәрежеде артты.
Жалпы ишки өнимдеги киши бизнестиң үлеси 54,3 процентти қурайды.