Жақында 11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күни байрамы мүнәсибети менен Нѳкис қалалық Халық билимлендириў бѳлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшылары арасында ѳткерилген «Жас китапқумар» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў кешеси болып ѳтти.
Кешеге Ѳзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы баслығы З.Есенбаев, Ѳзбекстан
кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығының Жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Н.Алиев ҳәм басқа да тийисли тараў ўәкиллери қатнасты. Олар жеңимпаз оқыўшыларды қызғын қутлықлап, алдағы оқыўларында табыслар тиледи. Шѳлкемлестириўшилер тәрепинен ҳәр бир жеңимпазға 1 дәрежели диплом ҳәм жақында ғана баспадан шыққан «Үлкемиздиң әжайып адамлары» китабы саўға етилди.
Сыйлықлаў кешеси Нѳкис қалалық 27-санлы мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ж.Ембергенова,
Нѳкис қалалық, 30-санлы мектеп үгит-нәсиятшысы.
