Ҳаслың сениң ағаштандур,
Сѳйле дуўтар, сѳйле дуўтар.
Ҳәр бир миллеттиң ѳз миллий саз әсбаплары бар. Яғный, қазақ халқы домбырасын қәдирлеп үйлериниң тѳрине жоқарыға илдирип қойса, өзбек халқы ушын кәрнай-сырнай миллий мақтанышының белгиси.
Ал, қарақалпақ халқының ѳзине тән ѳзгешелигин нама ырғақларындағы парқы менен кѳрсетип бериўши саз-әсбап бул-дуўтар. Демек, дуўтар миллийлигимиздиң ҳаўазы, руўхый дүньямыздың суўсыны. Сонлықтан болса керек, қарақалпақ халқы дуўтар намасын еситсе сүйип тыңлайды, кеўиллери йошқа толады. Ата-бабаларымыздан мийрас қалған бул саз әсбапқа жасларымыздың қызығыўшылығы жоқары. Әсиресе, Кегейли районындағы 12-санлы мектепте дуўтар шертиўге қызығыўшы оқыўшы жаслардың кѳплиги тәсийин қалдырмақта. Мектепте белгиленетуғын ҳәр түрли илажлар, ушырасыўлар, байрам ҳәм әдебий кешелерде оқыўшылар дуўтарларын қолға алып саз шертип жыйналғанларға ѳзгеше кѳтериңки кейпият бағышламақта. Бул оқыўшылар усы аўылдан шыққан белгили Пирнияз бақсы ҳәм Жумамбет бақсылардың даўамшылары болып есапланады. Он бармағын дуўтар тарларында ойнатқан Шахрийзада Бекназарова, Элмира Алланиязова, Айжамал Жаңабаева, Қумар Қулмуратова, Зайтуна Қыдырбаева, Айсултан Арысланбаевалардың шерткен намалары кеўиллерге ѳзгеше йош бағышлап атырғанлығы «саў болың» деп атырған тыңлаўшылардың сѳзлеринен-ақ белгили. Дуўтар шерткен қолларыңыз талмасын, ҳаўазыңыз бәлент болсын, дуўтаршы қызлар.
Гүлбәҳәр АЙТМУРАТОВА,
Кегейли районы, 12-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.
