Қала ҳәм район орайларында бой тиклеп атырған саўлатлы имарат күн жаңалықлары болып турмысымызға кирип келмекте. Атап айтқанда, турақ жайлар, мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемлери, мектеплер, денсаўлықты сақлаў объектлери ҳәм жоқары оқыў орынлары имаратлары барлығының жаңаша түске ениўи халқымыздың абадан турмыс кешириўинде үлкен әҳмийетли орын тутады.
Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс Министрлигинде баспасѳз конфере
нциясы ѳткерилди. Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы А.Қурбанбаев ашып берди. Соң Қарақалпақстан Республикасы қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясы баслығы Б.Мадреймов «Қурылыста сапа ҳәм нәтийже» темасында баянат жасады. Соның менен бирге қала қурылысы ҳүжжетлери экспертизасы МУК филиалы бас қәнигеси Р.Серимбетов ҳәр қандай қурылыстың жойбар-смета ҳүжжетлери ҳәм олардың экспертизадан ѳткерилиўи ҳаққында кең түсиник берди.
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар шеңберинде әсиресе, ишки жолларда қурылыс оңлаў жумыслары ҳаққында сораўлар берилип, қәнигелер тәрепинен жуўап берилди.
Жумагүл
ЕМБЕРГЕНОВА.
