Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021- жыл 9-сентябрьде « Қәбилетли оқыӯшылар» арасында пән олимпиадаларын өткериӯ системасын жетилистириӯ ҳаққындағы қарарына тийкарланып билимлендириӯ тараӯында кеӊ имканиятлар жаратылып келинбекте. Мектебимизде оқыӯшыларға берилип атырған билим, тәртип-интизамныӊ жоқарылығы нәтийжесинде оқыӯшылар бәрқулла район, ҳәттеки, республика көлеминде де, көплеген нәтийжелерге ерисип киятыр. Бул сөзиме дәлил ретинде жақында ғана пәнлер олимпиадасыныӊ 9-10-11 класслар
арасында II районлық басқышы болып өтти. Бунда мектебимиздиӊ 10-класс оқыўшысы Шарапатдинова Шахноза химия пәнинен III орын жеӊимпазы деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды. Бул оқыӯшымыз өз теӊлеслери арасында билимге, илимге деген жоқары қызығыӯшылығы, излениӯшеӊлиги менен ажыралып турады. Ол өз устазы берген тапсырмаларды өз ӯақтында орынлап, өз үстинде тынбай изленип, пәнлер олимпиадасыныӊ III Республикалық басқышында химия пәнинен II орынды ийелеӯге мияссар болды. Өз гезегинде таярлаған муғаллими Малика Сейтниязованыӊ хызметлери айрықша екенлигин айтып өтпекшимен. Оқыӯшымызға оқыӯларына табыс, келешекте елимиздиӊ раӯажланыӯына үлес қосатуғын перзент болып жетилисиӯине тилеклеспиз. Шахноза қызымызды бундай жоқары жетискенлиги менен мақтаныш етемиз.
Жулдыз ОҢҒАРБАЕВА,
Кегейли районы, 55-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.
