АНА ТИЛИМИЗГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Қоңырат районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1-декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилиўине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим» атлы байрам кешеси болды.
Илажда миллий аяқ ойынлар, айтыслар, қосықлар айтылды. Байрам кешеси көтеринки руўхта болып өтти.
Тил инсанлардың өз-ара байланыс қуралы болып, жаратыўшының инсанға берген бийбаҳа байлығы, биз ҳәмийше халқымыздың тәғдири, ертеңги күни ҳаққында ойлағанымызда, дәслеп, миллетимиздиң тийкарғы пазыйлетлери, гөззал үрп-әдетлеримиз, әдебиятымызды, ҳәм де әлбетте ана тилимизди көз-қарашығымыздай сақлаўымыз керек.Кешеге Қоңырат районы ҳәкиминиң тил мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Р.Айбергенова, Қарақалпақстан Республикасы руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша Қоңырат районы бөлими баслығы Ж.Өсербаев қатнасты. Кешеде ана тилимиз ҳаққында терең мәнили баянатлар тыңланды. Қосық ҳәм тақмақлар атқарылды.

А.Сабырова.
Қоңырат районы, 1-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.
А.Нарбаев.
усы мектептиң дѳретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.