КЕЎИЛЛЕРИНЕ ШАДЛЫҚ ИНӘМ ЕТИП

Пүткил планетамызда 3-декабрь «Халықаралық имканияты шекленген инсанларды социаллық қорғаў күни» болып, ҳәр жылы белгиленип келинеди. Бизиң елимизде де бул күни имканияты шекленген адамлардың үйлерине барып, олардың кеўил-кеширмелери менен ортақласып, ѳзлериниң таярлап апарған саўғаларын берип, жағдайларынан хабар алынады.
Солар қатарында Нѳкис қаласы халық билимлендириў бѳлимине қараслы 29-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшылар жәмәәти де, директор Венера Қудиярованың басшылығында усы мектеп оқыўшылары болған, имканияты шекленген балалардың үйлерине барды.
Атап айтқанда 7-класс оқыўшысы Әрман Шымбергеновтың, 6-класстан Руслан Пирназаров, 8-класс оқыўшылары Фаррух Сәрсенбаев, Амангүл

Юсупова, Мунира Ғаниева, 4-класс оқыўшылары Оразбек Дәўлетбаев, Муслим Алламбергенов, 5-класстан Бегзад Қошқарбаев ҳәм 11-класста оқыйтуғын Нилуфар Оразбаевалардың үйлерине барып, мектеп муғаллимлери менен оқыўшылары атынан таярлаған саўғаларын тапсырды.

– Балаларға бәрқулла меҳир ҳәм итибар кѳрсетилиўи керек, – дейди директор В.Қудиярова.
Әлбетте, бул да адамгершиликтиң, қалаберди мусылманшылықтың бир әжайып белгиси болып табылады. Себеби, ҳәдисте «Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеў керек» деп айтылған. Буныңдай кеўли жарым инсанлардың маңлайынан бир сыйпалағанның ѳзи үлкен саўап. Балалар әсиресе олардың ата-аналары менен жақын-жуўықларының қуўанғанының ѳзи саўаплы ис болды десек болады. Олар ақ пәтияларын берип, ѳз миннетдаршылығын билдирди.
Биз де мектеп оқытыўшылар жәмәәти менен оқыўшыларына рахметимизди айтып, кеўиллериңиз нурға, үйлериңиз қуўанышқа, жүзлериңиз шадлыққа толып жүре бергейсизлер деген тилектемиз.