ЕЛ ХЫЗМЕТИ ДЕЙИП ТЫНЫМ БИЛМЕДИҢ

М.Ерниязов 75 жаста

Муса Ерниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы болып тайынланғанға дейин республика жәмийетшилигине онша таныс емес еди. Оған дейин ол хызмет ислеген мәкемелер Мәмлекетлик тәмийинлеў конторасы (Госснаб), Коммунал хожалық министри, Мәмлекетлик Мүлк Комитетиниң баслығы. Булар шекленген қәнигелер менен ғана ислесетуғын мәкемелер болды. Соңғы жыллары аўыл хожалық тараўында, яғный, Шымбай районының ҳәкими лаўазымына тайынланғанда да бирден көзге түсе қоймады. Лекин, мәмлекет басшылары қайсы басшының қандай дәрежеде искерлик көрсете алатуғынын жақсы билер екен. М.Ерниязовты Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы лаўазымына сайлады.

Бул мәселеде мәмлекетимиз басшысы ҳеш қандай алжаспаған еди.
Ал, жергиликли халық арасында «бул адам қандай басшы болар екен?» деген сораўлар жүрди. Ерниязовты жақсы билетуғынлар: «ол жүдә қатал адам. Сениң бир ўақытлардағы тындырған исиңди есапқа алып отырмайды. Оған бүгиниң керек. Егер бир адамды жақсы көрди ме, оннан ҳеш ўақытта жүз бурмайды. Ғыйбатларға қулақ аспайды. Ғыйбат айттырмайды да. Ал, биреўди жақтырмай қалды ма (ислеген исине бола), оған ҳеш ўақытта иши жылымайды».

Ел басшысы ҳаққында усындай минезлемелерди еситкен, бурын ислесип көрмеген төменги қатламдағы басшылар қабыллаўына барар екен өзин ҳәр қандай саўалларға жуўап беретуғын дәрежеде таярлап, өзи басшылық етип атырған мәкемениң уңқыл-шуңқылына дейин яд етип, сергекленип барар еди.
Бул ҳаққында кейинирек. Ҳәзир азғана шегинис жасаймыз.
2000 – 2001-жыллары Қарақалпақстанда жүдә күшли суў тамтарыслығы болды. Бир жыл суўсызлықты бастан кеширген халық екинши жылдан үмит етти. Лекин, екинши жыл буннан да бетер қурғақшылық болды. Жап-салмалар, үлкен арналардың басын аўыртпай-ақ қояйық, изейкешлерге дейин кеўип қалды. 5–6 метр тереңликте қазылған қудықлардан суў шықпады. Жер бетиндеги суў ағымы тоқтаса, жер астындағы суўлар да тереңге қашып, ямаса топырақтың қызыўы менен кеўип кетер екен. Оның үстине усы еки жылда жаўын-шашын да кем болды.
Нәтийжеде көшиўге қурбы келетуғынлар Қазақстанға, Ташкентке көшип кете баслады.
2002-жылы 2-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нәўбеттен тыс сессиясы болып, онда Муса Тәжетдинович Ерниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы болып сайланды.
Усы күни, яғный, 2002-жылы 2-май күни еки жылдан берли халықты сағындырып қойған ағын суў келди. Халық, ултанына мал шалып, қан шығарса да, бир тамшы суў көринбеген Әмиўдәрьяның ултанынан жолындағы қумларды шаңғытып ағып киятырған нәўпир суўдың алдына шығып, шексиз қуўанышқа бөленди.
Журт аўзында рәўиятлар жүре баслады. «Заманында Муса пайғамбарымыз да халыққа таўдан суў алып келген екен. Бул басшының атында да кәрамат бар!»
Сол бурқып ағып келген ақ көбикли ылай суў республикамыздың ҳәмме районларын суўландырып, изи Мойнаққа дейин жетип барды. Үлкен теңизге қуйылмаған менен, Мойнақ әтирапындағы кишкене көллерди толтырды. Балықшылар қақсап кеўип қалған қайықларын қайта майлап, көлге түсирди.
Суў молшылығы сол күнлерден баслап Мусаның барлық искерлиги дәўиринде тап тасламады. Пахталар ўақтында суў ишти. Әсиресе, мудамы суўсыз болмайтуғын салы атызларының көлеми сол жыллары 60 мың гектарға дейин жетти.
Ерниязов өз жумысын биринши неден баслады? Әлбетте, республикамыз көп тараўды қамтыған үлке. Бунда аўыл хожалығы да, қурылыс та, санаат та, мәденият та басшының шешиўши қәўлилерин күтип турған еди. Ол ҳеш бир тараўдың бирин кейин сүрип қойып, екиншиси менен айланысып кетпеди. Ҳәммесине теңдей көз, қараста қарады.
Мен әлбетте, мәденият тараўының адамы болғаным ушын оның усы тараўдағы белсендилигин жақсы билемен.
Муса Ерниязов биринши жумыс бағытын телевидениеге қаратты. Өзбекстан телерадиокомпаниясы басшыларынан Қарақалпақстан телевидениесин санлы көрсетиўге өткериўди, ҳәр күни азанда бир саатлық «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан» көрсетиўине ўақыт ажыратыўды сорады. Олар орынлы талапқа қарсы турмады. Азанғы көрсетиўди баслаўға руқсат берип, жылдың екинши ярымынан (1-июльдан) қаржы ажыратты.
Енди Қарақалпақстан телевидениесиниң көрсетиўлери де экранда жайнап туратуғын болды.
Муса Ерниязов қәнигелиги бойынша қурылыс инженери. Соннан болса керек, өзиниң дәслепки жумыс усылын пайтахтты абаданластырыўға бағышлады. Басланып болып таслап кетилген қурылысларды ақырына жеткизди.
Гөне қаладағы республикалық Туўыў үйинен басланатуғын айланба жол ислетип, оны Нөкис телеорайы, Темир жол вокзалы, «Мир» көшеси менен Мәтеке Жуманазаров атындағы көшесине тутастырылып, изи сол туўыў үйинен басланған жолға тутастырылды. Нөкис – Нөкис болғалы оның сырттан айланып өтетуғын айланба жолы жоқ еди.
Ҳәзирги күнде халық тилинде «Президент жолы» деп аталған жолды ашып, оны Нөкис халық аралық аэропортына тутастырды. Төрткүл гүзары, А. Досназаров көшелерин толық кеңейттирип, бул көшелерден автомобильлердиң 6–8 қатар болып ҳәрекет етиўине мүмкиншилик жаратты.
Булардан тысқары, республика Жоқарғы Кеңесиниң жаңа имараты, «квадрат» көли бойындағы балалар дем алыс бағы, усы жердеги заманагөй балалар китапханасы, Бахыт үйиниң имараты, «Ташкент» мийманханасының қайта реконструкция ислениўи ҳәм Жаслар Орайының ашылыўы Нөкис дийқан базарының қайта оңланыўы, «Айдын жол» кийим-кеншек базарының ашылыўы, Нөкис халық аралық аэропортының ҳәм темир жол вокзалының қайта реконструкцияланыўы, пайтахттағы ҳәм районлардағы музыка мектеплери, қулласы, бундай қурылыслардың есап-саны оғада көп.
М.Ерниязов өмириниң соңғы күнлеринде пайтахтымызда бой тиклеген 16 қабатлы бес имараттың тырнағы қаланғанын көрип кетти.
Президентимиз Ш.Мирзиёев сайланғаннан кейин өзиниң биринши хызмет сапарын Қарақалпақстаннан, соның ишинде, Мойнақтан баслады. Мойнақ сол күнге дейин үстинен ел көшкен кишкене аўыл дәрежесине келип қалған еди. Президентимиздиң ғамхорлығы менен бул жерде абаданласқан көшелер пайда болды. Көп қабатлы жайлар бой тикледи. Стадион, Жаслар орайы, Мәденият үйи, Амфитеатр, Мойнақ курант сааты, «Ақ кеме» деп аталған балалар жазғы дем алыс лагери, аэропорт… Президент қәрежет ажыратты, көрсетпелер берди, ал, орынлаў мәселеси М.Ерниязовтың жуўапкершилигинде еди. Бул ўазыйпаларды ол журт басшымыз күткен дәрежеден де ағла етип бежерди.
2018-жыл ноябрь-декабрь айынан баслап Президентимиздиң басламасы менен Аралдың қурыған ултанына сексеўил егиў арқалы 3,5 млн гектар майданды тоғайзарлыққа айландырыў ислери жедел қолға алынды. Өзбекстанның ҳәмме ўәлаятларынан келген көмекшилер өзлериниң техникалары менен теңиз ултанында жумыс баслады. Мине, усы айларда Муса Ерниязов күн арадан Мойнақта болып, көмекшилерге барлық имканиятлар жаратып берди.
Нөкистен теңиз ултанына дейинги аралық 400 километр, барыў келиўин есапласаң 800 километр, мисли Нөкис пенен Самарқандтың аралығы.
Биз сол ултанға бир мәрте барып келгенде шаршап қалдық. Муса аға болса теңиз ултанына егилген сексеўиллер 500 мың гектарға жетемен дегенше неше мәрте барып келгенин қуда билсин. «Бул ақсақалдың ден саўлығына саддақ!» десер еди адамлар. Ол ҳәтте кейинги жыллары жаңа жылды Мойнақта күтип алған ўақытлары да болды.
Ерниязовтың ислеген хызметлери тек Нөкис-Мойнақ пенен шекленбейди. Ол аўыл хожалық тараўында да үлкен өзгерислер жасады. Бурынлары декабрьге дейин созылатуғын пахта жыйын-теримин октябрь айынан кейинге қалдырған жоқ. Терим сентябрьдиң биринши он күнлигинде басланып, ары барса 30–35 күнде шәртнамалы жоба орынланатуғын еди. Аржағында салы орым-жыйыны.
Ол ел басқарған дәўирде салылар жүдә мол зүрәәтли болды. Қарақалпақ гүриши өзимизди толық тәмийинлеп, Ташкент базарларында толтырып турды. Ташкентлилер бизиң гүришимиздиң «Авангард», «Нөкис-2» сортларының бир-биринен парқын жақсы билер еди.
Биз мақаламыздың басында оның қабыллаўының қысқа ҳәм қатаң жуўапкерли болатуғынын айтқан едик. Енди азы-кем усы мәселеге тоқтасақ.
Мен кино себепли ақсақалдың қабыллаўында көп болғанман. Сондағы сезгенлерим, өзи шақырып қойған мәкеме басшыларын бирме-бир қабыллар, қабыллаў ўақты болса узағы менен 5–6 минуттан аспас еди. Ол сәўбетлескен адамын қабыллаўханаға дейин гүзетип қояды ҳәм нәўбеттеги шақырған мәкеме басшысы я қәнигени өзи менен бирге алып киреди.
2002-жылы август айында мен оның қабыллаўында биринши мәрте болдым. Онда «Танка» фильмин сүўретке алыў ушын Ташкенттен келген киношылар меннен ел басшысына алып кириўди өтиниш еткен еди.
– Киноны қанша ўақыт түсиресизлер? – деди ақсақал картина директоры Файзрахмон Усмановқа.
– Бир-бир ярым ай, – деди ол.
– Әдетте, киноларды 4–5 айлап, керек болса жыллап түсиретуғын еди ғой, – деди Муса аға.
– Бул фильмниң сценарийи жыйнақлы. Бунда мәўсимлик өзгерис жоқ.
– Бизден қандай жәрдем керек?
– Адамларды апарып әкелетуғын автобусымыз, ток беретуғын генераторлы «Урал» машинамыз бар. Соларға бензин таўылып турса…
– 201 жүрсе киноның машыны жүреди, – деди ақсақал.
«201» өзиниң хызмет бабындағы автомобили еди.
– Басқа қандай мәселе бар?
– Болғаны.
– Саламат болың.
Көрип отырғаныңыздай, 2 минутта мәселе шешилди.
«Танка» фильми 2003-жылы 1-февраль күни «Қарақалпақ-фильм» киностудиясының залында зиялыларға көрсетилди. Көрсетиўге Республика Министрлер Кеңесиниң баслығы Турсынбай Тәңирбергенов, «Өзбеккино» акционерлик компаниясының баслығы Мурад Мухаммад Дост, «Өзбекфильм» киностудиясы директоры Юсуп Раззақовлар қатнасты.
Фильм жақсы қабыл етилди. Арадан еки-үш күн өтип киноны көриўге Муса ағаның өзи келди. Бир өзи келди.
Фильм басланып атырған ўақытлары «Агросервис» директоры Равиль Алмакаев, Қарақалпақстан прокурорының орынбасары Шуҳрат Аберқуловлар жетип келди.
– Сөзлери зор! – деди Муса аға фильмнен кейин қолымнан қысып. – Бирақ, басқалар «Қарақалпақтың ғаррылары бақыраўық екен демес пе екен?» деп қосып қойды. Лекин, өзгертиў яки алып таслаў ҳаққында ҳеш нәрсе айтпады.
«Бақыраўық» деп отырғаны Шамурат ағаның алдынан кесип өткен пышыққа, пал ашқан лолыға, гөр қазыўшыға «Өш! Ҳә, нәлет жаўғыр! Аўзыңнан төрели гәп шықпайды!» деп кейигенлери еди. Бул кейислердиң ҳәммеси де фильмде орынлы айтылған еди.
Сол-сол екен, ақсақал көркем фильмлердиң ҳеш бирин дыққаттан шетте қалдырмады. «Уры» фильминиң дискасын алдырып кабинетинде көрди. Оған фильмдеги еки сюжет унамады. Бириншиси, «таўыстың гөши»н әўесек деп қазаннан бир мүшесин урлап алыўы, екиншиси, «таўыстың гөшинен зәҳәрлендик пе» деп қәўетерленип, еки ҳаялдың арақ ишип қосық айтқан жери.
– Буны тек қарақалпақлар көрип қоймайды, – деди ол маған. – Фильм шыққаннан кейин интернет арқалы дүнья жүзине тарап кетеди. Сонда «қарақалпақтың ҳаяллары қазаннан гөш урлайды екен» деген гәп тарамай ма? Бул миллеттиң атына нуқсан ғой.
Екиншиден, ҳаяллардың шағал-мәслик қурып арақ ишиўи. Онысыз да Ташкентлилер бизиң жигитлерди «араққа бир ата жақын» деп түсинеди. Енди ҳаялларымыздың арақ ишкенин көрсетсек…
Муса аға бир есаптан ҳақ еди. Лекин, бул комедия ғой. Биринши сюжетти өзгерттик, екинши сюжетти алып тасладық. Бирақ, мен қатты қыйландым.

Ещан Қосполатовқа арналған фильмниң дәслепки аты «Ещанкөр» деген еди. Муса аға бул фильмниң премьерасынан кейин де мени шақыртты.
– Темирлан! – деп еситиўиң бар ма? – деди ол.
Мақуллап бас ийзедим.
– Ҳәзир қайсы өзбек Темурлан деген сөзди тилине алады.
– Түсиндим аға!
Екеўмиздиң арамызда кино ҳаққында гәп болған жоқ. Мен Ещан бақсыны өз ўақтындағы лақабы менен атасам ҳәмме биледи деп қәте қылған екенмен. Лақабқа қосылып турған «көр» сөзи оның атына нуқсан, жаңағы гәптен кейин дәрҳәл уғындым ҳәм фильмниң атын «Өмирдиң үш паслы» деп өзгерттим.
«Маргия» фильми өзбек-қарақалпақ халықларының дослығына арналған болып, ол қәўипсизлик хызмети басшыларының усынысы менен жазылған еди.
Фильм шыққаннан кейин айырым жерлери оларға унамай қалыпты. Ташкенттен қәнигели режиссер шақыртып, қайта ислеўди ақсақалдан өтиниш етипти.
Бул талапты ақсақал мениң алдыма қойды.
– Ақсақал, Ташкенттен режиссер шақыртпайман, – дедим мен. – Олар бизиң халқымыздың менталитетин билмейди. Питип турған исти бузып алады. Қалаберди фильмди қайта ислеў ушын кеминде 20 миллион ақша керек болады.
– 40 миллион таўып беремен, өжетленбе! – деди ол гәпти кесип.
Бундай шешим ҳәмме басшыдан да шыға бермейди. Ташкенттен Әбдивоҳид Ғаниев деген режиссерди алдырып, бирге ислестик. Бирақ, фильмде көп өзгерис ислеўге мен ыразылық бермедим. Көби менен 10–15 проценттей өзгерис болды.
Фильм унамлы қабыл етилди.
Мен Муса ағаның өзим билетуғын тәреплерин ғана айтып отырман. Оның ҳәмме тараў бойынша да ҳәм анық, ҳәм унамлы шешим қабыллап барғанына исенимим кәмил!
Ол жүдә ана тилге беккем еди. Он сегиз жыл ел басқарған дәўиринде мәжилислерине бир мәртебе де басқа тиллерден араластырып сөйлегенин көрген емеспен. Ол қарақалпақ тилин оғада жетик билер ҳәм оны қәстерлеп, мазмунлы жарасықлы етип сөйлер еди.
Мине, усындай әжайып инсан 2020-жылы 31-июль күни қәстелик себепли арамыздан кетти.
Муса Тәжетдинович Ерниязовқа Өзбекстан Президентиниң Пәрманы менен 2019-жылы Өзбекстан Қаҳарманы деген ҳүрметли атақ берилди.
М. Ерниязов халық арасында, ел аўзында әлле қашан-ақ қаҳарманлық дәрежесине ерискен еди.

Муратбай НЫЗАНОВ.