«ҒАМҚОРЛЫҚҚА МҮНӘСИП ПЕРЗЕНТ БОЛАДЫ»

Еки жастың бир-бирине кеўил қойысып, турмыс босағасынан атлап, шаңарақ қурыўының ѳзи үлкен бахыт. Ѳз жарасығы менен перзентлер туўылып, бесик шайқаў ҳәр бир жас жубайдың мақсет-мурады. Бири әке, бири ана болыў бахтына бѳлениўдиң қуўанышы ѳз алдына. Лекин, турмыс базы да инсанларды ѳз сынаўына алады… Үш ул ҳәм бир қыздың анасы Дилбар қәпелимде наўқаслыққа ушырап қалды. Оған шыпакерлер тәрепинен кукси артроз диагнозы қойылды. Бул сүйек жемирилиўи болып, аяққа турып жүриўди шеклеп қояр екен. Ҳәзирги заман медицинасында бул кеселлик пенен жасалма протез орнатылып берилиўи жолға қойылған. Лекин, бул сүйек орнына қойыўшы индопротез әдеўир қаржы талап етеди.
– Бир аяғыма қойылатуғын протез ушын 30 миллион сум қаржы керек болды. Ѳмирлик жолдасым Баҳадыр Мәдиреймов сырт елде жумыс ислеп, қәрежет топлап, дәслеп бир аяғыма индо протез қойылды. Екинши аяғыма да қәрежет топлайман деп жүргенимизде ѳмирлик жолдасым Баҳадыр коронавирустан қайтыс болды. Имарат кѳтерип, жаңадан салып атырған жайымыз да шала қалды. Мениң саламатлығым болса және де аўырласты. Тосаттан басыма түскен мүсийбет усы ҳалымда азаматымнан айрылыў, буған кѳнлигиў жүдә қыйын екен. Президентимиздиң жүргизип отырған ҳәзирги сиясаты менен ел басшыларымыз тәрепинен ғамқорлыққа алынып, жәрдемлер берилип атыр. Ҳүкиметимиз тәрепинен екинши аяғыма да протез қойылды. Мине, аяққа турып жүрип атырман. Үлкен улым автоаварияға ушырап, кѳзинен жарақат алып, 2-топар майыбы болып қалды. Тири қалғанына шүкир етемен. Ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң санаат-технологиясы факультетиниң 2-курсында тѳлемли шәртнама тийкарында оқып атыр. Оқыўының контракт пулы да ҳүкиметимиз тәрепинен тѳлеп берилди,-дейди Дилбар Сапарбаева.
Жақында бул шаңараққа ел басшымыздың ѳзи барып, жай-жағдайы менен танысты. Азық-аўқатлар менен бирге, телевизор саўға етти. Шала қалған имараттың қалған жумысларын питкерип бериўге тапсырма берилди. Ҳәзирги ўақытта пол қағылып, котёл ѳткерилип, жайдың тѳбеси шиферланыў жумыслары баслап жиберилди.
– Президентимизге, ел басшыларына, аўыл-елиме кѳп-кѳп рахмет айтаман. Бундай кѳрсетилип атырған аталарша ғамқорлыққа алғысымыз шексиз. Мектеп жасындағы балаларыма мектеп формаларын берип атыр. Қуда қәлесе, перзентлерим, усы берилип атырған жәрдемлерди ҳәм ғамқорлықларды, ел-халқына ҳадал хызмет етип, ҳәр бири бир тараўда мийнет ислеп қайтарады еле,-дейди ана перзентлериниң келешегин ойлап.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.