Поэзия

Ембергенова Зийўар Кеўлимжаевна бүгинги күни Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернаты тәрбияланыўшысы. Зийўар қосық айтады, қосық жазады, аяқ ойынлар ойнайды, тоқыў-тигиўди де жақсы өзлестирген. Оны биз бул жерде ушыратып, тынып-тыншымайтуғын шаққан қыз екенин көрип ҳәўесимиз келди. Үлкен китапханасында көплеген китапларды оқыған.
Елимизде болып атырған түрли жаңалықлардан телевизор арқалы хабардар. Бизге өзи жазған бир қанша қосықларын усынды.
Тәғдирде нелер ушыраспайды. Ол 1964-жылы Тахтакөпир районында туўылды. 1971-жылы Утамбетов атындағы мектепте оқыды. 1984-жылы Нөкис Политехника техникумына оқыўға киреди. Өз орнын таўып, жумысқа киреди. Ата-анадан үш ул, үш қыз биргеликте шаңарақта жақсы тәрбия көреди. Ҳеш ким өмиринде нелер болатуғынын билмейди. Турмыстың дигиршиги оны усы жерлерге «ылақтырып» таслады.
Интернатта ҳәмме нәрсе жеткиликли, кийим көп, тамақ тоқ, бирақ, туўысқанлар, дослар, аўылласлар меҳринен жырақта жасаўы Зийўардың қәлбинен қосық болып, ақ қағаз бетине төгиле береди.
Оны излеп ҳеш ким келмейди. Жақында классласы Шийрин Турекеева оны излеп келгенде сол дәрежеде қуўанды. Усы ушырасыўдың гүўасы болып, оны сүўретке мөҳирлеген едик. Зийўардың азы-кем қосықларын сизлерге де усынып отырмыз.
РЕДАКЦИЯДАН.

МҮРИЎБЕТ ҮЙИ

Баўырман анадай қушағын ашып,
Күтип алар жерсең мүриўбет үйи,
Ата-ана болып, дәртлерин тыңлап,
Саўаплы ис етер мүриўбет үйи.

Жақсы сөзлериң бар жанға дәрмана,
Кем кеўиллерге боларсаң пәрмана,
Кәраматлы босағаңнан,
Қәдем таслар сақый адамлар.

 

АНАЛАР

«Ана» – деген атың күшли пийримим,
Дүньяны тербейди шийрин мийримиң,
Бийпатпаның басы сыйлы периштем,
Кең пейилли, кишипейилли сулыўым.

Бүгин байрам келиң бәриң жыйылып,
Шын кеўил, тилек пенен биригип,
Сизлерге әжайып гәпим бар,
Айтарым сол бахытлы бол сулыўлар.

 

ШЫПАКЕРСЕҢ

Ақ кеўилли, жүзиң жыллы,
Жанға шыпа, шийрин сөзиң,
Ҳәр қәдемде бийик жулдыз,
Бахыт келсин сизге сыйлы.

Ана киби пәрманасаң,
Бул өмирди жайнатасаң,
Караматлы ата киби,
Өмирди гүл жайнатасаң.

Атың сыйлы шыпакерсең,
Сөзиң шийрин, мийримлисең,
Умытпаймыз Сизди биз ҳеш,
Өмир берген шыпакерсең.

Жақсылықтың изи алтын,
Өмир берип, ҳәр инсанға,
Айтар болсам
гәптиң салтын,
Атың сыйлы
шыпакерсең.