Мәкан пуқаралар жыйыны баслығын адамлар онша жақтыра бермейди. Жәрдем пул бермеди яки басқа мүмкиншилиги жоқ машқалаларын шешпеди – деп налынады. Мениң де оның менен улыўма байланысым жоқ. Ѳткен жылы 21-ноябрь күни бир каналға қосыпты. «Гѳне қала 20-МПЖ» делинген. Ҳәр күни усы канал арқалы тынбай келип турған мағлыўматларды қәлеп-қәлемей оқып бардым. Усы аз ўақыт даўамында мәканда исленип атырған ислер менен таныстым. Күнниң қақаман суўығында дем алыс күнлери үйден шыққымыз келмей отырғанымызда МПЖ баслығының гә кѳшеде, гә үйлерге барып жүрген сүўретлерин кѳрип, оның ислер
и менен қызыға басладым.Халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бойынша исленип атырған ислердиң басында ерлер менен бир сапта жүрген Нѳкис қаласы «Гѳне қала» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Гүлинар Утемуратова ҳаққында азы-кем айтып ѳтпекшимиз. Ол 2015-жылы ис баслаған болса сол дәўир ишинде бир қанша ислерди ислегенин тек қағаз жүзинде емеслигине кѳргенлер гүўа.Бүгинги күни мәҳәллелерге кѳплеген жуўапкершиликлер жүкленген. Сол мәканды абаданластырыў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, аймақтың инфраструктурасын жақсылаў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәжларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы кѳплеген ислерди бир ўақыттың ѳзинде ҳәр күни избе-из алып барыў ҳеш бир адамға аңсат болмаслығы ѳз-ѳзинен кѳринип тур. Бүгинги күни бир саат қол қаўсырып отырған МПЖ баслықларын кѳрмейсиз.Сонша жуўапкершиликти ҳаял басы менен инабатлы атқарыў, азанлы-кеш халықтың арасында жүриў, гейпара адамлардың машқалаларын еситиў, айырым шаңарақлардағы аянышлы жағдайларды кѳриў бәри-бәри, бир адамнан соншелли энергия талап ететуғынын ҳәмме биле бермесе керек.– Ѳзине жүклетилген жумыс. Қолынан келмесе ислемесин-деўшилер табылады. Айтар аўызға аңсат болған менен мәкандағы 7,920 пуқараның 1,224 шаңарақтың бәриниң кеўлин табыўы аңсат емес. Аймақта түркмен, ѳзбек, кәрис, армиян, татар, орыс, уйғыр, қазақ ҳәм қарақалпақ миллетлери тыныш-татыў жасап атыр.МПЖ ға Гулинар 2015-жылы май айында келген болса турақлы имаратына ийе емес еди. Ѳзи қәўендерлигинде ҳәзирги жақсы имаратқа ийе болды. Сол ўақытлар 213 адам «Ҳаяллар дәптеринде» турған болса бүгинги күни 44 и сол дәптерден шығарылды. «Жаслар дәптеринде» 74 жастан 32 сине кәсипке бағдарланған кредитлер берилип, бул санды да қысқартыўға еристи. Ѳткен жылы аймақ әтирапына 3,700 дана нәл отырғызылыўы керек болса 5,100 түп нәл отырғызылып, әтирапты кѳклемзарластырыўға және де үлес қосылды. Жыл ақырында аймақтағы жоллардың 46 км не ЩПС басылды, 4 км асфальтланды. Сондай-ақ, 8 кѳше жақтыландырылды.Быйыл қыс оғада қатты келип, адамлардың бул қыйыншылықлардан ѳтиўи ушын ғалабалық жумыслар ислегенлерин бәриңиз кѳрип-билдиңиз.Гѳне қала аймағында 41 хожалықтың шифери жоқлығы анықланып, ислениў ҳәрекетине кирискен. Және де «Ҳаяллар дәптерин» деги 9 хожалықтың ҳәр бирине 5 млн.нан ажыратылып, айна-қапыларын қайта ислеп бериў режелестирилген. Сондай-ақ 47 тигиў машинасын алған ҳаял-қызлар ѳзин-ѳзи ис пенен бәнт етти. МПЖ баслығы ѳз басламасы менен 50 кг палаў писирип, кѳзи әззилер ҳәм кем тәмийинленген 48 хожалыққа тарқатылды.
Бир қанша хызмет кѳрсетиў объектлери қурылды. Бул жерде 2 мектеп, 2 мектепке шекемги мәкеме, №22-санлы кѳркем ѳнер мектеби, туўыў үйи ҳәм кѳплеген салон, тигиў, машина оңлаў, нан жабыў ҳәм басқа да цехлар бар. Мәҳәлледе 74 ден артық исбилерменлер ѳзлериниң ғана емес аймақтағы бир қанша жаслардың бәнтлигин тәмийинлеп қойыпты.
Ең қуўанышлысы соңғы ўақытлары ѳз жанына қас етиў жынаяты ушыраспады. Жынаятшылық кемейди.
Тынымсыз мийнетлер нәтийжесинде 44 кем тәмийинленген хожалықларға жәрдем берилди.
Быйылғы «Абат мәкан» дәстүрине 8 кѳше киргизилди. Бул кѳшелердиң суў трубалары жаңартылып, кѳшелери абаданластырыў кѳзде тутылған.
«Қарақалпақстан» кѳшеси бойынан тикленген кѳп қабатлы үйлердиң әтирапына воркаут балалар майданшалары қурылып атыр. Гѳне қаланың базары әтирапынан (Бул жерде балық базар да бар) қыста машинада да пияда да ѳтип болмайтуғын дәрежеде еди. Ҳәзир ой жерлер бийикленип, ЩПС тѳселип, асфальтланыўға таярланды.
Бүгин кѳз алдыма мен келин болып түскен 1993-жылдағы гѳне қала аймағындағы жағдай келип тур. Орайлық кѳшесиниң ѳзи жақсы емес. Қубла-батыс районға кететуғын маршрутлар менен автобус туратуғын стоянканың жағдайы сол дәрежеде ашынарлы, тар, қыста жүрип болмас еди. Кѳзге кѳримсиз саўда орынларын кѳрип, уялып кетесең. Кѳбиси гѳне жайлар. Жазда шаңғытқан кѳшелер. Мине, бүгин болса гѳне қалада бир қанша ѳзгерислер болды. Әтираптың гѳззаллығы бәри бир зейниңди ашып, келешекке қарай қәдем таслаўға рухландырады.
Әлбетте, усы дәрежеге ѳз-ѳзинен жетпегени рас. Гүлинар Утемуратова сыяқлы инсанлардың тынымсыз мийнетлери нәтийжесинде Нѳкис қаласы күннен-күнге кѳркейип, гѳззалланып атыр.
Ислеген мийнетлерине жараса бир қанша «Ҳүрмет жарлығы» менен ҳәм «Кѳкирек нышан»лары менен сыйлықланды. Неше бир аймақ турғынларының алғысын алды. Шайырлар тәрийпинде әззилик, нәзиклик тымсалы болған ҳаяллар кѳбирек үйде отырып, бала тәрбиясы менен шуғылланады. Ана-деп тѳрге отырғызып «аўырларды» ислетпей, ҳүрметлейди. Бирақ, Гүлинар Утемуратова қол қаўыстырып отырыўды ѳзине еп кѳрмейди. Басында қанша халықтың машқалаларына шешим табыў ўазыйпасы турар екен усы ислердиң бир шетинен кирисип, жуўмағына жетпегенше үйине қайтып, тѳсегине «созылмайды». Мен сәўбетлескен күни де мектеплер менен бақшалардың шараятларын кѳрип келди. Суўық себепли ўақтынша тоқтатылған оқыў басланған соң балалар тоңып қалмай ма? – деген қәўетер бар еди. Яқ, мектеп жәмәәти де, бақша хызметкерлери де балаларды тоңдырмаўдың ғамын ойлап қойған екен. «Бул ис питти, енди мына ысытыў пешлерин ийелерине тезирек тапсырайын. Гази аз, ең болмаса усы үскене жәрдеминде қыстан ѳтип алсын. Қыс буншелли суўық келгенин айт. Аймақта жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳеш бири нәзеримнен қалып қоймаўлары керек. Ғалабалық усы ислер жѳнинде ҳәмме басшы суўықта күни-түни дүзде жүр. Мениң қол қаўсырып отырыўым мүмкин емес». Ѳз қыялы менен сѳйлесип және үйме-үй кирип, пуқаралардың шараятлары менен танысыўға баратырған Гүлинардың изи таўсылмайтуғын ислерине әўмет тилеймиз. Шаңарақта бес перзентти, ақлықларды тәрбиялап атырған ана. Сонша жумыслардан ўақыт таўып, ѳзине қарап, шырайлы болып жүретуғын гѳззал ҳаял. Ирети келгенде қатты қол басшы. Оны асыра мақтаўдан аўлақпыз.
Бүгинги күни басшылардан халық разы болыўы керек.
Сиз қашан дем аласыз?-деймиз байрамда да дем алыс күни де ис барысында тынымсыз жүрген ҳаял баслықтан «Халық қуўанса, рахмет айтса «терим жайылып» ҳәз етип дем аламан»—дейди ол да күлимсиреп.
Ѳз исин шын жүректен ислейтуғын басшылардың кѳбейиўине тилеклеспиз. Ислериңе раўаж, сәт тилеймиз, Гүлинар баслық.
Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.
