КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕС– ДӘЎИР ТАЛАБЫ

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис палатасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетлер шөлкемлестирилиўи, 2019-жыл 1-июльдан баслап мәмлекетлик органлар өзлерине жүкленген ўазыйпа ҳәм функцияларды әмелге асырыўда жүзеге келетуғын коррупциялық қәўип-қәтерлерди ўақты-ўақты менен мәжбүрий баҳалаў ҳәм нәтийжелери бойынша ең көп дус келетуғын мәмлекетлик хызметкерлердиң искерлик тараўлары ҳәм лаўазымлары сондай-ақ, коррупциялық қәўип-қәтерлерди минимум дәрежеге түсириў шаралары көрилмекте. Пәрман менен “Коррупциясыз тараў” жойбарын ҳәм бул жойбарды басқышпа-басқыш тараўларға енгизиў коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы орган θзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў Агентлиги шөлкемлестирилди. Агентлик коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў, мәмлекетлик органлар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа мәмлекетлик емес сектор ўәкиллериниң биргеликтеги нәтийжели искерлигин тәмийинлеў сондай-ақ, усы тараўда халықаралық бирге ислесиў ушын жуўапкер болған арнаўлы мәмлекетлик орган етип белгиленди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң коррупцияға қарсы гүресиӯ тараӯында қабыл етилген арнаӯлы Қарарына тийкар коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген яки оған қарсы гүресиўге басқа формада жәрдем берген пуқараларды хошаметлеў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды. Режеге көре, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген шахслар төмендеги тийкарлардан бири болғанда бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметленеди: өзлерине қарата пара талап еткен шахс ямаса өзлерине мәлим болған коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында коррупцияға қарсы гүресиўши уйымлар (Бас прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти)ға берген хабары тийкарында бундай ҳуқықбузарлық ашылса; коррупцияға байланыслы жынаятты ислегени ушын излеўде болған шахс ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымларына берилген хабар тийкарында излеўдеги шахс усланыўы (ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери буннан тысқары). Соған көре, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген ямаса коррупцияға қарсы гүресиўге басқаша тәризде жәрдемлескен шахслар тийислинше БЕМның 3 есесинен 25 есесине шекем (669 мың сумнан 5 млн 575 мың сумға шекем) муғдарда бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметлениўи мүмкин. Егер пара суммасы ямаса жеткерилген зыян ямаса өзлестирилип атырған (өзлестирилген) мүлктиң баҳасы БЕМның жүз есесинен көп болса, сыйлық анағурлым муғдар ушын – мүлк баҳасының 15 пайызы муғдарында; көп ҳәм жүдә көп муғдар ушын – мүлк баҳасының 10 пайызы муғдарында пайыз есабында есапланады.
Жуўмақлап айтқанда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыслар ҳәм ҳуқықый реформалар еле де жетилистириледи деп ойлаймыз.
Б.МАТЖАНОВА,
Қанлыкөл районы. Әдиллик бөлими Инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў бөлимшеси бас мәсләҳәтшиси, 2-дәрежели юрист.