Ҳәммемизге мәлим, быйылғы қыс мәўсими жигирма жылда қайталанып атырғанлығы айтылмақта. Аномал суўық-яғный әдеттеги нормадан өзгеше суўық болғаны ушын бир қатар қыйыншылық ҳәм машқалалар туўылыўы тәбийий. Ең әўели Ден саўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери тәрепинен ҳаўа-райының кескин суўық күнлери илажы болғанынша жасы үлкен инсанлардың ҳәм киши жастағы балалардың ашық ҳаўада ярым сааттан көп ўақыт қалып қоймаўына ҳәм бәршени суўықтан сақланыўға шақырды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен сынаўлы күнлерде халқымызды энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша анық илажлар белгиленди. Усындай қыйын шараятта, суўық ҳаўада газден бир минут болса да үзилиўди ҳеш кимге рәўа көрмеймиз. Газден қарызы бар, бирақ төлеўге имканияты жоқ, жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳүкиметимиз тәрепинен «Инс
ан қәдири» принципи тийкарында жәрдемге мүтәж ҳәм газден қарыздарлығы болған 663 шаңарақтың 858,6 млн. сум қарызлары мәмлекет тәрепинен төлеп бериў илажлары баслап жиберилди.
Туўыў үйлерин, емлеўханалар ҳәм турақ жайларды турақлы газ басымы менен тәмийинлеп турыўға қатаң итибар қаратылмақта. Күнделикли турмыс тәризи бәри-бир бизди өз жумыс орынларымызда болыўымызды талап етеди. Көпшилигимиз жыллы үйимизден жолға шығар ўақытта «мына суўықта жолда көликлер бар ма екен деген?» тәшўиш пенен шықтық. Халқымыздың «Инсан қыйын күнлерде сыналады» деген даналық гәпи жүдә дурыс екен. Автомашиналарға жанылғы қуйыў орынларындағы үзилис ҳәм иркилиўлердиң де тез арада шешимин табыўға ҳәрекет етип, автомашиналарға АИ-80 бензин қуйыў шақапшалары иске түсти. Усындай қақаман суўықта көликлер қатнаўының үзилиске түспеў илажлары көрилди.
Пайтахтымыздағы Орайлық базар автокөликлер турыў орнында Қарақалпақстан Газ Сервис ЖШЖ тәрепинен халқымызға жәрдем көрсетиў мақсетинде 75-ҳәм 50-санлы жөнелисли таксилер бийпул хызмет көрсетиўи жолға қойылды. Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Нөкис-Нөкис районы» жөнелиси бойынша «Magic-Keey» ЖШЖ тәрепинен 40 микроавтобус жолға қойылды.
Қыстың қақаман суўығының қатаң сынаўларынан халқымыздың аўызбиршилик ҳәм адамгершилик үлгилери менен мәрдана өтип атырғанына сүйсинбеўдиң ҳеш илажы жоқ. Жоқары адамгершилик ағла пазыйлетлер қыйын күнлерде бир-биреўге жәрдем бериўдиң негизи ҳәммемизге ата-мийрас екенин жүректен сезинип Ана Ўатанға деген мақтаныш сезими көкирегиңди кернейди.
Ҳаўа-райының суўық болыўына қарамастан бир мақсет-инсанларға меҳир үлесиў жолында көпшилик бирлести. Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги тәрепинен «Саўаплы ис» акциясы басланды. Бул акцияға 40 қа жақын кеўилли инсанлар да қатнасты. Булардың арасында исбилерменлер, мәмлекетлик хызметкерлер әсиресе ҳаял-қызлардың да барлығы жүдә қуўанышлы. Нөкис қаласында бир күнде 50ге жақын автомобильлер қала турғынларына өзлериниң бийминнет хызметлерин көрсетти. Усы басламалар менен қаламызда «Бийпул хызмет», «Халыққа хызмет» деп жазған тахташалары бар жеке меншик автомашиналары ҳәм Жоқары оқыў орынлары муғаллимлериниң де усы саўаплы иске өз үлесин қосып атырғаны атап өтиўге ылайық ислер.
Бул ислердиң бәри инсан қәдири-қымбаты ушын. Жолаўшылар жолда тоңып қалмай өз мәнзилине тезирек жетип алып, өзлериниң шексиз миннетдаршылығы ҳәм алғысларын билдирмекте. Усындай қыйын-қыстаў пайытта узағымызды жақын, мүшкилимизди аңсат етиўши автокөликлерге жанылғы қуйыў орынларының хызметлери де саўаплы ислерге тутасады.
Пайтахтымыздағы 23-санлы Қумаўыл МПЖ аймағында жайласқан «Зайтун-Лепес» жеке меншик жанар май қуйыў шақапшасында да жумыс, әдеттегиден өзгеше қызғын түс алған.
– 2010-жылдан өз жумысымды басладым. Быйылғы қыс мәўсими ҳәммемиз ушын да аңсат болып атырған жоқ. Өз жумысымызды Биржада қатнасыўдан баслаймыз. «Тақыятас нефтьбаза» мәкемесинен өз тәртиби ҳәм қағыйдасы менен жанылғыны алып келемиз. Шақапшамда 4 хызметкер жумыс ислейди. Бүгин 4 тонна бензинди ҳәр бир автомобильге 20 литрден саттық. Азанғы саат 7 ден баслап түски 2 лерде таўыстық. Өз жумысларымызды алып барыўға ҳеш қандай тосқынлық ҳәм кеўил ренжитер тәртипсизликлер болып атырған жоқ. Бизге жақыннан жәрдем берип атырған тийисли тараў ўәкиллерине миннетдармыз. Усындай сынаўлы күнлерде халқымызға хызмет көрсетиўге өз үлесимизди қосып атырғанымыздан қуўанышлымыз,-дейди исбилермен Базарбай Бекбаўлиев.
Жер жүзиниң ыссы үлкелеринде де суўық ҳаўа-райы байқалмақта. Қарақалпақстан Республикамыздың климаты кескин континентальлы болып, қысы қатты суўық ҳәм жазы қатты ыссы болып келеди. Қәнигелер тәрепинен быйылғы қыс мәўсими соңғы жыллары байқалмаған суўық ҳәм қурғақ болып келгенлиги айтылмақта. Қәҳәрли қыстың енди алдымызда бир айы қалды. Суўықты суўық демей, өз хызмет ўазыйпаларын инабатлы атқарып атырған тараў ўәкиллерине ҳәммениң алғысы шексиз. Халқымыз ушын арзанластырылған азық-аўқат ярмаркасының шөлкемлестирилиўи де үлкен жәрдем болмақта. Ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсан дыққат итибардан шетте қалмаўы ушын, жолға қойылған бүгинги ийгиликли ислер және де аўызбиршиликке жәмлестирмекте.
Жумагүл Ембергенова,
өз хабаршымыз.
