Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң 2022-жыл 20-декабрь күнги Олий Мажлис нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Өзбекстан халқына мүрәжатнамасы болып өткен еди.
Мүрәжатнаманы үйренер екенбиз, Республикамыздағы раўажланыўлар мәрдана халқымыздың ислеген мийнети жоқары баҳаланып, Ҳүкиметимиз тәрепинен шексиз миннетдаршылық, алғыслар айтып атырғанлығының гүўасы боламыз. Ҳақыйқаттан мийнет сүйер халқымыз өзлериниң ҳадал мийнети арқасында Республикамыз раўажланыўына өз үлеслерин қосып барлық тараўларда үлкен раўажланыўлардың гүўасы болмақтамыз.
Ҳүрметли Президентимиздиң усы жылғы Мүрәжатнамасы ҳәр жылғыдан өзгеше екенлиги бизди тәсирлендирди. Бул жерде Мәмлекет басқарыўынан баслап социаллық тараў, Нызамшылық, Экономика тараўы ҳ.т.б тараўларда үлкен мәнзилли режелерди көриўимизге болады. Республикамызда ең машақатлы тараўлардың бири – Социаллық тараў. Соның ишинде билимлендириў, тәлим-тәрбия тараўы. Бул машақатлы тараўға болған итибардың бүгин Мәмлекет итибарында болыўы бәрше устаз тәрбияшы педагогларды үлкен қуўанышқа бөледи. Дана халқымыздың «устаз атаңдай уллы», «бир ҳәрип үйреткен устазға қырық жыл сәлем бер» деген шақырығы мүрәжатнамада өз тастыйығын тапқанлығын көремиз. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп белгилеўиниң өзи тосыннан емес, ҳәр қандай раўажланыўдың арқасында үлкен сапалы билимлендириўдиң бар екенлиги ҳәммемизге мәлим. Демек, Президентимиздиң билимлендириў сыпатын асырыў, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўының бирден-бир жолы деп айтқанындай билимлендириў жоқары болса инсанда раўажланыў болады. Инсан раўажланса Жәмийет раўажланады. Бизиң келешегимиз биз устазлар ҳәм ата-аналар берип атырған тәлим-тәрбияға байланыслы. Мүрәжатнаманың жәнеде бир итибарымызды тартқан тәрепи Президентимиз тәрепинен Ең әўели инсан, кейин жәмийет ҳәм мәмлекет деген идеяны илгери сүриўи, соңғы жыллары мәмлекетимизде инсан қәдири деген принциптиң жоқары болыўы, сондай-ақ, халқымыз бизден, бүгинги күнинен разы болсын, Уллы келешегимизди мәрт ҳәм жоқары мәртебели халқымыз бенен бирге қурамыз деген журтбасшымыз сөзлери халқымыздың реал турмысының мазмунына айланды.
Батырбек джолдасбаев,
ҚМУ архитектура факультети тюторы.
