Физиологлардың пикиринше узақ ўақыт қантлы затларды жемеў организмниң ҳәлсиреўине, ҳәттеки пикирлеў қәбилетиниң төменлеўине алып келер екен. Қант организмге басқа тағамларға салыстырғанда тез сиңеди ҳәм қант жақсы сорылады.
Қант ең дәслеп Ҳиндстанда қант қамысынан ажыратып алынған. Ҳинд тилинде «саккара» деп аталып, соңынан русша «сахар», өзбекше «шакар», қарақалпақша «шекер», арабша ҳәм немисше «суккор» атамалары келип шыққан.
Искендер Зулхарнайн әскерлери Ҳиндстанға жүрис қылғанда ҳиндлеро қандайда бир қамысты женшип, қайнатып, оны аппақ қантқа айландырғанына гүўа болады. Әскерлер арасында Теофаст исимли ботаник болып, қант қамысының дүзилиси, қандай ықлымда өсетуғынлығы ҳаққында дәслепки мағлыўматларды жазады. Соннан баслап қант Европаға келтириледи. Инсанлардың қантқа болған талабы, әсиресе, XVIII әсирге келип шай, кофе, какао ишиў үрдиске айланғаннан соң оғада артады. Қурамында қанты бар өсимликлер оғада көп, бирақ олардан қант ажыратып алыў қымбатқа түседи.
Мине, усы дәўирде Петербургли фармацевт Константин Кирхов зәрүр болған, яғный дәри-дармақларға қосылатуғын, тек ғана араб мәмлекетлеринде өсетуғын арнаўлы теректиң желими – «гумми–арабик» оғада қыт ҳәм қымбат болғанлықтан бундай желимди химиялық жол менен синтезлеў бойынша көплеген тәжирийбе алып барады. 1747-жылы ол ләблебиниң шербетин ажыратып алады ҳәм оған күкирт, қойыўланыўы ушын крахмал қосып қайнатады. Қайнап атырған суйықлық тынық тартып, қойыўласып араб желимине уқсас болып қалады. К.Кирхов буның дәмин татып көрсе оғада мазалы, пал сыяқлы екенлигинен өзи де ҳайран қалады. Себеби, қант қамысы өспейтуғын мәмлекетлерде қант ислеп шығарыў ушын тийкарғы шийки зат – ләблеби екенлиги үлкен ашылыў еди. Бул жаңалығы ушын К.Кирховқа академик атағы бериледи. Тез арада дәслепки қант заводлары иске түседи.
1792-жылы Москва университетиниң профессоры Билгейм ләблебиден қант таярлаў технологиясы ҳаққында китап жазады. Сол ўақытлары ләблебиниң қурамында қант 4-5% болса, селекционер алымлардың излениўи нәтийжесинде 20-25% ке арттырылған.
Халима АБДИХАЛИКОВА,
Нөкис қаласы, 1-санлы кәсип-өнер мектеби оқытыўшысы.
