ГИПОДИНАМИКАНЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ

Семириў-бул кеселлик болып ғана қоймастан, ҳәзирги ўақытта кѳплеп басқа кеселликлерди келтирип шығарыўшы қәўипли фактор есапланады. Денениң артықша салмаққа ийе болыўы ҳәм семириў ақыбетинде зат алмасыўдың қурамалы процесслери арқалы атеросклероз, жүрек-қан тамыры кеселликлери, артериал қан басымының асыўы, эндокрин системасы кеселликлери-қантлы диабет, иммунологик ҳәм руўхый ҳәм басқада кеселликлердиң ҳәўиж алыўына себеп болады.
Семириўди емлеўден алдын ҳәр түрли зыянлы әдетлерден (сигарета шегиў, спиртли ишимликлер ишиў) ўаз кешиўи керек. Ҳәрекетсизлик, ислениўиниң бузылыўы, мийнет қәбилетиниң пәсейиўине, ўақтынан бурын қартайыўға себеп болады.
Гиподинамия-физикалық кем ҳәрекет жағдайы болып, илим менен техниканың раўажланыўы ақыбетинде болып, адамлардың физикалық ҳәрекетке болған мүтәжлигин кемейтириўге алып келеди. Буның нәтийжесинде жәмийетте адамлар арасында жүрек қан тамыр кеселлиги асып, биринши орынға шығып алды. Гиподинамия отырып ислеў сыяқлы соныңдай, буўын, омыртқа остеохондрозлары, радикулитлар ҳәм басқа ҳәр түрли кеселликлердиң ѳсиўине алып келмекте. Қыйын жағдайдан шығыўдың жолын әлбетте физикалық актив болыўдан, спорт шынығыўлары, гимнастика ислеў керек. Халық ишинде «узақ ѳмир кѳрейин десең кѳбирек ҳәрекет қыл» деген нақыл бийқарға айтылмаған.
Азанғы ўақыттағы 20 минутлық пияда жүриў күн бойы организмди тетиклестирип турады. Созылмалы кеселликлерди емлеўде госпиталымызда барлық имканиятларымыз бар, 700 метр шуқырлықтан шығып турған шыпабағыш йод бромлы суўымыз буўын кеселликлерине, нерв кеселликлерине жақсы тәсир кѳрсетип, емлениўди қәлеўшилер болса Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң госпиталына келип емленип, тәбият қушағында заўықланып кетиўлерине шақыраман.

Т.СЕЙТМУРАТОВА,
Қ.Р.ИИМ Госпитал баслығы, подполковник.
Т.ЕРЛЕПЕСОВА,
Жоқары категориялы терапевт шыпакери.