Ѳзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы Нѳкис қалаларара Қорғаў бѳлими тәрепинен Ѳзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң Пәрманлары, Қарарлары ҳәм басқа да норматив ҳүжжетлери тийкарында мәлим дәрежедеги жумысларды әмелге асырмақта. Қорғаў хызметиниң алдына жүклетилген, мүликшилик түринен басқа да материаллық байлықларды жынайы ис-ҳәрекетлерден қорғаўдай хызметлери орынланып келинбекте.
Нѳкис қалаларара Қорғаў бѳлими хызметкерлери тәрепинен қорғалып турған халық хожалығы объектлери ҳәм пуқаралардың үйлерин қорғаўды күшейтиў бойынша кѳрилген илажлар нәтийжесинде олардың бирде-бир урлық ислениўине жол қойылмады.
Республикада ҳуқық ҳәм нызамлылықтың сақланыўына, мәмлекетлик ҳәм урлықлардың алдын алыўда Қорғаў бѳлими жеке қурамы ѳзлериниң мәлим дәрежедеги үслеслерин қосып келмекте.
Кейинги ўақытлары айырым мәкеме, кәрхана басшылары Қорғаў бѳлими менен дүзилген шәртнамаларды бийкарлап, қораўды мәкемениң ѳз қараўылларына тапсырып атыр. Усы себепли қорғаўдан кеткен объектлерде кѳплеп майда урлықлар жүз бермекте.
Биз ушын қорғалып турған объектлерден жүз бериўи мүмкин болған урлықлардың алдын алыў бойынша, қорғаўдың сапалылығын асырыў, оларға заманагѳй қорғаў сигнализация үскенелерин орнатыў, исенимли қорғаў дәрежесин кѳтериў бойынша қосымша имканиятларды қыдырыўға бизге мүлкти қорғаў ушын тапсырған пуқаралар кәрхана ҳәм мәкемелердиң исенимин ақлаў ушын бар күш ҳәм үскенелерден сапалы пайдаланыўға түртки болмақта.
Ҳәзирги күни Қорғаў бѳлимлери республикамыздағы мәмлекетлик, жәмәәт ҳәм жеке мүликти қорғаўға арналған бирден-бир қәнигелестирилген кәрхана болып есапланады.
Сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм пуқаралардың турар жайларындағы жеке меншик мүликлерин қорғаўдың 4 түринен пайдаланып, әмелге асырмақта. Булар, қараўыллық, әскерлескен сақшылық, мәкеме сап бѳлимшелери ҳәм техник қорғаў пультлери.
Бүгинги күни қорғаў хызмети заманагѳй сигнализация әсбап-үскенелери менен толық тәмийинленген. Ѳз ўазыйпаларын атқарыў ушын лазым дәрежеде қәнигели хызметкерлер ҳәм материаллық-техника үскенелерине ийе.
Ѳзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы Нѳкис қалаларара Қорғаў бѳлими тәрепинен мекеме, кәрхана объектлери ҳәм пуқаралардың жеке меншик мүликлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген режелер тийкарында жумысларды әмелге асырып барады.
Наргиза НАЎРУЗБАЕВА,
Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы Нѳкис қалаларара қорғаў бѳлими 1-отряд 1-топар командири аға лейтенант.
