«ЖҮЗИМ БАҒ»ТАН ЖЕТИЛГЕН ЖУРНАЛИСТ

Баспасѳз журналистикасына жумысқа араласып, қәлем тербетип халыққа сѳз унатып танылыўдың ѳзине тән машақатлы, басып ѳтер жолы бар. Бул жолда ҳәмме де мәрдана мийнет етип кете алмайды.
«Қарақалпақстан жаслары» газетасында Зибийра Абдиниязова деген исм, фамилияның пайда болып, танылғанына да мине быйыл сәл кем жигирма бес жылдың майданы болмақта. Зибийра гѳззал пайтахтымыз Нѳкиске жақын ғана, бағшылығы менен аты шыққан әжайып «Жүзим бағ» аўылынан, Келешегин журналистикадан табыўды мақсет еткен, ол Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика қәнигелигинде оқып, тәлим алды. Студент ўақытларынан баслап-ақ, баспа сѳз есиклерин үлкен үмитлер менен ашып, белгили журналистлер менен танысып, баҳалы жол-жобаларын алды.
2002-жылдан баслап «Қарақалпақстан жаслары» газетасында арнаўлы хабаршы болып ислеп келмекте. Кәсип жуўапкершилигин терең сезинип, жаңадан-жаңа мақалалар жазып, мудамы изленисте болып, дѳретиўшилик жолын және де байытып, салмақ тасы басым мақалалары менен таныла баслады. «Алма пис, аўызма түс…», «Түлкишек қашан айтылады» атлы сын мақалалары кең жәмийетшиликке қозғаў салып, орын алып киятырған машқаланың шешимин табыўға аз да болса ѳз үлесин қосқанын айрықша атап ѳтиўимиз тийис. 2008-жылы «Жаслар жылы»нда болса газетамызда турақлы түрде «Жаслар анкетасы» рубрикасын алып барды. Бул арқалы елимизге белгили инсанлар жаслығы, жеке пикири газета оқыўшыларына жеткерип берилди.
Әсиресе, ол районларға да журналистлик хызмет сапарына барыўдан ҳеш ўақыт бас тартпай, бир қатар қунлы мақалалар таярлап келмекте. Түрли тараўлардан мағлыўматлар алып, оны сѳйлетип тартымлы мақала жазыўдың ѳзи болмайды. Бир сѳз бенен айтқанда, қәтесиз, кемшиликсиз мақала артында сондай үлкен жуўапкершилиги аўыр мийнет турады. «Жәрдем қолын созыў-инсаныйлық ағла пазыйлетимиз», «Ҳәким жәрдемшиси: Мақсет-халықтың абаданшылығын тәмийинлеў», «Боз атаўым, боз отаўым, боз ордам», «Таўыс қусын жаратыў ушын бес мың үш дана моншақ сарыплаған ѳнерли қыз», «Жаңа базар» дағы жаңалықлар».
«Аналар ҳәййиў айтқанда», «Ҳеш бир бала меҳир-итибардан шетте қалмайды», «Уллы мақсетлер жолында» ҳәм «Нѳкис-FM» радиожурналистлер менен бирге «Күтилмеген мийман» акциясы шеңберинде белгили инсан менен ушырасып мақалалар таярлады.
Усындай бир қатар салмақлы мийнетлери әлбетте ѳз баҳасын таппақта. З.Абдиниязова «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазы, Ѳзбекстан журналистлер аўқамы тәрепинен ѳткерилип киятырған «Әтиргүл-2011» таңлаўының жеңимпазы, «Ғәрезсизлигимиздиң 25 жыллығы кѳкирек нышаны ийеси». Ѳткен жылы 8-декабрь-Ѳзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамы мүнәсибети менен Конституциямыздың 30 жыллығы кѳкирек нышаны менен сыйлықланды.
Зибийра шаңарағында ең бахытлы аналардың бири. Оның шаңарағы журналистлер шаңарағы. Ѳмирлик жолдасы елимизге белгили журналист, «Еркин Қарақалпақстан» газетасы бас редакторы ўазыйпасын атқарыўшы Қурбанбай Байниязов пенен еки ул ҳәм еки қызды тәрбиялап, қатарға қоспақта. Жәмәәтимиз бенен арасында той-мерекеге жыйналып қалсақ, әлбетте Зибийраның пазенделиги, қонақ күтиўге шеберлиги тилге алынады. Қыйыннан қыйыстырса да, бир әжайып нәрселер таярлаўға еринбейтуғын мийнетсүйгишлигинен базы да үйрениўге туўра келеди.
З.Абдиниязова соның менен бирге ҳәзирги ўақытта пайтахтымыздағы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде дѳретиўшилик мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы болып ислемекте. Китапқумар ҳәм әдебиятсүйер оқыўшылардың қатарының кѳбейиўине ѳзиниң ылайықлы үлесин қоспақта.

Кәсиплесимиз Зибийра Абдиниязова быйыл 50 жасты қарсы алмақта. Ярым әсирлик жасыңыз қутлы мүбәрек болсын, деймиз. Журналистлик талантыңызға пидайылық жарасқан, дѳретиўшилик жолыңыздың еле де жемиси мол бола бериўине тилеклеспиз.
Жумагүл
ЕМБЕРГЕНОВА,
өз хабаршымыз.