…Сиз бенен түсиникли түсиниксиз дүнья.
Устаз – тәрбияшы, әзиз муғаллим!
Мениң ең жақын қәлемлес досларымның бири Ш.Аяповтың бул қосық қатарлары ҳәрдайым есиме түскенде бизди тәрбиялап өсирген, билим, илим майданына алып шығыўға себепши болған көплеген муғаллим-устазларым бирме-бир ядыма түсе береди. Ал олардың биразы келмеске атланғаны өкиндиреди. Не шара, бул өмир заңлылығы болғанлықтан көнбеске, оларды еске алмасқа илаж жоқ. Бирақ бизиң менен бир қатарда жүрип өмир сүрип атырған айырым, сийрек ушырасатуғын муғаллимлерди көрсем, төбем көкке жеткендей қуўанып, еки қоллап сәлем бериўди өзиме бахыт санайман. Олардың қатары азайып баратырғаны да өмир диалектикасы-ғой! – деген түсиникке берилмеў мүмкин емес.
Билим майданына атланған ўақытларымды ҳәзир еслесем, мен баслаўыш классларда онша жақсы баҳаларға оқыдым деп айта алмайман. Себеби төрт үйли ғана аўылдағы үйимизге ең жақын аралықтағы үш шақырым жерге жайласқан баслаўыш классқа жаздың ыссы қуяшы ҳәм қыстың қақаман суўығында жалғыз өзим қатнап оқыўым, буннан тысқары сол төрт жыллық мектепте төрт класслардың барлығына да бир бөлме ишинде Турғанбай аға Исмайловтың күйип-жанып түсиндириўге урынған сабақларының, онша қызық емеслиги ме, мудамы бир муғаллимниң күнде-күнде «мийимизди шағып», гейде азы кем кемшилик ямаса үй тапсырмасын орынламай келгенимиз ушын аяўсыз жазалаўлары, қулақты бураўлары ма, тас көтергизип қойып үстимизден күлиўлери ме, қулласы басқа да себеплер мени бул баслаўыш тәлимде билимге онша қызықтырып, өзине тарта алмады десем ҳақыйқатлықты айтқаным шығар?!
Мениң бахтыма 1-классты тамамлаған жылы сол төрт жыллық мектеп биротала жаўылып қалып, Қарасыйрақ аўылдағы сегиз жыллық мектепке тағы жалғыз өзим қатнап оқый басладым. Ал бизлер баслаўыш тәлимди питкерген жылы сегиз жыллық мектебимиз жаңа имаратқа көшип қоныс басты. Сол жылдан баслап ҳәммеге мәлим, баслаўыш билимди тамамлап, ал 5-класстан баслап (1969-жыл) түрли-түрли пәнлерден ҳәр қыйлы қәнигеликтеги муғаллим-устазлар сабақ бере баслады. Әлбетте, олардың ҳәр қайсысының өзине тән жүрис-турысы, кийиниўлери, сөйлеген сөзлериниң манерасы да ҳәр қыйлы, көп түрлилиги менен мениң ықласымды айрықша тартыў арқалы билимге зор қызығыўшылығымды оятты. Усындай әзиз устаз муғаллимлеримнен тарийхшы А.Өтеев, қарақалпақ тили ҳәм әдебиятынан А.Пурханов пенен Т.Өтеев математика ҳәм физикадан, А.Хленов пенен Э.Әлибеков, рус тили ҳәм әдебиятынан Т.Темиртасов пенен Б.Тәшеновалар қатарында ботаника, зоология, химия ҳәм адам анатомиясы, физиологиясы сабақларынан Ж.Пурхановлар өткен сабақлар ықласымды айрықша тартып, олардың ҳәммеси де мениң билимге қуштарлығымды күшейтти. Солардың ишинде айрықша Жамал Пурхановтың өткен ҳәр бир сабақлары ҳәзирге шекем тасқа тамға басқандай ядымда мөрленип қалған.
Мен арнаўлы түрде сөз етейин деп отырған Жамал аға сол 5-класстан баслап сабақ оқытқан күнлери жаңа ғана институтты питкерип келген, басқаларға қарағанда жас ҳәм талапшаң, қаталлығы басым, жүрис-турысы шаққанлығы менен көзге түсетуғын еди. Ол бизлерге ботаникадан сабақ оқыта баслады. Сонда Жамал ағаның оқытқан сабақларының биринде помидордың ишки биологиялық ҳәм химиялық дүзилиси бойынша устаз таза тема өтти. Сол ўақытта үйге тапсырмаға сабақлық китапта сәўлеленген помидордың ишки қурылысы салынған сүўретти жеке оқыў дәптеримизге салып келиў тапсырылды. Мен үйге келип сол сүўретти үлкен ықлас пенен салған қусайман. Сонда ертеңине келеси сабақта муғаллим – Жамал аға мени мақтап, көтермелеп «айрықша» баҳасын қойғанына төбем көкке жеткен. Соннан баслап ҳәр бир сабақта «бес» алыўға умтылып оқыйтуғын болдым. Ырасын айтқанда математикадан әдеўир қыйналатуғын едим. Ал мени басқа пәнлер қатара Жамал аға өткен ҳәр бир таза сабақ айрықша қуўанышларға бөлеп, мисли кино ямаса концерт, спектакль көрип отырғандай өзгеше руҳланатуғынымды ҳәзир еслесем, булардың барлығы Жамал ағаның билиминиң тереңлигинде, методикалық шеберлигиниң жетик екенлигинде. Оның сабақ түсиндирип сөйлегенде ҳәр бир сөз, гәплерди тақмақлап, айрықша түсиникли түрде, дикторларша сөйлеп айтып бериў шеберлиги зор болғаны, өзин тахта алдында ямаса отырғанда услап тутыў мәдениятының дыққатты қаратарлық үлгили болғаны ушын, бүгинги күнлери ер жетип илимпаз-устаз ҳәм ғаррылыққа аяқ басқан ўақытлары анық билип атырман!
Ж.Пурханов сабақ өткенде класстың ишинде «сылт» еткен сес шықпайды. Ҳеш ким сес шығармай ишинен дем алып отырғандай ҳалат ҳүким сүреди, тек ғана Жамал ағаның даўысы жағымлы, түсиникли түрде еситилип, тап бир артистлер тақмақлап мийимизге билим қуйып атырғандай сыяқлы қубылыс пайда болар еди.
Ол ҳәр бир сабаққа ажыратылған ўақытты жүдә-жүдә үнемлеп, орынлы түрде мөлшерлеп, ҳеш бир саңлақ, зыят аўысық ўақыт қалдырмастан пайдаланып бөлистирер екен. Сол себепли де устаз таза сабақты толық түсиндирип ҳәм беккемлеп, үйге тапсырманы анық белгилеп бергеннен-ақ қоңыраў «сыңғыр-р» ете қалады. Сонда бизлер сол сабақтың және даўам ете бериўин қәлер едик. Бәлким бул мениң, сол ўақыттағы устаз шеберлиги менен оның берген билимлерине қайыл қалыўым, жеке ықласларым шығар, ким билсин…?! Өйткени муғаллим қанша күйип жанып түсиниклер берсе де төмен оқыйтуғын оқыўшылардың болыўы тәбийғый ғой!
Жамал ағаның өз кәсиби менен пәнин жүдә жақсы көрип ҳәрекет ететуғынлығын, устаз муғаллимшилик методикалық шеберлигин анық көрсете алатуғын бир ўақыя соңынан өзимиз устаз муғаллим, илимпаз болғаннан кейин тез-тез ядыма түсетуғын болды. Анығын айтсам, Жамал аға бир күнлери үйге тапсырманы сорастырып болғаннан кейин, таза тема алдында, бизлерге бир еки сораў берип, дурыс жуўап алмағанлықтан былай деди:
– Сизлердиң барлығыңыздың унамсыз тәреплериңиз, қолыңыздағы усы пәннен сабақлық китапты үйде ашып көрип оқымайды екенсиз-ғой! Бул ең жаман әдет. Яғный, ҳеш бир оқыўшыда ушыраспаўы керек унамсыз қылўалардың бири. Өйткени мен өткен сабақта тийисли темаға керек болған орынларды китаптағыдан таслап кетип түсиндирген едим. Бундағы сынақ-мақсетим сол, сизлер сол мен таслап кеткен орынларды китаптан оқып толықтырар ма деген ой болды. Олай болмады… – деди жатық тил менен бизлерге сын көзлерин сүзип қарап.
Әлбетте, бул пикирлерди муғаллимге түсинген оқыўшылар жақсы сезген болыўы керек. Ал мен де көпшилик қатары Жамал ағаның таза сабақ бойынша түсиндирген билимлерди қатықулақлық пенен аўзынан илип алып, ендиги сабақта муғаллим сорай қойса, қалдырмастан айтып берер едим. Ал Жамал ағаның айтылған сынақ тапсырма сөзлеринен кейин, әлбетте, үйде оның айтқанларын сабақлық китапты оқып, салыстырып көретуғын әдетке айландырдым десем, өзимди ямаса устаз муғаллимди көтермелегеним емес.
Ж.Пурхановтың бизлерге сабақ өтиў ямаса класстан тыс орынларда да оның алдында ҳеш бир оқыўшы тәртип бузып, қатты сөйлеп, орынсыз ҳәрекетлер ислегенин есиме түсире алмайман. Себеби, ол көзине көзилдирик таққан нәзерин сүзип қарайтуғын сыртқы келбети, жүрис-турысы менен өз қаталлығы ҳәм талапшаңлығын, белсендилигин ҳәммеге қутырып, түр-түсин суўытыңқырап жүретуғынлығы анық сезилер еди. Сол себепли ме, оның барлық сөйлеген сөзлери менен ис-ҳәрекетлери, шақмақтың тасындай беккем тыянақлы қәсийетлери өз кәсиплеслери алдында үлгили, унамлы көринип, биз айтып отырған Кегейли районындағы 10-санлы Әмет Шамуратов атындағы орта мектепте директорлық лаўазымын унамлы түрде бир нешше жыллар бойы атқарды, сол елат, халық, кәсиплеслери алдында үлкен абырой, ҳүрметке ийе болды.
Бирден сырттан баҳалағанда устаз муғаллим ағамыз Ж.Пурханов минези сәл-пәл «шеплеў», шурт минез, қаталлығы басым болса да, ал адамгершилиги менен меҳирбан ғамқорлығы зор инсанлардың бири. Ол усындай қәсийетлериниң басымлығы себепли ме, бәлким, химик-биолог болғанлықтан ба, сыртқы орталық: тәбият пенен ҳайўанатлар дүньясына үлкен гуманизм, айрықша дыққат пенен қатнас жасайтуғынлығы инсанияттың ең унамлы, үлгили сыпатларының бири болса керек. Ж.Пурханов дийқаншылыққа қумар ҳәм егингершиликтиң мәдениятын жақсы меңгерген инсан.
Усы пикирлериме байланыслы ўақыяларды келтирсем, ҳәзир айқын түрде қызығыўшылық пенен еслеймен… Устаздың туўысқан ағасының баласы, бизлер бир класста оқыйтуғын Караматдин менен екеўимиз Жамал ағаның тапсырмасы менен қоян асыраў ушын қутыға мегзес уя-кетеклер соққанбыз. Ол ушын қара тал ямаса ақ тал шақаларын бирдей етип пышқылап кесип, арасын тығызлап гөжек, қоянлар шығып кетпестей етип шегелер едик. Усы ўақыялар ҳәзирги ересек жасларымызға күлкили ҳәм қызықлы түйиледи. Сол ўақытлары Жамал ағаның Караматдин екеўимиздиң қасымызға келип-кетип жүрип қоянлардың анатомиясы, физиологиясы тағы басқалар туўралы гүрриңлери класстағы сабақтан гөре анағурлым тәсирли ҳәм терең мазмунлы сөзлер еди дә!
…Жамал ағаның сабақ ўақытлары бир нешше мәртебе қайталаған сөзлери есимнен шықпайды:
–Оқыўшыларым, ини-қарындасларым, сизлер ботаника, химия, зоология, адам анатомиясы, физиологиясы… улыўма биология сабақларынан қаншелли жақсы оқып билим алсаңыз, келешекте орта арнаўлы медицина қәнигелерине жетеқаба, солар тақылетте инсан болып жетисе аласыз, ден саўлығыңызға дурыс қатнас жасап, медициналық мәдениятыңыз оянады… Әне бул ҳақыйқат ҳақ дурыс ақыл-нәсияттың бири емес пе?!.
Ҳәзирги ўақытта Ж.Пурханов өзине уқсаған халық сүйген ул-қызларды өсирип жетилистирип, келин жумсап, Оралхан жеңгемиз бенен татыў түрде өмир кеширип, сексенди қушақ ашып күтип алып, тәндар, шийрақ адымлары менен ел-халық алдында жасап атырғаны қуўанышлы. Оның туңғыш перзентлериниң бири Зинатдин Пурханов болса әке жолын даўам еттирип, химик-биолог устаз муғаллим болыў менен қатар сол мектеп директорлығын бираз жыллар үлгили түрде атқарды. Оның қостары болса Әмина Мәмбетназарова мениң университетте оқытқан алғыр шәкиртлеримниң бири сыпатында сол мектепте қарақалпақ тили ҳәм әдебиятынан сабақ оқытып, устазлық етип атыр. Устаз муғаллимниң және бир келини Сапаргүл болса сол билим орнында китапхана ашып жас өспиримлердиң илим билимлерин нығайтыўға хызмет етпекте. Жамал ағаның басқа ул–қызлары менен келинлери де өз жайында, унамлы түрде өмир сүрип атырғаны, әлбетте, устаз муғаллимниң бахты ҳәм өмирге деген илҳам йошын арттырмақта. Ж,Пурхановтың биз айтқандай үлгили қәсийетлери есапқа алынып ҳүкиметимиз тәрепинен оған Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери деген мәмлекетлик атақ берилген.
Ж.Пурхановтың ҳәзир сексен жастан асып, жаңа Өзбекстанды көрмек ушын ел халық алдында үлкен йош пенен жасап, шыйрақ қәдем таслап жүргени оның барлық шәкиртлери ушын үлкен қуўаныш, йош инам етсе керек… Әттең, әттең, мен өз кәсибимнен мол табысларға ерискен болсам да, Жамал ағама усап неге… неге тәбият пәнлериниң, бири бойынша қәнигеликти ямаса медицина маманлығын ийелеўге умтылмадым, қудиретим жетер еди-аў, деймен ишимнен толғанып. Бирақ әрманлар шексиз-ғой! Ал ағла инсанлардың өмир жолларына, жеке адамгершилиги менен халық алдындағы атқарған зор хызметлерин жоқары баҳалап, оларға еликлеңкиреп жасаў да бахыт болса керек!
Жанызақ Есенов,
Филология илимлериниң кандидаты, доцент.
