Шөплерди өртеўге жол қоймайық

Ана тәбиятымыздың ең бир гөззал көринислериниң бири бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен турақ жайлар, мәкеме ҳәм кәрханалар әтирапын абаданластырыў жумысларын алып барыў ўақтында от-шөплерди бир орынға жыйып, кишкене атыздың ишине жыйнап өртейди. Соннан оны толық өширип, көмип таслаўға онша әҳмийет бермей, көпшилик жағдайда, тилекке қарсы өрт келип шығады. Бәҳәр мәўсиминде шөплер оғада қурғақ болады. Сонлық

hp photosmart 720

тан ҳәр биримиз балалардың шырпы, яғный от пенен ойнаўына жол қоймаўымыз керек.
Районымызда бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып халык хожалығындағы барлық жетискенликлеримизди асырыў ҳәм оны көбейтиўге үлес қосыў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз болып табылады. Бүгинги күнде елимиздиң Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери пуқаралардың денсаўлығын ҳәм елимиз байлықларын сақлаў ҳәм қорғаўдай ийгиликли ислерде олар күни-түни хызмет атқарып атыр «Аўырыўды емлегеннен оның алдын алған абзал» дегендей, айрықша жағдайлардыӊ алдын алыў, оннан қорғаныў уқып ҳәм билимимизди жетилистирип барыў ҳәр қандай инсан ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Ш.Убенов,
Тақыятас районы АЖБ 16-ƟҚБ смена баслығы капитан.