Шаңарақ әсирлер даўамында муқаддес есапланып, бәрқулла ондағы сыр сақланып, қәдирленип келген. Әсиресе, шаңарақта перзентлер туўылған сайын ата-ананың қуўанышы асып, турмысы еле де беккемленип барады. Бүгинги күни перзентлеримиз тәрбиясы билими, олардың ѳнер үйрениўи сыяқлы жақсы пазыйлетлери мәмлекет дәрежесине кѳтерилди. Сол себепли биз муғаллимлерге үлкен ўазыйпалар жүкленип, билимлендириў системасын жақсылаўға жүдә үлкен итибар қаратылып атыр. Басқышпа-басқыш муғаллимлердиң ис ҳақылары кѳбейтилип, сапалы билим бериўине кең имканиятлар жаратылып атырғанынан жүдә қуўанышлымыз. Мен бийкарға шаңарақ ҳаққында гәп басламадым. Ҳәр бир ул-қызларымыз негизи тәрбияны шаңарағында алып баслайды. Сол себепли ата-ана перзент дүньяға келиўден ѳз минез-қулқындағы жѳнсиз ҳәрекетлерин жоғалтып, ул-қызларына жүдә итибарлы қарап, тәрбияны жақсы алып барыўы зәрүр. Баланы артықша телефонда отырыўынан асыраў, телевизордағы мәниссиз сериалларды кѳриўден алыслатыў керек. Енди қәлипесип киятырған жас санасын асыраў, оларға тек мазмунлы информацияларды бериў ата-ананың ўазыйпасы. Буннан соң мектепке шекемги билимлендириў, кейин ала мектеп балалар ушын тәрбия, билим дәргайына алынады.
«Баланы жастан» деген даналық гәп бийкарға айтылмайды.
Бүгинги күни күни-түни телефонда интернетке кирип, түрли болар-болмас мағлыўматларды ѳзине алып, солар арқалы жаңа ѳмирге қәлиплесип атырғаны ырас гәп. Ҳәр күни дүньядағы қорқынышлы ўақыялар, адамлардың жанына қаслық етиў сыяқлы ўақыяларды кѳре берсе оның психологиясы ѳзгерип барады.
Ата-анасының «телефонды қой, қарама»-деген сѳзлерин балалар бүгинги күни еситкиси де, орынлағысы да келмейди. Телефон баланың психологиясын ѳзгертиў менен бирге еситиў, кѳриў, дем алыў жолларына жаман тәсир қылады.
Сол ушын ата-ана ҳәр күни балаларының ҳәрекетин нәзерден қашырмаўы керек.
Әкеси улына, анасы қызына итибар менен қараса бир қанша жаманлықлардың алды алынады. Ҳеш қашан баланың жаманы болмайды. Тәрбияның дурыслы берилмесинен тәрбиясыз перзентлер ата-ана менен жәмийетти қыйын жағдайға салып қойыўы мүмкин. Шаңарақтан басланатуғын тәрбияны биз муғаллимлер жақсы даўам еттириўге ҳәр бир минутта таярмыз.
Мансур Хожабаев,
Кегейли районы 55-санлы айырым пәнлер қәнигелестирип оқытылатуғын класы бар мектептиң муғаллими.
