Студентпен. Шымбайдан Нөкис автовокзалына келип үйге шекем жөнелисли таксиге миниўим керек еди. Мениң минетуғын маршрутым «15». Әдеттегидей арқа орынлыққа отырдым. Алдынғы орынлыққа шама менен 19 – 20 жаслардағы бала минди, мениң қасымда бир қыз ҳәм арқа тәрепинде бир аға отырды. Жөнелисли такси «Шадел» тойханасының қасында бирден тоқтады. Азғана күтип турды, мен түсинбедим «Неге жүрмей атыр?» деген сораў менен айланама нәзер тасладым. Бир ўақытта жасы 35-40 жаслар шамасындағы апа менен 50-60 жас шамасындағы бир аға келди. Жаңағы аға тентиреклеп бир аяғын зорға басып жүрип келер еди. Бизлер мәс болса керек деп ойладық. Жаңағы апа Дамастың алдында отырған балаға қарап:
– Балам, орын бересеңбе ағаңа? – деп сорады.
Жигиттиң жуўабы қысқа болды:
– Яқ, бералмайман!
Жаңағы апа ағаға қарап еплеп отырағойың аўызда, – деди.
Сол пайыт арқа тәрепте отырған киси мына жақта бос орын бар, деди ыңғайласып.
– Яғаў, ағаңыздың бир аяғы бүгилмейтуғын еди. Сол себепли алдында отырғызайын деп едим деди. Бизлер алдында отырған балаға қарап, орын берсең-о, – деп айттық, бала үндемеди. Кейин отырып болған соң ағаның аяғының аўыратуғынын билип, аға келиң отырасыз ба билмей қалдым деди, «яғаў балам, отырабер» деп апа қозғалмады.
Алдында отырған бала қызарып басын жерге ийиўи менен отырды. Ол бала жолда түсип қалды. Соң шофёр:
– Эҳ, адамларға не болып баратыр я? «Мийрим-шәпәәт деген қайда қалды?
Әлбетте, бундай жағдайда ҳәммениң де ашыўы келеди. Көз алдымызда болған ўақыя, ойламаған жердеги өкиниш кеўлимизди шөктирди.
Гулчеҳра ТУРҒАНБАЕВА,
ҚМУ, Телерадио журналистикасы қәнигелигиниң 1-курс студенти.
