ЖЕҢИМПАЗ ЖӘНЕ ЖЕҢИМПАЗ БОЛДЫ

Еки жылдан берли мектеп оқыўшылары арасында ѳзгеше бир таңлаў ѳткерилип киятыр. Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги, халқымыздың сүйикли перзентлери И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов шығармалары билимданлары анықланады. Уллы шайыр ҳәм жазыўшының ҳәр бир шығармасы, қатары, сѳзлери дерлик халқымыздың жүрегинен орын алған.
Пайтахтымыздағы «Бестѳбе» елатындағы 30-санлы мектептиң оқыўшысы Шахноза Абуова китапқумар, әдебиятсүйер оқыўшылардың бири. Әсиресе, И.Юсупов қосықларына соншелли ықлас қойған, шайырдың барлық қосықларын дерлик ядтан биледи. Ѳзи де қәлем тербетип, қосықлар жазады. Оның пикирлеў дүньясының кеңлиги ҳәм орынлы жерде ғана салдамлы сѳйлеўи кѳп китап оқығанынан дәрек берип турады. Барлық әдебий-мәдений илажлардың белсендиси болған Ш.Абуова еки жылдан берли жеңимпаз болып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамы менен биргеликте мектеп оқыўшылары арасында китапқумарлықты раўажландырыў, И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов шығармаларын тереңирек үйрениў ҳәм қәбилетли дѳретиўши жасларды излеп табыў, оларға ҳәр тәреплеме ғамқорлық кѳрсетиў мақсетинде ѳткерилип киятырған «И.Юсупов избасарлары» ҳәм «Т.Қайыпбергенов шығармаларының билимданлары» таңлаўының ѳткен жылы Нѳкис қалалық басқышы жеңимпазы болды. Быйыл да эстафетаны қолдан бермей 1-орын жеңимпазы болып, таңлаўдың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди. Бул басқышта сыйлы 2-орын жеңимпазы болып, Редми-1 қол телефоны менен сыйлықланды.
– Таңлаў үш шәрттен ибарат болды. Бахрубайт, сораўларға аўызша жуўап бериў ҳәм жигирма сораўдан ибарат тест сораўларына белгиленген ўақыт ишинде дурыс жуўапты белгилеў болды. Маған таңлаў шәртлери қыйыншылық туўдырмады. Жуўмағы болса қуўаныш бағышлады,-дейди Нѳкис қалалық 30-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Шахноза Абуова.
Китап оқыў-мудамы жүзиңди жарық ҳәм жолыңды айдын етери және бир мәрте ѳз тастыйығын тапты. Ѳз жеңиси арқалы мектеп турмысына да ылайықлы жаңалық қоса алған Шахнозаға, еле де пәрўазың бәлент болсын, оқыўшым деймен.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Нѳкис қалалық, 30-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.