Соңғы жылларда “Өзтемиржолқадағалаў” инспекциясы ҳәм “Өзбекстантемиржоллары” акционерлик жәмийети хызметкерлери тәрепинен темир жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, жүк ҳәм жолаўшы тасыўларды қәўипсиз әмелге асырыў, әсиресе, темиржол ҳәм автомобиль жоллары кесилиспелеринде ҳәрекет қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қатар илажлар әмелге асырылып атыр.
Атап айтқанда, бүгинги күнде жеделлик менен раўажланып атырған тараўлардан бири бул темиржол екенлиги ҳеш кимге сыр емес. Темир жоллар түрли қала ҳәм ўәлаятларды бир-бирине байланыстырып көплеген тараўлар раўажланыўына ҳәм халықтың алысын жақын етиўге мүмкиншилик жаратып атыр. Темиржоллар халық жасайтуғын аймақта тез-тез автомобиль жоллары менен кесиседи.
Усының нәтийжесинде қәнигелер тәрепинен поездлар ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде тек ғана қалаларда, бәлки районларда, шет-шет аймақлардағы темиржол ҳәм автомобиль жоллары кесилискен мәнзилде заманагөй, соңғы маркадағы автоматластырылған шлагбаумлар, қадағалайтуғын ҳәм ескертиўши шыралар ҳәм де белгилер орнатылған. Бирақ соған қарамай, айырым айдаўшылар тәрепинен кесилиспелерде ҳәрекет қәўипсизлиги қопал түрде бузылыўы ақыбетинде темиржол инфратузилмесине материаллық зыян жеткермекте.
Айырым айдаўшылар жол кесилиспелеринде жақынласып киятырған поезд ҳаққындағы ескертиў белгилерин көрип турса да жолды кесип ѳтпекши болады. Ақыбетлери болса бәршеге мәлим. Усының себебинен инсанлар тән жарасын алыўы, гейде ерте ѳмирден көз жумыўына алып келип атыр ҳәм де ҳәр еки көликге де мәлим дәрежеде материаллық зыян жеткерилмекте.
Үлкен тезликте киятырған поезд айрықша тоқтап қалыўы ушын ең кеминде 800-1000 метр, жоқары тезликте ҳәрекетлениўши локомотивлар ушын болса оннан да көбирек аралық талап етиледи. Бул жағдай кесилиспелерде айдаўшылар қырағылықты және де арттырып, барлық қағыйдаларға әмел етиўлери кереклигин талап етеди.
Жол кесилиспелериндеги соқлығысыўлардың алдын алыў мақсетинде “Өзтемиржолқадағалаў” инспекциясы Аралбойы аймақлық филиалы бас инспекторлары тәрепинен үзликсиз түрде өз темиржолына ийе санаат кәрханаларында, меншикли автомобиль ийелери арасында ҳәм де темиржол қасында жасаўшы автомобиль транспорты бар адамлар ортасында, мектеп ҳәм мәҳәллелерде, айдаўшылар таярлаў оқыў мәканларында сәўбетлер өткерилип атыр.
Соның менен бирге, Темиржол кесилиспелеринде қәўипсизлик бойынша ҳәр жылы бәҳәрги ҳәм гүзги көриклер Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты автомобиль жоллары бас басқармасы хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ИИБ ЙҲХ ЙИНҚБ бөлим хызметкерлери ҳәм де Темиржол жуўапкерли хызметкерлери қатнасыўында әмелге асырылыўы жолға қойылған болып, 2023-жылдың көриклери ўақтында әмелге асырылды ҳәм жуўапкер хызметкерлерге керекли көрсетпелер берилди. Темиржол кесилиспелери темиржолдағы жоқары қәўипли аймақ. Буны ҳәмме есте сақлаўы керек.
Баҳром КУЛБАЕВ,
Темир жолларда жолаўшылар ҳәм жүк тасыў қәўипсизлигин қадағалаў инспекциясы, Аралбойы аймақлық филиалы инспекторы.
