Мәлимлеме-китапхана орайымызда, қарақалпақ әдебияты, өзбек әдебияты, жәҳән әдебияты, балалар әдебияты ҳәм де илим тараўлары бойынша китаплар орын алған.Орайымызға, китапқумар нураныйлардан ҳәм жаслардан соныӊ менен бирге мәкеме ҳәм кәрханалардан бир қанша китаплар саўға ретинде берилип келинбекте.
Солардан, Хожели районы АКБ «Агробанк» филиалы тәрепинен 100 дана аўыл хожалық өнимлерине ҳәм шарўашылыққа тийкарланған китаплар саўға етип берилди.
Китапта дүнья жәмийетинде халықтыӊ азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде аграр тараўдыӊ орны, әҳмийети күннен-күнге артып баратырғанлығы, мәмлекетимизде ресурс ҳәм имканиятлардан жоқары дәрежеде пайдаланып халықты аўыл хожалық өнимлери менен тәмийинлеў, өнимдарлықты және де асырыў, тараўдағы илим-пән жетискенликлери ҳәм де заманагөй инновацияларды енгизиў бүгинги күнниӊ актуаль мәселелери қатарынан орын алғанлығы атап өтилген.
«Агробанк» АКБ мәмлекетимизде аўыл хожалық тараўыныӊ жоқары дәрежеде раўажланыўына өзиниӊ үлесин қосыў ушын қаржылай, соныӊ менен бирге социаллық жойбарлар менен ҳәм аграр тараўға қаржы киритиўге итибар қаратып, раўажланған мәмлекетлер аўыл хожалығында ерискен жетискенликлер ҳәм де тәжирийбелер тийкарында тараўдыӊ жетик қәнигелери, алымлары менен биргеликте фермерлер ҳәм халық ушын дәслепки басқышта 100 китаптан ибарат қолланбалар топламын таярлаған.
Топламда, аўыл хожалық тараўы, солардан, баў-бағша ҳәм палыз егинлерин тәкирар егиў мүддетинде жетистириў, ыссыханаларда өнимлерди ислеп шығарыў, ғәллешилик, дән ҳәм собықлы егинлер, шарўашылық, балықшылық, пал ҳәррешилик сыяқлы тармақлардыӊ еӊ жоқары тәжирийбелерине ийе кеӊ көлемли илимий ҳәм әмелий мағлыўматлар берилген.
Ҳүрметли тараў қәнигелери, фермер ҳәм китапқумарлар, Сизлерди, Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайынан орын алған аўыл хожалық тараўына байланыслы 100 томлық китаптан пайдаланып, өз билимиӊиз ҳәм тәжирийбеӊизди асырыўыӊыз ушын китапты оқып шығыўыӊызды усыныс етемиз.
Ж.Қадирбаева,
Тақыятас районы, Мәлимлеме-китапхана орайы, мағлыўмат-библиография хызмети баслығы.
