Шайыр Түркменбай Жийемуратов (Мурадый) 1953-жылы Шымбай районында туўылған. Балалық дәўири Шымбай районы Шақаман аўылында өткен, усы аўылдағы орта мектепти тамамлағаннан кейин Ташкент Мәмлекетлик Университетиниң Физика факультетине (ҳәзирги Өзбекстан миллий университети) оқыўға кирип ҳәм оны 1980-жылы питкерген. Түркменбай Жийемуратовтың «Гөззаллық әлеми» (1993), «Ушыраттым бир гөззалды…» (1995), «Рубайылар» (2010.), «Кәрўан» (2013), «Ғәзийне» (2016.), «Дегиш» (2018), «Әндийше» (2021), «Қызыл жыңғыл гүллери» (2021), «Илҳам шәшмеси» (2023) атлы қосықлар топламлары, балалар ҳәм өспиримлерге арналған «Жараған түйе» (2012) атлы гүрриңлер топламы өз алдына китап болып басылып шықты. Соның менен бирге аўдармашы шайыр сыпатында белгили өзбек жазыўшы-шайырлары Муҳаммед Әлий, Абдулла Шер, Очил Таҳир, Рашидхон Шукуровтың қосықларын ҳәм Омар Ҳайямның рубайыларын, Ҳайдар Муҳаммад, Ҳабиб Сиддиқ, Саъдулла Сиёев, Жўра Фозил, Адҳамбек Алимбековлардың сатиралық гүрриңлерин қарақалпақ тилине аўдарып республикалық баспасөз бетлеринде жәриялады.
Педагог оқытыўшы ҳәм алым сыпатында 1 монография, жоқары оқыў орны студентлери ушын 2 оқыўлық қолланба, 6 оқыў-методикалық қолланба китапларын шығарды. Республикалық баспасөзде 100 ден аслам илимий ҳәм илимий-методикалық мақалаларын жәриялады.
Түркменбей Жийемуратов 1997-жылдан баслап Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылары Аўқамының ағзасы. Шайыр ҳәм педагог, алым Түркменбай Жийемуратов 2021-жылы Қарақалпақстан Республикасының «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланған. Педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Түркменбай Жийемуратов ҳәзирги күнде Әжинияз атындағы Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтында оқытыўшы болып ислейди.
Шайыр быйыл жетпис жасты қарсыламақта. Биз бул инсанды юбилей жасы менен қутлықлап, оған еле де узақ өмир ҳәм тасқын йош тилеп, соңғы жазған қосықларын газета ықласбентлерине усынамыз.
Редакция
СҮЙИЎ ДЕГЕН
Илаж жоқ ышқы азапқа көнбеске,
Ашық болып қосық жаздым он бесте,
Жүректи силкитип ғулғула салған,
Ол мәўритлер кетти енди келмеске.
Улығлайман естен кетпес сол күнди,
Сүйкимли күлисиң, сулыў көркиңди,
Туңғыш сени көрип жүрек дыз етти,
Бийлеп сап муҳаббат-ышқы еркимди.
Ышқы туйғысы әжайып, зор екен,
Гөззаллық пәк муҳаббатта дер екен,
Сүйиў деген пәк сезимниң жемиси,
Жүрек деген бир қудайы бар екен.
Жүрек ҳәмири ҳеш заңды тән алмас,
Туңғыш сезимлер бирден сөне алмас,
Ўақыт деген өте берер, тоқтамас,
Муҳаббат бул ўақыт пенен саналмас.
ЖЕКСЕН ЕТПЕЙ
(Экологиялық дебдиў)
Жексен етпей Ана жерге керекти,
Қорғайық тәбият деген деректи,
Ҳайўанат дүньясын қырып жоқ етип,
Ислемейик ҳеш нәкаслық, ғәлетти.
Қырғаўыл қусы не деген әжайып…
Көгершин де таңсық, кетти азайып,
Ҳәр бир истиң ақыбетин ойламай,
Бүгинги күни отырмыз муңайып.
Илим-билимде бәринен оздық биз,
Басқа планеталарға қол создық биз,
Ҳайўанаттың жеке жасаў дүньясын,
Ныпқырт етип жойып, гөрин қаздық биз.
Жасырмай айтар болсақ шынлықты,
Асырдық биз ҳәммеден де сумлықты,
Жоқ еттик теңизди ярым әсирде,,
Арал орнында қалдырып қумлықты.
Теңиздиң байлығы бүгин музейде,
Оны көрип еслеў…, орнын дүзейме?
Реҳим етпестен теңизди өлтирип,
Инсан әдалат шәменин безей ме?…
Даңқ әкелген сазан, сүўен, бекирең,
Бүгинги балықлар гилең қодирең,
Сүйсингендей емес жылан балыққа,
Нәйлаж, шүкир етип көнип атыр ең…
Пайда болып жасаў-үмит ушқыны,
Қақаман суўық, қақсаған қыс күни,
Теңиз ултанына сексеўил егип,
Гүреседи халқым түспей үскини.
ОҲ СЕНИҢ КӨЗЛЕРИҢ
Оҳ сениң көзлериң, қара көзлериң,
Муҳаббат отына өртеди дилбар,
Әйне он сегизге толған гезлериң,
Сап ышқымды уқсаң қәйтеди, дилбар?
Елеўреген жейран киби жүрисиң,
Гөззаллықтан дәрек берип турыпты,
Сыңғырлаған жилўа-назлы күлисиң,
Жипә-жиксиз қыйнап, диңкем қурытты.
Ақыл-ҳуўшты бийлеп алып пүткиллей,
Қәдди-қәўметлериң зейин ашады,
Сезимлер тасқыны зәрре күттирмей,
Долы дәрядайын толып-тасады.
Бәлким, сен дегенде ескен самал да,
Мүсәпирсий қалар, есип жағымлы,
Бир гөззал қызсаң-аў келген кәмалға,
Бийҳуш етер ҳәтте түнги сағымды.
Сезермен өзгеше көз-қарасыңнан,
Қандай да толқыған сезим нышанын,
Қанша ләззет аларман мен усыннан,
Қоя бер адамның сезимтал жанын!
Сырлас болып жулдыз бенен ҳәр ақшам,
Узақ таңға жалғыз суў бойын гездим,
Қанша қыйнап ышқы отында жақсаң,
Бул басыма қонған бахтым деп сездим.
ТӨРТЛИКЛЕР
Гезсем бул жәҳәнди, басып маўқымды,
Керек емес жөнсиз мейлис, ғаўқылды,
Шерият бағынынң гүлин терсем деп,
Тәрк етти киши районды шаўқымлы.
* * *
Жаўында қалжырап үстим «майланып»,
Турсам жолда көлик таппай ойланып,
Сол «жалқаў» оқыўшым иркти машынын,
Күлимсиреп, басын шайқап қыйланып.
* * *
«Ашықлық түсти» қәйтип қояламан?…
Оңымда көргендей болып оянаман,
Оянсам қызларды көрип жас ўақтағы,
Үйдеги ул-қызымнан уяламан.
* * *
Мақтамайман мен халқымды, өзимди,
Ғәлет санамаң айтқан ҳақ сөзимди,
Сүйеги мийтин, жаратылған полаттан,
Қарақалпақ ҳәр бир иске төзимли.
* * *
Тәбият «айнып», бәҳәрде суў әпсет,
Көп шаўқым, қурғақ сөз, не деген сәпсет,
Демеў болып жан тәслимде Аралға,
Алла өзиң қүдиретиңди көрсет!
* * *
Ойларым шашырар төккен тарыдай,
Йош-илҳамға қалмағайман жарымай,
Кеўилим әлемажуўа гей ўақта,
Тап күйип тортасы шыққан сары май.
* * *
Көкирек өссе пәсти көзге илмейсең,
Кеўил тоқ болмаса шынтлап күлмейсең,
Адам сыр-минезин, жақсы-жаманын,
Дүзге шығып жолдас болмай билмейсең.
* * *
Жарғанат сүймейди ҳәргиз жарықты.
Семиз мақул көрмес жүдә арықты,
От пенен суўдың әлпи алыспас,
Жақсы, жаман… билиў керек парықты!
* * *
Қызғаншақ иши жанып ғыжлап кетер,
Күншил жүреги шаншып сызлап кетер,
Өзгениң табысын дым көре алмас,
Мийинде бузық ойлар быжнап кетер.
* * *
Тайсалмай, мойынла еткен қәтеңди,
Ҳеш ким сүймес қатқан қақай сәтеңди!
Журттан ажыратып «аласлап» таслар,
«Бүлик» шығарып келтирсең пәтеңди.
* * *
Шабыўылда нөкер кийген саўытты,
Жаў үстине нөсер булттай жаўыпты,
Қарақалпақ сарбазына даш бермей,
Ораўылдан* қорқып басқы таўыпты.
* * *
Паңқылдаса айтып жайының «сазын»,
Биреў налыр, айтып газ басымы азын,
Қақаман суўықта жигин айырар,
Кимде шаш «қалыңын», ал кимниң «тазын».
* * *
Сүт шығып жарымас арық бийеден,
Кеўил жәбир көрер басқан күйеден,
Парасат жоқ пәмсиз қопал сөйлейди,
Мисли постын таслағандай түйеден.
* * *
Алмасаң табанға кирген тикенди,
Оңайма «жандырса» биреў шекеңди,
Адам кеўли нәзик болар ийилгиш,
Жумсақлығы еслетеди жекенди.
_____________
*«Ораўыл» – әскерлердиң қарсыласларын қоршап алыўы.
