Бүгинги күнде жаслардың билим алыўы, олардың мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында өз орнын табыўы тийкарғы мәселелердиң бири болып келмекте. Билим аламан, оқып изленемен деген жаслар ушын имканиятлар есиги кеңнен ашық. 2023-2024-оқыў жылында республика жоқарғы оқыў орынлары бакалавриятының күндизги тәлим түри бойынша мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында улыўма 127 мың 259 орын ажыратылған болып, онда 34 мың 930 абитуриент мәмлекетлик грант (бюджет), 92 мың 329 абитуриент контракт тийкарында тәлим алыў имканиятына ийе.
Буннан басқа да ҳәзирги күндеги әҳмийетли мәселелердиң бири болған ҳаял-қызлардың билим алыўы, олардың сиясий ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин асырыў ушын көплеген илажлар исленип атыр. Атап айтсақ усы жылы кем тәмийнленген шаңарақтағы ҳаял-қызлар ушын қосымша 2 мың квота грант тийкарында ажыратылған.
Усындай имканиятлардан пайдаланып ҳәр биримиз өзимиз таңлаған тәлим бағдарында ҳүжжетлеримизди тапсырдық. Жақын күнлерде тест сынақлары басланады. Ҳәр бир жастың билим дәрежесин анықлап беретуғын усындай жуўапкершиликли күнлерде теңлеслериме әўмет тилеймен.
Барно Медетбаева,
Нөкис қаласы.
