Қыз бала палахпан тасы дер еди,
Тас болып атылдым узақ жерлерге.
Тәшўиш түсти басқа, ҳайран қалдым,
Бул дүнья бай екен түрли сырларға.
Әке үйин сағынып көзге жас келди,
Бул жерлерде мисли бийтаныстайман.
Көзди ашып жумғанша өтти балалық,
Пәний дүнья ишинде сейил еткендей.
Бәрҳа әке үйимди салады еске,
Сол ўақытларды, шийрин демлерди.
Ойнап-күлип өскен сол сәтлерди,
Ўа тәңирим кеўилден кетир ғамларды.
Әке үйим патшалық дәўирим,
Барсам босағасын сүйип-сыласам…
Үкелерим менен басқан излерди,
Көзлериме сүртип, тойып жыласам…
Бүгин биз есейдик, үлкейди әрман,
Әке үйин бир-бир таслап кетермиз.
Алдын еркеликлер еткен бул үйдиң,
Не илаж қәдирине енди жетермиз?
Туўысқан баўырлар тарқалдық
ҳәр жаққа,
Өмир тәшўишлери ойымды
шалғытты.
Бизлер барсақ енди тек
мийманбыз,
Енди бизди күтиң, әй
әке үйим!
Мунаввар Болтаева,
Сурхандәрья ўәлаяты.
