Дәслепки мағлыўматларға бола, 2023- жылдың январь-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасы бойынша жалпы аймақлық өним көлеми әмелдеги баҳаларда 13 635,1 млрд. сумды қурады ҳәм 2022-жылдың январь–июнь айлары менен салыстырғанда өзгериссиз қалды. ЖАθ дефлятор индекси 2022-жылдыӊ январь-июнь баҳаларға салыстырғанда 104,5 % ти қурады.
ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша дәнли егинлер жетистириў көлеми 2023-жылдың январь–июнь Қарақалпақстан Республикасында усы айларында бәрше түрдеги хожалықлар тәрепинен 115,4 мың тонна дәнли егинлер жетистирилди. Бул көрсеткиш 2022-жылдың январь–июнь айларына салыстырғанда 100,3 % ти қурады. Дәнли егинлер жетистириў бойынша көрсеткишлерди хожалық түрлери бойынша анализ қылғанымызда, дәнли егинлердиң улыўма көлеминиң 74,2 % фермер хожалықлары үлесине туўры келиўин көриўимиз мүмкин.
