Шоманайлы Динара жеңимпазлар қатарында

7-11-август күнлери Қашқадәрья ўәлаятында «Лочин» балалар дем алыў орайында «Жаслар туризми» II халықаралық қурылтайы болып өтти.
Оған елимиздеги бир қатар жоқары оқыў орынларынында билим алып атырған студент-жаслар менен бирге, Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Түркия мәмлекетлеринен де жаслар қатнасты.
Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар ушын бир-биринен қызықлы таңлаўлар, жарыслар, миллий ҳәм этноспорт түрлеринен ойынлар шөлкемлестирилди.

Онда шоманайлы белсенди жаслардың бири Динара Қәллибекова «Ең жақсы туризм жойбары» таңлаўының республикалық басқышында «Ең жақсы жойбар» номинациясын жеңип алыўға миясар болды ҳәм таңлаўдың арнаўлы статуэткасы, Исеним жарлығы менен сыйлықланды.
Адилбай
Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.