ГҮБЕЛЕК БЕЛИНДЕГИ ТАС

Дүнья – миллиардлаған адамлар, ҳәр түрли жәнликлерден қуралған қурамали әлем. Бунда жақсы-жаман, әззи-күшли, дос-душпан, ақ-қара, жеңил-аўыр бәри-бәри бар. Инсан дүньяға бир тарам ет, анасы меҳир кѳрсетпесе жасап кете алмайтуғын дәрежеде жүдә әззи болип келеди. Ата-анасының, жақынларының меҳир-муҳаббаты, берген тәрбиясын, устазларының үйреткен билимин алып кәмалға келеди. Ержеткен билими, қолында ѳнери, шаңарағым деп жуўырып жортатуғын, ѳмирден ѳз орнын таўып, кәсибиниң маманы болыўға умтылатуғын инсанды мен кѳп текшелер алдында белине ѳзинен аўыр тас байланған, нурға қарай ҳәрекет етип атырған гүбелекке мегзетемен. Бул тас оның шаңарағы, көп текшелер болса ол жеңип ѳтиўи тийис болған қыйыншылықлар, жолды басып ѳтсе ғана нурға жетеди. Инсан да дәл солай шаңарағы ушын турмыста муш жеп, ашшы-душшысына, сынағына қарамастан тек алға қарай адым таслап, жоқарыға ѳрлеп, нурға жетиў мийнетлериниң, рәҳәтин перзентлериниң бахтын кѳриў оның нийети. Халқымызда «бес бармақ бирдей емес» деген гәп бар. Сынаўларға кѳнбестен белине байланған шаңарақ тасының жибин үзип, жеке ѳзи биймәлел, еркин ушып жүрген гүбелеклер де бар. Бундай гүбелеклердиң тәғдири қандай болатуғынлығы ѳзиңизге мәлим. Қәдирданлар жалғыз гүбелекке айланып қалмайық!
Умида
Мустафаева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 4-курс студенти.