Халықаралық олимпиада жеңимпазлары сыйлықланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары билимлендириў мәкемелери студентлери арасында математика пәни бойынша Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы II халықаралық олимпиада болып өтти.
Еки күн даўам еткен математикалар беллесиўинде Қазақстан, Түркменстан, Қырғызстан ҳәм мәмлекетимизден жәми 40 дан аслам жоқары билимлендириў мәкемесинен 200 студент қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 26-августтағы «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында математика бойынша Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Халықаралық олимпиаданы өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында өткерилген олимпиададан гөзленген тийкарғы мақсет, уллы математик илимпаз Муҳаммед ал-Хорезмийдиң пүткил дүнья жүзи илим ҳәм цивилизациясына қосқан үлесин халықаралық көлемде танытыўдан ибарат. Сондай-ақ, билимли студентлерди қоллап-қуўатлаў, оларды баслаўыш ҳәм анық пәнлер менен шуғылланыўға кеңнен тартыў болып есапланады.

Қатнасыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын Нөкис қаласының дыққатқа ылайық орынларына саяхатлар шөлкемлестирилди. Соның ишинде, дүньяға белгили И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музей экспонатлары мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында олимпиада жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институты директоры, Өзбекстан Қаҳарманы, академик Ш.Аюпов ҳәм басқалар қатнасып, елимизде математика пәниниң раўажланыўы, билимлендириўдиң барлық басқышларында жаңаша оқытыў ҳәм математикалық изертлеўлерди алып барыў ушын оғада кең имканиятлар жаратылғанын атап өтти.
II халықаралық олимпиада жеңимпазларына диплом ҳәм алтын медальлар салтанатлы түрде тапсырылды.
Өткерилген пән олимпиадасында топар есабынан биринши орынды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университети, екинши орынды Түркменстан Халықаралық гуманитарлық пәнлер ҳәм раўажланыў университети, үшинши орынды Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети ийеледи.
– Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен биз, жаслардың терең билим алыўымыз ушын барлық қолайлық ҳәм шараят жаратылған, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети математика факультети 2-курс студенти, жеке ҳәм командалық алтын медаль ийеси Дамир Дилмурадов. – Устазлардың исенимин ақлап, алтын медаль ийеси болдым. Жоқары билимлендириў мәкемелери студентлерине жаратылған бундай имканиятлар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремен.
Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.