Информация дәўири есапланған XXI әсирде журналистика тараўы да ҳәр қыйлы жаңа өзгерислерге жүз бурмақта. Тараўға енип атырған бул жаңа технологиялық жаңаланыўларды жетик меңгериў ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен жоқары билим ҳәм оперативлиликти талап етпекте.
26-27-октябрь күнлери Нөкис қаласында Өзбекстан журналистле
рин қайта таярлаў орайы тәрепинен республикамызда жумыс ислеп атырған тараў хызметкерлериниң медиасаўатлылық ҳәм фактчекинг бойынша потенциалын арттырыў мақсетинде тренинг шөлкемлестирилди.
Онда Ташкент қаласынан келген белгили журналист Анора Содиқова ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў орайы тренери Артур Кан тәрепинен медиасаўатлылық, үгит-нәсият манипуляция усыллары, информациялық ҳүжимлер, социаллық тармақларда кибер қәўипсизлик машқалалары, информацияның анықлығы ҳәм исенимлилигин баҳалаўда сын пикирлеў усыллары, жаңалықларда алдаўшылық, надурыс мағлыўмат, фейк хабарларды анықлаў усыллары, медиамайданда жасалма контент түсиниги, оны жаратыў ҳәм нейротармақлар менен ислесиў көнликпелери бойынша кең түсиниклер берилип, бул темалар бойынша әмелий сабақлар ҳәм интерактив ойынлар өткерилди.
– Бул тренингке қатнасып, өзимизге керекли болған жаңа билим ҳәм көнликпелерди алдық, – дейди ӨзАның республикамыздағы фотохабаршысы Мақсет Ҳабибуллаев.- Усындай илажлар тез-тезден өткерилип турса, мақсетке муўапық болар еди. Тренингти жоқары дәрежеде шөлкемлестирген шөлкемлестириўшилерге қатнасыўшылар атынан үлкен рахмет айтаман ҳәм алдағы ўақытлары да бундай илажлар өткерилип турса екен, деп ойлайман.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
