ЖАҢАЛАНҒАН КОНСТИТУЦИЯ БОЙЫНША

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жаслардың Өзбекстан Республикасы Конституциясы, оның тийкарғы принциплери ҳәм қағыйдалары бойынша билимлерин арттырыўды хошаметлеў, өмирден өзлериниң мүнәсип орнын табыўда бас нызамымыздың әҳмийети ҳәм ролин түсиниўге шараятлар жаратыў мақсетинде арнаўлы түрде олимпиада шөлкемлестирилди.
Олимпиадаға институттың барлық факультетлеринен командалар қатнасып, онда студентлер «Конституция – мениң өмиримде» атамасында шығармалар жазып, жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Конституциясы бойынша тест сынақларын тапсырды. Сондай-ақ, олардың сораў-жуўап шәртлери арқалы билимлери сынақтан өткерилди.
Тийкарғы нызамымыз өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.
1992-жылы 8-декабрь күни бийғәрез Өзбекстанның Конституциясы қабыл етилген болса, 2023-жыл 30-апрельде болып өткен улыўма халықлық референдум жуўмақлары бойынша оған жаңадан өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, жаңа редакцияда қабыл етилди.
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик структураның тийкарғы принциплери менен қәдириятларын белгилеп беретуғын жаңаланған Конституцияның қабыл етилиўи Өзбекстанның сиясий ҳәм ҳуқықый турмысында әҳмийетли ўақыя есапланып, мәмлекеттиң раўажланыўына жаңаша түртки болды.
Бул тарийхый ҳүжжет ҳәкимият институтларын жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм басқарыўдың демократиялық принциплерин раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлерди өзинде сәўлелендиреди, мәмлекетимиз алдына әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп береди.
Олимпиада жуўмағында тарийх факультетиниң «Әдалат» командасы биринши, педагогика факультетиниң «Педагоглар» командасы екинши ҳәм шет тиллери факультетиниң «Лидерлер» командасы үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери институтта өткерилетуғын Конституция байрамында диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.