ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР БАХЫТЛЫ БОЛАДЫ

Жақында «Халық аралық ҳаял-қызларға қаратылған зорлыққа қарсы гүресиў» күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанның бахытлы ҳаял-қызларымыз» атамасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Әмиўдәрья районы шаңарақ ҳам ҳаял-қызлар бөлим баслығы Г.Сабурова ҳәм де басқа тийисли қәнигелер қатнасты.
Ҳаял бахытлы болса, шаңарақ бахытлы болады, шаңарақ бахытлы болса, жәмийет те бахытлы болады. Шаңарақ қурып жаңа өмирге қәдем қояр екен мазмунлы өмир сүриўин қәлейди. Қуры қәлеп қойыўы жетерли емес деп ойлайман. Буны турмыс деп қойыпты. Сол себепли турмыстан ибарат бул шаңарақта ҳәмме ўақыт жақсы күнлер бола бермейди. Қуўанышлы ҳәм қыйын күнлер болады. Буның бәрин сабыр менен жеңе алсақ биз сонда ғана ең бийик шоққыға ерискен боламыз. Буның ушын бизлерден терең билим талап етиледи. Мине усындай өзлериниң бийбаҳа мәсләҳәтлери менен ушырасыўды даўам етип, Назарханлы қыз келинлеримиздиң ҳәр бири менен сәўбет өткизилди, А.Раметова пенсияға шығыўында жәрдем сорады, З.Тайырова өзиниң денсаўлығында онкологиялық көриктен өтиўине жәрдем сорап мүрәжаат етти. У.Дурдыбаева өзиниң жумыс пенен тәмийинлеўи менен мүрәжаат етти. Өзлериниң қыйнап келген бир қанша сораўларына жуўап алды. Ҳәр бир мәҳәлледе жумыссыз ҳаял-қызлар, жаслардың өзин-өзи бәнт етиў, оларды қоллап қуўатлаўда Моно орайының оқыў курсы имканиятлар жаратып берилди. Ҳәзирги күнде ҳаял-қызларға болып атырған басым ҳәм зорлықлар ҳаққында улыўма билим бериў мектебиниң әмелиятшы психологлары А.Бекмуратова, Д.Айназаровалар тренинг шынығыўларын өтти. Ҳәзирги жедел раўажланған дәўирде муқаддес шаңарақтағы аўызбиршиликти беккемлеўде шүкиршиликти, сабырлылықты жас шаңарақлардың күнделикли турмысында үйретип барыў биз жасыүлкен аналарымыздың бирден бир ўазыйпалары деп ойлайман.
Тазахан
Қдырниязова,
Әмиўдәрья районы МШҳМББ не қараслы 3-санлы мектеп китапханашысы.