ҒАРРЫ ҲӘМ ҚАР

– Қар жаўған, қар…
Азан менен үйди басына көтерген кишкентайлар атлығысып далаға жуўырып баратыр.
Бес-алты күннен соң және усы аўҳал. Қашшаннан берли үйден шықпай, жабығып отырған ғарры бул рет қозғалысқа түсти.
Естиярлы ақлығына “мени де сыртқа шығар, балам”, – деди.
“Ата күн дым суўық, аязлап қаласаң” десе де ғарры тыңламай, қалың сырма шапанын кийип таяр болды. Атыз бетинде балалар қыйқыўласып қар менен ойнап атырғанын көрген ғаррының көзи қуўанды.
– Ўа-ҳа-а-а, қар!.. Мени көше таманға апар, балам!
Аппақ ғана қарды ғышырлатып басып баратырған адамлар әлле қашан көшени толтырып жиберипти.
– Балам, бүгин нешинши күн? Той бар ма?
– Екинши күн. Қалада ҳәр күни той болады. Бирақ, бул адамлар тойға емес жумысқа асығып баратыр. Аўылдағыдай емес қалада адам көп болады.
Эҳ, ғаррылық! Аяқлары сирә алға басылайын демейди ғой, еки дизеси қалтырап баратыр.
– Ассалаўма, әлейкум, ата!
– Ўалийкум ассалам, қарағым көп жаса.
– Ҳаял даўыслы бул ер адам ким?
– Бул ер адам емес ата, қоңсы апай ғой. Кадрсыз-аў сиз де.
– Қәйдем билейин, басында малақай, шалбар кийип алған.
– Ҳәзир усындай жүриў мода. Қойыш ата, үйге жүр, тоңып кеттим.
– Яқ, балам. Мен бир майдан сыртта қарды тамашалап турайын. Сен шайыңды ише бер. Берекет тап, балам.
– Бир өзиңди таслап кетсем аяғың тайып жығыласаң ата, “пахан” оннан кейин маған бақырады ғой.
Ғарры “кете бер” дегендей қолы менен ымлады.
Аўылы жақсы еди. Сыртқа кирип-шығып аязлайды – деп қаладағы баласы қыста усы жерге әкелди.
Жер жай болса да иште ҳәжетханасы бар. Енди ғарры төрт дийўалдың ишинде ақлық келини менен қалады. Ҳәммеси жумысқа, кишкенелерине шекем бақшаға кетеди. Азанда турыўдан аўылдағы ғаррылар менен табысып, аннан-мыннан әңгиме “базарын” қурып отырған күнлери мың есе жақсы еди. Той-садақасына барады. Қораға күнине еки-үш рет киреди. Өз қолы менен қурған үй, қора-қопсысы, бәри-бәри ғарры ушын әзиз. Аўылдың ҳәр бир аяқ соқпағы үйреншикли, өз-өзинен зырлап кете бересең.
“Аязлап қалады деп бийкарға мени бул жерге әкелди”, – деген қыялда ғарры басын шайқап қойды.
Соң иши толған дебдиўин қыяллары арқалы шығара баслады. Бизиң елимизде 4 мәўсим бар. Басқа жерлерде тек қыс, айырымларында жаз болады екен. Бунысына да шүкир. Мине, мен 83 бәҳәрди көрдим, бул өткен күнлеримнен ырзаман.
Төрт мәўсим адам өмири сыяқлы. Гөззал бәҳәр! Енди ғана бөртик атқан нәлшелерге сүйсинип қарайсаң. Бул дүньяға келген нәрестениң апыл-тапыл жүргени сыяқлы.
Гүлленген жаз! Сол нәлшелер гүлге айланып, әтирап жасыл түске енип, тәбияттың инамлары сулыў гилемдей адамлардың аяқ астында төселип атады. Сол нәрестениң үлкейип, жаслығын мегзететуғын жаз жүрегиңе қуўаныш алып келеди. Жас жигит-қызлардың назындай, сулыўлығындай өзгеше жазды көпшилик жақсы көреди.
Алтын гүл! Гүз жүдә сақый. Өз инамларын адамларға аямастан береди. Уўылжып пискен дақылларға көзиң тояды. Сол жаслар енди улғайып, бала-шағалы болады. Жуўырады-жортады, ақылын жылаўлайтуғын орта жаслы шаңарақ ийеси оларды тәмийинлейди.
Қәҳәрли қыс! Мине, ҳәзиргидей үйден шығыўдан еки бетиңди шымыры аяз шымшып алады. Денеңди тоңлатып қоймай сен аяқ басатуғын жерди де “тас” қылады. Тереклер де барлық жапырақларынан айрылған. Тап ҳәзирги мендей. Мына еки аяқлар жөнли де, жөнсиз де шапқылап жүре берди. Енди зорға басылады. Бул аўызға мазалы да, зәҳәр де (арақты айтып атыр) ишиле берди. Түрли сөзлер сөйленди, ақыбети 32 тис дым қалмай төгилип, аўыз кемсеңлеп қалды. Қулағы қурғыр дүньяның гәпин есите бергеннен кем-кем тас болып баратыр, пителип қалғанды да. Көзлерди айтпайсаң ба, көзлерди! Шамшырағыңнан айырмасын! – дейтуғынынша бар екен. Бурын мергенлерден де жақсы көретуғын бул көзлер ана теректиң ушында шымшықты атып түсирер еди. Өлген шымшықты пышыққа берип, және рогаткаға тас салып гөзлеп турып ата беремиз. Сол көзлер енди аяқ соқпақта, қасыңнан өткенди зорға көреди. Қолыңды көлегейлеп турып көретуғын болдық. Ҳәмме жериң, он еки мүшең төгилип кететуғындай болып қалады. Адам шүберек сыяқлы тозады екен. Мылжың кемпир-ғарры кимге жақсын. Сол сыяқлы қәҳәрли қысты да көпшилик уната бермейди. Шашларыңа, қасыңа мына аппақ қардай ақ аралайды екен.
Тек кишкенелер қар жаўғанда қуўанады. Бул да маған кемпир-ғаррының пенсия алғанын еслетеди. Пенсия алсаң балаларың да, келинлериң де сени яғаў ақшаңды жақсы көреди. Басқа ўақытта аўқатын бергени болмаса, сениң менен иси жоқ. Кемпирдиң “кеткенине” де жигирма жылға қарапты. Жалғызлық қудайға жарасады. Сырласатуғын, сөйлесетуғын, жаныңа демеў болатуғын адамды излейсең. Үш улым, еки қызым мениң тирегим. Барына шүкир. Мени ойлағаны ушын қаладағы улым үйине әкелип қойыпты. Қарап атыр, үстим кир яки тамағым аш емес. Сонда да маңлайы қара маған не жетпейди екен? – өзим де билмеймен. Бул меҳир, итибар шығар-дә.
Ўақтында иследик, жүрдик, жуўырдық. Сол жуўырғанымызға ҳүкимет пенсия берип қойыпты.
Бәрине де шүкир. Енди неше күним бар, ол жағы тәңириме аян. Ғаррының иши толып қалыпты. Қыялындағы дебдиўи тилине көшпей-ақ және сол турысында қала берди. Тилине көшкенде оның кешеги өткен күнлери кимге қызық? Ҳәр кимниң қәлбиндеги шийрин қыяллары тек өзи ушын қәдирли.
– Ҳаў, аға, не қылып турсаң? Жүр, үйге кириң.
Бул баласының даўысы. Шынында да, ғарры тоңып қалған еди. Өзиниң кереклигин сезинген ғаррының жүрегиндеги жыллылық ҳәмме жерин ысытып жибергендей болды.
Баласы қолынан демеди. Көз қырын таслап, қуўанды. Тап өзиниң “алтын гүзи” болыпты. “Алтын гүз” де бул да тап усы баласындай толық, сымбатлы, кеўли ҳақ, ҳәммеси ушын жан ашытатуғын, керекли еди.
“Адамлар неге қартайғанда перзентке емес ҳасаға сүйенеди” – деседи. Бул өзине байланыслы. Перзентиң ертең ҳасаң болыў ушын оған аталық меҳир де бере билиўиң керек.
Ол болса буларға анасынан соң аналық меҳирди қосып бериўге урынған. Ҳә, садағаң кетейин, ғаррылық!

Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.