Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов жаңа жылға өзиниң “Тутқын” атлы жаңа романы менен кирип келди.
Романда XIX әсирдиң биринши ярымында ғапыллықта тутқынға түсип қалған қарақалпақ халқының тәғдири сөз етиледи. Сондай-ақ, шығармадан бүгинги күнге дейин кең жәмийетшиликке мәлим болмаған Россия империясының 1839–1840-жыллардағы Хийўа ханлығын жаўлап алыўға болған әскерий жүриси де орын алған.
Бизге тарийхтан мәлим, 1873-жылы Патша Россиясы Хийўа ханлығын, Қоқанд ханлығын ҳәм Бухара әмирлигин басып алады. Ал, анығында Орта Азияны жаўлап алыў сиясаты оннан жүз жыллар бурын да болған. Романда империяның дәслепки урыныўлары қашан болғанлығын олар не ушын сәтсизликке ушырағанлары тарийхый дереклерге тийкарланып сүўретленеди.
Роман жақын ўақытларда өз алдына китап болып басылып шығады.
Биз газетамызда романнан үзинди бериўди мақул таптық.
Жаздың мыс қайнаған ыссысы. Бийдай атызлардың өткен гүздеги егистен берли дақылдан босап, жердиң тынығып атырған мәҳәли. Буны журт «бийдай писик» деп атайды.
Лекин, «Найман» аўылдағылар мәўсимди бийдай писик пенен белгилемейди. Аўылда бийдай егетуғын шаңарақлар санаўлы ғана. Бийдайдың мийнети аўыр.
Бүгин күн күндегиден бетер жанды. Ғаррылар «қумға кѳмген мәйек кѳз ашып-жумғанша писип қалады» деп тәрийиплер еди бундай ыссыны. Бүгинги ыссыда бәлким мәйек ашық майданда қалса да писетуғын шығар.
Ерте намазлыгерден-ақ аўылға пада араласты. Қалың шаңғыттың алдында ѳңкеңлеп киятырған падашы Дәрменбай жарғақ кѳринди.
Журт малдың изинен айдаса, бул паданың алдына түсип алады. Падада соған үйренген. Қайтар ўақта қой-жанлықты, қара малды күндеги сүрдеўге салып, «гәл ҳәй», «шек деймен» деп бир-еки бақырып алдына түсти ме, демек, қайтыў болды деген сѳз. Пада шаңғытыўы менен Дәрменбай жарғақтың изине ере береди.
Жарғақ туўды-питти усы аўылдың баласы. Оған аўылдың жасы үлкенлери жыйналып, он еки жасында паданы алдына салды. Қоңсы аўылдан қатнайтуғын падашыға руқсат берди.
«Бир таўыққа ҳәм дән керек ҳәм суў керек» дегендей, Дәрменбай жалғыз баслы болған менен оған да ишип-жем керек. Жыртығын жамап бергендей шешеси жоқ, мал бағып тапқан пулына биреўдиң гѳнеси болса да сатып алып үстин пүтинлер деп шешти аўыл кәтқудалары.
Оның ата-анасы бир жазда изли-изинен кѳз жумды. Ѳтлеўден кетти. Тѳтелеп келген әжелге тәўиплер илаж ете алмады.
Ол гезде Дәрменбай тоғыз жаста еди. Анасы байғус «сени қосшылы етейин, ул болса иниң болар, қыз болса қарындасың болар» деп тилек тиледи. Еки-үш мәрте кѳтерген қурсағы зая кетти.
Дәрменбайдың маңлайына жалғызлықты жазып қойған екен.
Ата-анасын ел болып кѳмди. Соң Дәрменбайды «ѳли шыққан үйде жалғыз жатпасын, ѳли әрўақ урар» деп бир айлағанға дейин ҳәр ким үйине алып кетип жүрди. Соң оның отырыс-турысы жақпады, ишип-жегени билине баслады, «жүўермек, бассына болғандай нанды еки бүклеп жейди» деди аўызлы ҳаяллар. «Кисиниң үйи екен демейди, табаққа сеннен бурын қол урады» дести. Қулласы, оның отырғаны-турғаны жақпай баслады.
Естиярлы бала буларды бир елестирмеди, еки елестирмеди, ақыры, «басына түскен баспақшы» болып, еки бѳлмели шатпада биринши мәрте жалғыз ѳзи уйқылап шықты.
Кѳптен берли адам турмағанын билгендей түни менен тышқанлар шыйқылдасып, Дәрменбайдың дѳгерегинде тасырласып жуўырысып жүрди. Тышқан пышықтан қорқады, адамнан қорықпайды. Олар ата-анасы барда да үйде пышық сақламаған еди.
Сол күни түнде анасы түсине енди. «Балам, қаяқларда жүрсең. Күнде келемен, сени таппайман. Орнымызда түтин түтетип туратуғын улымыз бар деп кеўлимиз тоқ еди.
Енди үйде бол шырағым. Қуўыс шатпаны шайтан ийелемесин. Бул күнлер кемли күн. Ҳә, демей дардай жигит боласаң. Үйленип, хожалығыңа берекет киреди.
Тойда бет-ашаршы бала ағаң менен маған сәлем бергизип, келиншек тәжим етеди. Сонда жатқан жеримизде бир аўнап түсип, қайта тирилгендей боламыз.
Балам, жаз айы болса да ошаққа от жағып тур. Морыдан түтин шығып турсын. От жақбаған там тез тозады.
Уйқылайғой, қарағым, уйқыңды буздым ба?
Анасы бас ушында дизерлеп, маңлайынан шашларынан сыйпап отырған екен. Соңғы сѳзин айтып болды да, әсте тикейип, есик бетке қарай бетледи.
– Апа! Апа! Қаяққа барасаң? Кетпе! Бирге отырып шай ишейик! Гүлсим шешем кеше еки зағара берип жиберди…
Дәрменбайдың сѳзи аўзында қалды. Анасы изине қайрылмады. Узын кѳйлегиниң етеги босағаны желпип ѳтип сыртқа бетледи.
Дәрменбай егитилип жылап жиберди. Ҳеш ўақытта баласының ѳтинишин еки етпейтуғын анасының қайырылмай кеткенине ѳксип-ѳксип жылады.
Оянса, кѳз жаслары бет-аўзын жуўған. Анасы бала гезинде тигип қаплап берген қурақ қаслы дастығы да ҳѳл болып қалған екен.
Сол-сол екен таң атқанға дейин кѳзи илинбеди. Ертеңине «бүгин де анамды түсимде кѳрерме екенмен» деп тилеп жатты. Лекин, қайтып түсине аян бермеди.
Анасының ўәсиятына бола күн жанып турса да ошаққа от жағып турды.
Сѳйткен Дәрменбай быйыл қырық жастың ояқ-буяғында. Нешеге шыққаның ѳзи де анық билмейди.
«Жетим баланы үйлендирип, шаңарақ қылып жиберейик» деген бир ғамхор табылмады аўылдан. Ҳәр кимниң ѳз гүмирашылығы. Үйлендириў былай турсын, гезеги менен қоныўға барған үйге Дәрменбай кеткенше таң атпай кеткендей кѳринеди. Қәйтсин, бийшара! Үстинде гѳнетоз кийим. Жуўынып – шайынатуғын белгили баслы мәканы жоқ. Мал баққалы берли анасының ўәсияты да умыт болып, жаман шатпасынан түтин шығарғанды қойды.
Бүгинги малды ерте айдап киятырғанының себеби, кеше Ѳтебийкениң үйине қонған еди. Ѳтебийке –жесир ҳаял. Лекин, шамалға аўзын ашып отырған жоқ. Падашыға түслигин түйип бериўге келгенде пейли тарылады. Бир ярым зағараны белбеўине түйип берди де, бир сыйыры менен үш ешкисин алдына салды.
Бир ярым зағара малдың изинде зыр жуўырып жүрген адамға не болады? Аш болып, жүреги сазып, күнниң еңкейгенине қуўанып, аўылға қарап қуйынлатып киятырғаны сол еди.
Бул аўылда ѳзи еки сыйыры бар үй шамалы. Бирақ, қой-жанлығы баршылық. Соның есабынан бираз үйлерге еки күн қонады. Малының бас санын есап етсе Қәлимбет молланың үйинде бес күн қоныў керек. Бирақ, оған батылы бармайды. Молланың ѳзи де еки қонғаннан кейин:
– Балам, қонақ бир қонса алтын, еки қонса гүмис, үшинши күни желкесин кѳрсеткени мақул. Бүгин гезегиң бойынша нәўбеттеги үйге барарсаң. Кемпир, мына Дәрманбайға түслигин бир-еки күнге жеткендей етип түйип бер, – деп есиктен шығарып салғандай қылады.
Кемпири бирақ, сақый, қолы ашық.
– Қыйланба қарағым! Мына бес-алты зағара еки-үш күнлик түслигине жетер. Бир-еки шақа набат пенен қосыўыс қақерик-жийде салдым, – деп қарамы әдеўир түйиншикти услатады.
Оның бергенлери Дәрменбайдың белиндеги орамалға сыймайды.
Елтиниң зағарасы кѳбинесе асқабақ қосқан, сары зағара болып келеди. Әсиресе, набатын айтса! Ол еки шақа набатты қурттайдан усатып аўзына салып, онлаған күнге жеткереди. Аўылда олардан басқа набат пенен шай ишетуғын адам болмаса керек. Буның түйиншигине набат салған адам болмайды. Ѳзи дастурханларында да кѳрген емес.
Аймерекениң тоқалақ мүйиз қара сыйыры паданың алды болып, туў анажақтан мѳңиреп келди. Буның жѳни бар. Бузаўының туўылғанына еле анық еки ай болағойған жоқ.
Туўғанша саўдырғанға ма, кеш уўызлады. Уўыз сүти шыққаннан кейин Аймереке саўғанды қойды.
«Тоқалақ мүйиз сыйырлар сүтли болады» деп анасы айта беретуғын еди. Айтқанындай, еншиге берген баспағының мүйизи ѳспеди.
– Қызым-аў, саған сеп бере алмадым. Берген кѳрпе-тѳсегим де усы қара баспақ, разы болагѳр. Қызына сеп бермеген ана о дүньяда бәрҳә арқаланып жүреди, -дейди деп еки қыздан кейин туўылған Оралбайы бир жасқа толғанда зорға ретлестирип, усы қара бузаўды қорасына әкеп байлаған еди. Соннан бери Аймереке де, күйеўи Қарлыбай да «дәўлет басы малымыз» деп тап үйиниң бир ағзасындай қәстерлейди.
Бирақ, ѳткен жылдан баслап Қарлыбай гәп таба баслады.
– Тоқалақ мүйизди сатып, бир жүрмел ат алайық, – деди ол кеште шай үстинде.
– Ҳаў, ырас айтып отырсаң ба?! – деп шоршып түскендей болды Аймереке. – Дәўлет басы малымыз ғой, бул.
– Дәўлет басы болса дәўлетимиздиң келгени бир ат болсын!
– Қоягѳр! Желининен сүт емес қаймақ таматуғын тоқалақты бир емес он атқа да аўмаспайман.
Қарлыбай бул рет ѳтпес пышақты жүйсиз жерден салғанын билди, қойды. Лекин, бул әңгиме тез-тез қайталанатуғын болды.
Аймерекеге ғулғула түсти. Күйеўи ѳзи жоқта биреўди ертип келип сатып жиберетуғындай, үйден узақлап ҳеш жаққа бармады.
– Усы аўылда ат минип жүрген ким бар? – деди және бир әңгиме қозғалғанда. Сени мал-дәскең менен қосып сатып алатуғын молла қайнағаның да минип жүргени ешек.
– Лекин, оның ешеги екеў ғо! – деп ҳәзилге бурды Қарлыбай.
– Сен де бир гүррели ешек ал, бир жылдан кейин екеў болады.
– Яғаў, минсем ат минемен.
(Даўамы бар)
