ЖОЛЫҢЫЗ АЙДЫН БОЛСЫН,»ӘМИЎ БҮЛБИЛЛЕРИ»

Бир күни Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Райхан апа Сапарова маған қоңыраў етип;
– Ал, Гүлнара усы айдың жигирма биринши сәнесинде студияға келиўиң керек, «Әмиў бүлбиллери» ансамблиниң дүзилгенине 10 жыл толыў мүнәсибети менен арнаўлы көрсетиў шөлкемлестирилип атыр. Қосық оқыйсаң, илажы болса 10 жыллыққа арналған қосық болса жүдә мақул болар еди – деп қосып та қойды. Бул хабардан дәслеп сүйинсем де, тап сол күни туўысқан бийкешимниң қызын узататуғын күн екени есиме түсип ойланып қалдым. Соң Райхан апа менен мәсләҳәтлесип, Қараөзектен Нөкиске қызды узатып алып кететуғын машынларға илесип студияға жетип барыўды келисип алдық. Солай болды да.
Машина Нѳкиске қарай жол алыўы менен көз алдымнан буннан он жыл бурынғы болған ўақыялар, районларда ѳткерилген концертлер дизбеклесип өте баслады…
«Мың қосшыдан бир басшы» дегендей еле есимде буннан он жыл илгери «Алтын мийрас» қорының Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, белгили композитор Абадан апа Сапарованың басшылығында нураный көркем өнер шеберлеринен қуралған «Әмиў бүлбиллери» ансамбли дүзилди. Оның дәслепки концертиниң пайтахтымыздағы Бердақ атындағы сазлы театрында шөлкемлестирилип атырғанын еситкен ўақтымда көпшилик қатарында мен де шексиз қуўанышқа бөлендим. Өйткени, халқымыз нешше жыллар бойы халықтың нәзеринде болып, соң ҳүрметли дем алысқа шығып, экранларда көринбей қалған сүйикли қосықшыларының дийдарын, жанлы ҳаўазда атқарыўшылық шеберликлерин жүдә-жүдә сағынғанлығы тәбийий жағдай еди. Демек, олардың дийдарын көриўге, жанлы ҳаўаздағы атқарыўшылық шеберлигинен руўхый заўық алыўға деген ықлас, сағыныш бәримиздиң де кеўиллеримизге орнасып қалғанын аңлаў қыйын емес еди.
…2013-жыл. Ол ўақытлары мен Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы лаўазымында жумыс ислеп атыр едим. Концерттен бир-еки күн бурын қалалық ҳаял-қызлар кеңесиниң пленум ағзасы, жәмийетлик жумысларымызда белсенди қатнасып жүрген искер апаларымыздың бири Абадан Сапарова маған қоңыраў етип;
– Гүлнара, жәрдемиң керек болып тур ғой, – деди.
– Қандай жәрдем керек, апа? – дедим мен.
– Қосықшыларға саўға ушын гүл шөлкемлестириўге жәрдем берсең дым жақсы болар еди. Илажы болса жасы үлкен апайларға орамал-шаршы болса жүдә жақсы, – деди ол. Мен бул усынысқа келисим бердим.
Белгиленген ўақыт келгенде биз ҳәр бир атқарыўшыға бир данадан роза гүл инам етиў ушын бир қушақ гүлди қолымызға алып жетип барғанымызда, театрда адамлар лыққа толып, аяқ басар жер қалмаған екен. Ҳәттеки, орынлықлардың шетиндеги басқышларға шекем толып, адамлар тик аяқтан турып алған. Сонлықтан, бизлер де отырыўға орынлық таппай сахнаның бир шетиндеги үлкен пердениң артында турып концерт тамашаладық ҳәм ҳәр бир атқарыўшыға ҳүрмет сыпатында гүл инам етиўге еристик.
Сахнаға илинген сары түсли баннердеги үлкен ҳәриплерде «Әмиў бүлбиллери» деп жазылған атама астындағы
«Сиз сағынған қосықлар, Сиз сағынған намалар, Сиз сағынған дийдарлар» деген сөзлерге көзимиз түскенде, сахнаға шығыў алдында турған халқымыздың үлкен буўындағы бүлбилзибан қосықшыларының атқарыўшылық шеберликлерин тамашалаўға деген ықласымыз тағы да артты. Концерт баслаўшылары болған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Райхан Сапарова менен Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Сәрбиназ Аннақуловалардың сахна бүлбиллерине берген тәрийпи қосықшылардың кеўиллерине қуўаныш бағышлап атырғандай ҳәр бир қосықшының кеўли толып-тасып сахнаға шыққанда зал силтидей тынып тыңлады. Устаз қосықшылар болған жасы үлкен ағаларымыздан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Байрам Матжанов, Ильич Хожаметов, Турсынбай Палымбетов, Өтебай Темирханов, Мақсет Матеков, Жумабай Әўезмуратовлардың ҳаял-қыз қосықшыларымыздан болса Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан халық артисти Гүлпаршын Сырымбетова, Өзбекстан, Қарақалпақстан, Татарстан халық артисти Тамара Дошумова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Турсын Қайыпназарова, Қарақалпақстан халық артисти Бийбираба Өтепбергенова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Гүлхатийша Айымбетова, Қарақалпақстан халық артисти Базаргүл Кәримовалар сахнаға шығып, жанлы ҳаўазда қосық атқарғанда тамашагөйлер оларды узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен қызғын күтип алды. Әсиресе, Гүлпаршын Сырымбетова «Яр-яр айтайын» ды, Тамара Дошумова «Дембермес»ти, Бийбираба Өтепбергенова «Қызлар көтериң сандық»ты атқарғанда залдағы тамашагөйлер бираз ўақытқа шекем қызғын қол шаппатлаўлар астында оларды сахнадан жибергиси келмеди. Буннан соң Кенимехлы қосықшымыз, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Нургул Базарбаева менен биргеликте Тамара Дошумова дуэт қосық атқарғанда зал силтидей тынып, гүрлеген қол шаппатлаўлар менен қуўанышлы қарсы алды. Сахнаға шыққан ҳәр бир қосықшы тамашагѳйлердиң алғысына бѳленип, ѳзлерин әл-ҳаўада пәрўаз әйлеп жүргендей сезинер еди.
«Мен излеп жүриппен ол қыз қай жақта,
Шымбайда ма, Төрткүлде ме, Мойнақта?» – деп Ильич аға қосық айтқанда болса; – «Бизиң бундай да әжайып қосықшыларымыз бар екен ғой», – деп бүгинги жаслардың биразы тәсийин қалғанын өз көзимиз бенен көрдик. Ақыры, бул қосықшылардың сахнаға шықпай кеткенине де көп жыллардың майданы болған еди. Сол ўақытта мениң бес жасар ақлығым Нуржан айдар шашы желкилдеп Ильич ағаға гүл берип қайтқаны тап кешегидей кѳз алдымда тур.
Бул концерт театрда еки күн даўам етти. Еки күнде де театрға адамлар ағылып келе берди. Келген тамашагөйлер болса концерттен умытылмас тәсир ҳәм айырықша руўхый заўық алып қайтты. Бул концертти ѳз кѳзи менен кѳргенлер өзиниң қоңсы-қобалары, жақын-жуўықлары арасында өз тәсирлери менен бөлисип, «Әмиў бүлбиллери» «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» бола баслады. Нәтийжеде « Көрген де, көрмеген де әрманда» дегендей бул әжайып концертти жанлы тамашалаўға көплер ҳәўес болып, «Әмиў бүлбиллери»ниң даўрығы алыс-алыс аўылларға шекем барып жетти. Көп узамай ансамбль ағзаларын барлық районлардағы белсендилер халық пенен ушырасыўға шақыра баслады.
Бул қосық сүйер халқымыздың кѳркем ѳнерге деген ықласының дәлийли еди, әлбетте. Бирақ, сонша адамның басын бириктирип, районларға алып барыўдың өзи аңсат ис емес, ол ис өз-өзинен болмайды. Бундай жуўапкершиликли истиң басы-қасында жүрген Абадан апаның сол ўақытлардағы шөлкемлестириўшилик уқыбының орны ѳз алдына болды. Район басшылары менен сѳйлесип, кѳлик пенен тәмийинлеў ҳәм басқа да мәселелерди бир ийиннен табыслы шешиўге еристи.
Бир күни мынадай ўақыя жүз берди. Арқа районлардың бирине баратуғын күнимиз азанда Тамара апа Дошумова телефон арқалы қоңыраў етип; «– Абадан апа, мен наўқасланып қалдым, бүгин бара алмайман» – деп хабар етти. Ол жақта болса ансамбльдиң барлық ағзалары менен бирге Тамара апаны да халық сағынып күтип отыр. Соннан Абадан апа бир автобус толы адамды Тамара апаның үйиниң есиги алдына тоқтатып, изине мени ертип алып, үйине кирип барды. Сәлем-әликтен соң ҳал-аўҳал сорасып болғаннан кейин Абадан апа өзиниң ақыллылығы ҳәм салдамлылығы менен:
« – Айнанайын Тамара, сен бармасаң қалай болады, сениң орның өз алдына ғой, дәри-пәриң болса алып жүр, бәри бир үйде де сол дәрини жеп дем алып жатасаң ғой. Сени концерттиң ең ақырына қоямыз, соған шекем дем алатуғын жериңди де өзим таўып беремен» деп жақсы сөзлерин айтып, аўырып атырған Тамара апаны да үйинен алып шыққанын еслесем, елеге шекем қайыл қаламан. Соның ушын да Тамара апа «Абаданға рахмет, сонша адамның назын, еркелигин көтерип, бәримиздиң басымызды бириктирип жүр» дейди ҳәр сапары ол ҳаққында сөз болғанда. Бундай ўақыялар ушырасқанда Абадан апаның ҳәр қандай жағдайдан шығып кететуғын, унамлы шешим жасайтуғын жайдары минезинен бәримиз де өрнек алсақ арзыйды.
«Әмиў бүлбиллери» ансамблиниң районларда өткерилетуғын режелери пуқта дүзилип, ең дәслепки ушырасыў концерти Шоманай районынан басланды. Районлық ҳаял-қызлар комитети, районлық «Нураный» қоры, районлық мәденият бөлими басшылары бирлесип, ерте таңнан мийманлардың өз ўақтында районға жетип келиўлери ушын пайтахтқа арнаўлы автобус жиберди. Солай етип, «Әмиў бүлбиллери»ниң дәслепки концерт бағдарламасы Шоманай районы орайындағы Жумабай жыраў Базаров атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң кең залында басланды. Оған район белсендилери менен кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Сахнада сазенделер менен жанлы хаўазда қосық атқарып атырған атақлы қосықшыларды, шайырларды көргенде халық гүўлеген қол шаппатлаўлар менен күтип алды. Бундай иззет-ҳүрмет ансамбль ағзаларына йош бағышлап, концерт бағдарламасы мисли үлкен театрда өткерилип атырғандай жүдә жоқары көтериңкилик жағдайында қызықлы болып өтти. Халық қосықшылар менен шайырларды сахнадан жибергиси келмегенликтен, «тағы бир қосық айтсын, тағы бир қосық оқысын»деп қайта-қайта соранды. Бул сапарымыз усы мектеп залында Қарақалпақстан телевидениесиниң дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен жазып алынып, өз ўақтында арнаўлы көрсетиў сыпатында эфирге узатылды. Бул дәстүр ҳәрбир районға барғанда қалыўсыз даўам етти. Усындай илажлардың Қарақалпақстан телевидениеси арқалы өз ўақтында халыққа жеткизилип турғанының өзи көркем өнеримиз бенен әдебиятымызға халықтың итибарын қаратып, кең жәмийетшилик арасында үлкен қызығыўшылық оятты.
Буннан соң ансамбль ағзалары реже тийкарында белгиленген ўақытларда орынлардағы ҳәкимият уйымларының бас-қас болыўы менен Қанлыкөл, Қоңырат, Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Нөкис, Әмиўдәрья ҳәм басқа да районларда мийманда болды. Ансамбль ағзаларының халық пенен жүзбе-жүз ушырасып, аўыл ҳәм қалаларда болыўы бириншиден халықтың руўхын көтерип, олардың кеўиллерине сулыў сезимлер уялатса, екиншиден дөретиўшилеримиздиң өзине-өзи есап бериўине, сондай-ақ, өзлериниң қосық-сазларын шеберлик пенен атқарыўы арқалы халықтың кеўлине жол табыўға умтылыўына, анығырағы дөретиўшилигиниң ашылысыўына тийкар жаратты. Ҳәр бир район халқы менен ушырасыўда республикамызға белгили қосықшылар менен бир қатарда шайыр қызларымыздан Қарақалпақстан халық шайыры Набийра Төрешова, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Гүлистан Даўлетова ҳәм усы қатарлардың авторы да белсенди қатнасып, халықтың кеўиллерине қозғаў салатуғын тәсирли жазылған қосықлары менен ықласбентлердиң кеўиллеринен жай алды десек асыра айтқан болмаймыз. Олар бул ушырасыўлар туўралы мақалалар жазып, баспасѳз бетлеринде жәриялап барыўға да еристи.
Концертлердиң жоқары дәрежесинде өткерилиўинде сазенделердиң де орны гиреўли, әлбетте. Егер де сазенделер саз шертиў шеберлигин өз орынына қойып нама шала алмаса, қосықшылардың да атқарыўшылық шеберлиги талап дәрежесинде болмайды. «Әмиў бүлбиллери» ансамблиниң талантлы сазенделеринен өз кәсибиниң маманы Парахат Алламуратов, Марат Нурниязов, Тилеўбай Ҳабибуллаев, Султан Әбдижамилов Оңғар Нажимов, Рахат Тилеўмуратов, Зульфиқар Эсанов, Кеңесбай Халмуратов, Ҳамра Айтбаевлардың хызметлерин бүгин ҳүрмет пенен тилге алғымыз келеди.
Мине, гүўасы болып отырғаныңыздай бир өмир халықтың алғысына бөленип, айрықша таланты менен елге танылып, халқымыздың мақтанышына айланған аға-апаларымыз бенен биргеликте бир ансамбльге жәмлесип, усындай ийгиликли ислердиң басланғанына да көзди ашып жумғанша 10 жыл болып қалыпты. Бул мәўритлерди усылайынша бирме-бир еске түсириў арқалы Қараөзек-Нөкис жолларында жүйткип киятырған автомашина ишинде бәрин еске алып отырған мениң қыял айдынымнан төмендеги қосық қатарлары төгиле баслады;
Абадан сулыўдың ерип изине,
Нураныйлар қулақ қойып сөзине.
Қосықшы, сазенде, шайыр жыйылып,
Журт қуўанды концерт қойған гезинде.

Еле есте туңғыш концерт бергени,
Халық ағылып театрға келгени.
Дуйым журтты таң қалдырды халықтың,
Тик аяқтан турып концерт көргени.

Бул топарда даңқы шыққан бүлбиллер
Тамара, Гүлпаршын теңсиз ҳүр гүллер.
Йошлы қосығынан Бийбирабаның,
Арқаң қозып көтерилер кеўиллер.

Ханзада, Перихан шықса күлимлей,
Сахнаға сән берер бәҳәр гүлиндей.
Байрам, Ильич ҳәм Турсынбай ағалар,
Қосық айтса тынған халқым силтидей.

Сахнаға шыққанда Райхан пери,
Көз алдыңа келер жәннет гүллери.
Шақмақтың тасындай сөзлери менен,
Кеўлиңди көтерер шийрин тиллери.

Қосық айтса Турсын, Маржан, Замийра,
Мегзеп турар теңи-тайсыз арыўға
Сазенделер ат салысар саз бенен,
Тыңлаўшы кеўлинен орын алыўға.

Базаргүлдиң сыңғырлаған ҳаўазы,
Ғамлы кеўиллердиң болғай даўасы.
Саламат жыраў ҳәм бақсы Ғумшагүл,
Устазлар жолының болар жалғасы.

Концертлер шайырсыз болмаған ҳәргиз,
Жақсы қосық жазсаң журт айтар алғыс.
Марҳум Гүлистан апа, Минай, Набийра,
Бирлигинде Гүлистан ҳәм биз де бармыз.

Қала, аўылларда жүрдик жәмлесип,
Бир адамның баласындай бирлесип.
Қушақ ашып күтип алды халайық,
Миймандос халық пенен болдық дуз несип.
Концертке гил жасуллылар жыйылып,
Йошлы қосық, сазды тыңлаған уйып.
«Жаслық дәўиримизди еслеттиңиз», – деп,
Жибергиси келмес көзлери қыйып.

Қосық, саз мийрасдур Адам атадан,
Жақсы қосық жаўызлықты матаған.
Халықты сағындырған серхош қосықлар,
Ҳәр жүректе урқан атып жасаған.

Нур дарытқан халықтың жүрек төрине,
Мыңсан алғыс «Әмиў бүлбиллери»не.
Он жыллық байрамы мүбәрек болсын,
Жаны сулыў, қосық сүйер елиме.
Жаңа қосығымды жуўмақлап басымды кѳтергенимде Нѳкис қаласына жетип келгенимизди бир-ақ билип қалдым. Соң «Әмиў бүлбиллери» ансамблиниң басып ѳткен он жыллық ѳмир жолы, оның халық арасындағы ерискен абырай-итибары, бүгинги жасларға ѳрнек боларлық ийгиликли ислерине ой жуўырттым. Бир қарағанда бул жол бүгинги күни мәмлекетлик сиясат дәрежесине кѳтерилген «Үш әўлад ушырасыўы»атамасындағы илажлар менен егиз қозыдай бир мәнис-мазмунға ийе еди. Ѳйткени, ансамбль ағзалары да, олардың концертин тамашалаўға келген кең жәмийетшилик ўәкиллери де толығы менен үш әўлад ўәкиллеринен ибарат еди. Демек, бул белгили қазақ алымы Шоқан Ўәлийхановтың «Қарақалпақлар саҳра бүлбиллери»деп бийкарға атамағанының тағы бир дәлийли болып табылады. Соның ушын да бул үш әўлад ўәкиллери нешше әсирлерден мийрас болып киятырған кѳркем ѳнеримиздиң бийбаҳа дүрдана дѳретпелерин шеберлик пенен атқарып, халық пенен жүзбе-жүз ушырасып, бүгинги күни «Әмиў бүлбиллери»не айланды. Биз бул ансамбльдиң келешеги уллы екенлигине беккем исенемиз. Ѳйткени, олар баслаған бул даңқлы жол соңғы буўындағы жас ўәкиллер арқалы келешекте тағы да даўам ете береди. Ақыры, халқымыздың аўызбиршилиги менен елимиздиң тынышлығы бәрқулла усындай ийгиликли ислердиң тырнағын қалаўға хызмет етеди. Кѳркем ѳнер менен қосық кеўилине уялаған қосық сүйер халықтан ҳеш қашан жаманлық шықпайды. Олардың жүрегинде жағымлы намалар менен серхош қосықлар тереңнен урқан атып, халқымызды бәрқулла жақсылыққа ҳәм гѳззаллыққа шақырады. «Гѳззаллық болса дүньяны қутқарады». Ҳәр бир қәдеминен гѳззаллық нур шашып туратуғын «Әмиў бүлбиллери»ниң он жыллығы бәримизге қутлы болсын! Бул он жыллықлардың жаңғырығы елиў, жүз жыллықларға уласа берсин дегимиз келеди!
Мен студияға жетип келген ўақтымда гүмбирлеген шадлы сазлар менен қосықлар ағысында бүлбилзибан қосықшыларымыз студияны тағы да гѳззаллық дүньясына бѳлеп, «Әмиў бүлбиллери»ниң жанға жағымлы намалары кѳклерге пәрўаз әйлемекте еди. Қосық сүйер халқымыздың кеўиллеринде әжайып сезимлер оятатуғын бул намалар менен өзгеше ҳаўазлардың он жыл ишинде басып ѳткен жолының уллылығына ҳеш қандай гүман жоқ еди.
Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
Шайыр, журналист, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери.