Қарақалпақстан хабар агентлиги хабарлайды

Бес шаңараққа жәрдем берилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ басламасы менен басланған “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде Нөкис қаласында гезектеги акция өткерилди.
“Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалыныӊ хызметкерлери қәўендерлер менен биргеликте бес кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған, жәрдемге мүтәж шаӊарақтыӊ ҳал-жағдайынан хабар алды. Илаж даўамында бул шаӊарақларға азық-аўқатлық затлар, қысқы кийим-кеншеклер, балалар ойыншықлары тапсырылды. Соның менен бирге, бир шаңарақтың қызын кәсипке бағдарлаў мақсетинде “PROGRESS UP” оқыў орайында бийпул билим алыўы ушын сертификат тапсырылды.

IT–кәсиплерине таярлаў бағдарламалары

Бизнес ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бағдарында устаханалар қурылып, жоқары айлықлы Кәсиплик билимлендириў устасы лаўазымы енгизиледи.
Жақында улыўма орта билимлендириў орынлары оқыўшыларын шет тиллери ҳәм кәсиплерге оқытыў бойынша қосымша Президент қарары қабыл етилди.
Ҳүжжет пенен, мектеплердиң 10-11-классларында басланғыш оқыў режеси тийкарында оқытыў жолға қойылады. Билимлендириў бағдарламалары 2024-2025-оқыў жылынан басқышпа-басқыш тәжирийбе-сынақ тәризинде әмелге асырылады.
Онда «Пәнлерди тереңлестирип оқытыў» бағдарында оқыў процесин шөлкемлестириўде тийкарғы итибар анық, тәбийғый яки шет тиллери пәнлерине қаратылады. «Бизнес ҳәм кәсип-өнерге оқытыў» бағдары шеңберинде болса оқыўшылар жумысшы яки санлы технологияларға тийисли кәсиплерге оқытылады.
2024−2025-оқыў жылынан басқышпа-басқыш мектеплерде шет тиллерди оқытыўдың жаңа тәртиби енгизиледи. Тийкарынан, 5−9-класс оқыўшыларында базалық билим ҳәм ораторлық көнликпелер қәлиплестириледи.
Мектеплердиң бос орынлары, «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәнигелик» бағдарламасы қатнасыўшыларына әмелий монорайды шөлкемлестириў ҳәм соңынан оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўға ажыратылады. Онда имаратларды тиккелей шәртнама тийкарында бийпул пайдаланыўға бериўге рухсат етиледи.
Кейинги оқыў жылынан баслап шет тиллери бағдарлары бойынша педагогларды таярлайтуғын мәмлекетлик ЖОО студентлериниң мектеплерде педагогикалық әмелияты жолға қойылады.

Өз алдына толқынға ийе болды

2024-жыл 5-февральдан баслап, “Қарақалпақстан” радиоканалы еситтириўлерин өз алдына толқында ҳәм 24 саат даўамында эфирге узата баслады.
– Бүгин тек ғана бизиӊ жәмәәтимиз ушын емес, ал халқымыз ушын да тарийхый күн, – дейди Қарақалпақстан телерадиокомпаниясыныӊ директоры Қуўандық Бекбаўлиев. – Себеби, өзимиз ушын өз алдына толқынға ийе бола алмағанымыз дөретиўши ҳәм техникалық хызметкерлеримиз бенен бирге тыӊлаўшыларымызға да қолайсызлық туўдырып атырған еди. “Қарақалпақстан” радиоканалыныӊ эфирге узатылыўын жақсылаў мақсетинде 661 млн. сум қаржы ажыратылып, Нөкис радиотелестанциясына RT-FMS-2001 маркалы 2,0 кВт қуўатлыққа ийе аналог радиоузатқыш орнатылғаны нәтийжесинде радиоканалымыз 24 саат даўамында эфирге узатылатуғын болды.
Усы күнге шекем “Қарақалпақстан” радиоканалы Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясыныӊ «Жаслар» радиоканалы қурамында эфирге узатылып киятырған болса, ендигиден былай “Қарақалпақстан” радиоканалы еситтириўлери өз алдына 107,8 толқынында эфирге узатыла баслады ҳәм географиялық аймағы да кеӊейди. Жаратылған имканиятлар нәтийжесинде Нөкис қаласы менен бирге Хожели, Кегейли, Нөкис районлары толық ҳәм Шоманай, Шымбай, Әмиўдәрья, Бозатаў районларыныӊ айырым аймақларында “Қарақалпақстан” радиоканалы жаӊлайтуғын болды. Радиотолқынныӊ географиялық қамтыўын кеӊейтиў бағдарындағы жумыслар даўам еттирилмекте.
Ғайрат Отажонов,
“Халқ сўзи”.