Бүгинги турмысымызды компьютерсиз көз алдымызға келтире алмаймыз, олар турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып үлгерген. Ең дәслепки компьютерлер буннан ярым әсир бурын АҚШ та пайда болған. Бул жаңалық математиклер, физиклер ҳәм басқа қәнигелердиң есап–китапларын автоматластырыўға болған зәрүрликлер менен байланыслы еди. Солай етип, ЭЕМ ойлап табылды. Кейин ала, инсанның ең жақын жәрдемшисине айланып үлгерди. Илимде “ақыллы машиналар” деп айтылатуғын компьютер ҳәм уялы телефонлар бүгин оқыйтуғынлардың оқыў қуралы, жумысшылардың жумыс қуралы. Бул ҳеш кимди ҳайран қалдырмайды да. Ҳәтте инсан баласының өмиринде әҳмийетли орын тутады.
Лекин, теңгениң екинши тәрепи болғаны киби, компьютер, ондағы киргизилген дәстүрлерди ким қандай мақсетте пайдаланыўы да ойландырады.
Бүгинги көпшилик мектеп оқыўшылары ҳәттеки оннан үлкенлер де ондағы ойынларға қызығады. Турмыста көпшилик виртуаль әлем арқалы бир-бири менен хабарласып қоймақта. Жанлы сөйлесип, көрисиўден соны қолай көреди.
Әсте ақырын реаль өмир менен бирге параллель дүнья жаратылмақта. Электрон мәнзиллер арқалы адамлар өз хызметлерин жолға қойып атыр. Онлайн базар ҳәм қарыйдарлар бар. Көп ғана жасларымыз IT оқыў орайларында билим алмақта. Онда жаңа дәстүрлеўшилер таярланбақта.
Келешекте информациялық технологиялар өмиримизде еле де көплеў орынды ийелейди. Бул арқалы барлық тараўлар алға илгерилеп, бизге тағы да қолай имканиятлар береди.
Алмахан Мәмбеткаримова,
Нөкис қалалық, 36-санлы мектептиң информатика ҳәм хабар технологиялары пәни муғаллими.
